Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының
Қ А Р А Р Ы
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясының 3-бәнтине ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының 9-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты
ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Төмендегилер:
Бабур Нарбабаевич Исламов он жыл мүддетке;
Әбдурасул Ғаппорович Эранов мүддетсиз ўақытқа Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына сайлансын.
- Сайлаўбай Аманбаевич Мәмбетқәдиров басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилсин.
- Бул Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева
Ташкент қаласы,
2020-жыл 28-февраль