ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ

ҚАРАРЫ

Көп әсирлик бай ҳәм бийтәкирар мәденитямыздың ажыралмас бөлеги болған миллий аяқ ойын көркем өнериниң халқымыз мәнаўиятын, көркем-эстетикалық көзқарасларын раўажландырыў, жас әўладты миллий дәстүрлеримизге ҳүрмет, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Бул болса усы көркем өнерди бүгинги күнде жәмийетимиз турмысының барлық тараўларында жүз берип атырған түпкиликли өзгерислерге сәйкес раўажландырыў, миллий аяқ ойынның түрли бағдарлыры ҳәм үлгилерин, мәмлекетимиздиң түрли регионында қәлиплескен классикалық аяқ ойын мектеплерин қайта тиклеў ҳәм келешек әўладларға мүлтиксиз жеткериў және бул бағдардағы тәлим-тәрбия, үгит-нәсият жумысларын күшейтиўди талап етпекте.

Тек мәмлекетимизде емес, ал дүнья көлеминде де  белгили болған Мукаррама Турғунбоева атындағы «Баҳор» ансамбли өзиниң дерлик 30 жыллық жумысы даўамында өзбек миллий аяқ ойын көркем өнери раўажланыўында өшпес из қалдырғанлығын атап өтиў керек. Бирақ, ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында «Баҳор» ансамблиниң дөретиўшилик жумысы тоқтап қалды.

Усылардың барлығын есапқа алған ҳалда миллий аяқ ойын көркем өнеринде профессионал көркем жәмәәтлердиң жумысын кеңейтиў, талантлы жасларды излеп табыў ҳәм оларды тәрбиялаў, балетмейстерлер ҳәм балет артистлериниң жаңа әўладын қәлиплестиретуғын дөретиўшилик лабораторияларды шөлкемлестириў, олардың билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў, сондай-ақ, өзбек аяқ ойын көркем өнериниң «алтын фонды»н жаратыў ҳәм байытыў, халықаралық абырайын және де арттырыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы, Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Кәсиплик аўкамлары федерациясы кеңесиниң Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанында мәмлекетлик мәкеме түринде «Мукаррама Турғунбоева атындағы «Баҳор» мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли» (кейинги орынларда – Мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли) жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблиниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстанда аяқ ойын көркем өнерин және де раўажландырыў, бул бағдарда қәлиплескен дөретиўшилик мектеплерге тән дәстүрлерди, шебер балетмейстерлер, балет артистлериниң мийрасын тиклеў;

Миллий аяқ ойын көркем өнериниң классикалық ҳәм заманагөй атқарыў үлгилериниң «алтын фонды»н жаратыў;

Халқымыз, атап айтқанда, жас әўладты аяқ ойын көркем өнери ҳаққындағы теориялық ҳәм әмелий билимлер менен кеңнен таныстырыў арқалы олардың қәлби ҳәм сана-сезиминде миллий өзликти аңлаў, ата-бабалар мийрасына ҳүрмет сезимин, жоқары көркем-эстетикалық талғам ҳәм ой-пикирди жетилистириў;

аяқ ойын ҳәм хореография көркем өнери тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириўде қатнасыў, талантлы жас балетмейстерлердиң нәтийжели жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў;

миллий аяқ ойын ҳәм хореография көркем өнери тараўында алып барылып атырған илимий изленислердиң нәтийжелери тийкарында заманагөй аяқ ойын композицияларын сахналастырыў;

миллий аяқ ойын көркем өнерин мәмлекетимизде ҳәм сырт мәмлекетлерде кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблиниң миллий және дүнья халықларының аяқ ойынларынан ибарат бағдарламалары тийкарындағы гастроль-концерт жумысын жолға қойыў.

  1. Төмендегилер:

«Мукаррама Турғунбоева атындағы «Баҳор» мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли» мәмлекетлик мәкемесиниң структурасы 1-қосымшаға;

«Мукаррама Турғунбоева атындағы «Баҳор» мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли» мәмлекетлик мәкемеси жумысын шөлкемлестириў илажлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблиниң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар;

шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

халықаралық финанс институтлары және донор шөлкемлердиң грантлары;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Бунда Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблине Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен қаржылар оның өз дараматлары менен қапланбаған бөлеги ушын ажыратылады.

  1. Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблиниң артистлери және көркем өнер хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1995-жыл 20-октябрьдеги ПП-1280-санлы «Өзбекстанда театр ҳәм музыка көркем өнерин және де раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының әмел етиўи, артистлер және көркем өнер хызметкерлериниң алдынғы жумыс орынларында узақ мүддет хызмет еткени сақлап қалынған ҳалда, енгизилсин.
  2. Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблин сақлаў қәрежетлери 2020-жылда Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигине Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны, 2021-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети шеңберинде нәзерде тутылатуғыны;

Мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли нызам ҳүжжетлери талапларына әмел еткен ҳалда, концерт-тамаша жумысын тийисли лицензия алмастан, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында концерт-тамаша илажларын бир мәртелик рухсатнама алмастан әмелге асырыў ҳуқықына ийе екенлиги;

Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблиниң директоры ҳәм көркемлик жақтан  басшысы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы мәденият министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблине:

2020-жылда Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигине Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан 1 жеңил автотранспорт қуралы ушын қаржы ажыратылыўы;

бюджеттен тысқары қаржылар есабынан 2 автобус ҳәм 1 жүк автотранспорт қуралын сатып алыў және сақлаў ушын лимит белгиленсин.

  1. Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм дөретиўшилердиң социаллық шараятын жақсылаў мақсетинде турақлы тәризде қәўендерлик жәрдемин көрсетиўди нәзерде тутатуғын «Дослар клубы»н шөлкемлестириў бойынша берген усынысына келисим берилсин.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы өз системасы ушын бюджеттен ажыратылған жыллық қаржылар шеңберинде турақлы түрде Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблине «Ташкент радио еситтириў үйин»деги даўыс жазыў студиялары ҳәм техникалық қураллардан тегин пайдаланыў және Мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли тәрепинен атқарылатуғын аяқ ойынларға нама жазылған музыкалық шығармаларды жазып алыў, эфирге шығарыў ҳәм үгит-нәсиятлаўда әмелий жәрдем көрсетсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 10 күн мүддетте Мәмлекетлик аяқ ойын ансамблин жайластырыў ушын имарат ажыратыў, имаратты реконструкциялаў ҳәм зәрүр қураллар менен үскенелеў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Арипов – усы қарардың орынланыўын өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлесин, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин және  муўапықластырсын, ҳәр шеректе олардың басшыларының орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин және анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көрсин;

Өзбекстан Республикасы мәденият министри О.А.Назарбеков – усы қарар ҳәм илажларды орынлаў бойынша барлық илажлар көрилиўин тәмийинлесин, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем берсин және оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары – усы қарар ҳәм илажларда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынлаў бойынша барлық илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры А.К.Кўчимов, Өзбекстан Миллий  телерадиокомпаниясының баслығы ў.а А.Д.Хаджаев – усы қарардың мазмун-мәнисин, әҳмийетин ҳәм мәмлекетимизде миллий аяқ ойын көркем өнерин раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды турақлы сәўлелендирип барсын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 4-февраль