Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Елимизде халық, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың қысқы спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар ҳәм инфраструктура жаратыў, мәмлекет спортшыларының халықаралық майданларда мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, қысқы спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарында бир қатар қосымша илажлар көриў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
Соның ишинде:
орынларда қысқы спорт түрлери бойынша жарыслардың системалы өткерилиўин жолға қойыў, жаслар арасынан қәбилетли спортшыларды таңлап алыўдың (селекция) нәтийжели ҳәм ашық-айдын системасын жаратыў, сайланды командалардың қурамын сапалы қәлиплестириў ушын жоқары маман спортшылар резервиниң таярланыўын тәмийинлеў;
қысқы спорт түрлерин раўажландырыў ушын заманагөй материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын спорт әнжамлары, әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;
қысқы спорт түрлери бойынша жоқары маман кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын жаратыў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында спорт түрлери бойынша заманагөй материаллық-техникалық базасын ҳәм инфраструктурасын жаратыў бойынша мәмлекетлик емес сектор менен өз-ара қатнасықларды жолға қойыў.
Қысқы спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, Өзбекстан спортшыларын халықаралық спорт жарыслары, соның ишинде, Пекин қаласында (Қытай) 2021-жылы болып өтетуғын қысқы Азия ойынлары ҳәм 2022-жылы өткерилетуғын XXIV қысқы Олимпиада ойынларына таярлаў ҳәм усы жарысларда мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан қысқы спорт түрлерин 2020-2023-жылларда раўажландырыў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Бағдарламаны қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде нәзерде тутылатуғын қаржылар;
спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесинде нәзерде тутылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;
Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлар, Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери, қорлар, спорт федерациялары (ассоциациялар), клублар, сырт елли инвесторлар, денетәрбия ҳәм спорт қорларының қаржылары;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 2023-жыл 1-январьға шекем Қысқы спорт түрлери ассоциациясы, Өзбекстан хоккей федерациясы, олардың аймақлық бөлимлери, қысқа спорт түрлери бойынша профессионал клублар ҳәм мәмлекетлик емес балалар спорт мектеплери:
мүлк салығы ҳәм тартылған сырт елли спортшылар ҳәм қәнигелердиң дәраматларына социаллық салық ставкаларын 50 процентке азайтылған ҳалда төлейди;
қысқы спорт түрлери бойынша спорт объектлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын зәрүр болған белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын спорт әсбап-үскенелери , инвентарьлар ҳәм арнаўлы профессионал спорт кийимлери, транспорт қураллары, соның ишинде, арнаўлы транспорт қуралларын алып киргенлиги ушын бажыхана бажы төлеўден азат етиледи.
Усы бәнттиң үшинши абзацындағы жеңиллик ҳәм шәртлер Бағдарлама шеңберинде Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм оның жанындағы шөлкемлер, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине де енгизилетуғыны белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң;
2020 – 2023-жылларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында аймақларда халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй спорт әсбап-үскенелери менен тәмийинленген жеңил конструкциялы жабық муз қапламалы майданларды қурыў;
қысқы спорт түрлери бойынша сырт елли қәниге ҳәм тренерлерди жумысқа тартыў және оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде белгиленген тәртипте хызмет үйлери сыпатында турақ жай ажыратыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында қурылатуғын жабық муз қапламалы майданлардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери мәжбүрий тәртипте Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен келисилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги:
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң бакалавриат тәлим бағдарына 2020/2021-оқыў жылы ушын ажыратылған қабыллаў параметрлерин бағдарлар бойынша бөлистириўде қысқы спорт түрлери ушын орын ажыратылыўын тәмийинлесин;
2020/2021-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт унверситетинде қысқы спорт түрлери кафедрасын шөлкемлестирсин;
Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте 2020-жылдың ақырына шекем Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги «Сертификатластырыў ҳәм компьютерлестириў орайы» мәмлекетлик кәрханасының Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында жайласқан «Бельдерсай» спорт базасында халықаралық ҳәм республикалық дәрежедеги жарысларды өткериў ушын жеңил конструкциялы имарат ҳәм объектлер қурыў, жол-транспорт инфраструктурасын жақсылаў, аспа жолын заманагөй әнжам, әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў жумысларын әмелге асырсын;
Өзбекстан қысқы спорт түрлери ассоциациясы ҳәм Өзбекстан хоккей федерациясы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанында қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қорының сырт елде билим алыў, стажировкадан өтиў ҳәм қәнигелигин арттырыў бағдарламалары бойынша ашық стипендия таңлаўларында қысқы спорт түрлери бойынша профессор-оқытыўшылар қурамы ҳәм тренерлердиң белсене қатнасыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Спорттың қысқы ҳәм қурамалы техникалық түрлери бойынша республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебиниң Ташкент ўәлаяты Бостанлық районы Чимён аўылында жайласқан «Пахтакор» спорт базасын реконструкциялаў жумысларын тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық 2020-2021-жыллар ушын мөлшерленген Өзбекстан Республикасы Инвестициялық бағдарламасын қәлиплестириўде зәрүр орайластырылған капитал қойылмалар лимити белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте Өзбекстанда қысқы спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм усы тараў ушын маман тренерлерди таярлаў машқалаларына бағышланған мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде 2020-2021-жылларға мөлшерленген илимий-әмелий жойбарлар таңлаўын шөлкемлестирсин.
- Қысқы спорт түрлери ассоциациясы, Өзбекстан хоккей федерациясы, олардың аймақлық бөлимлери, қысқы спорт түрлери бойынша профессионал клублар ҳәм мәмлекетлик емес балалар спорт мектеплерине алты айдан көп болған мүддетке дүзилген шәртнамалар тийкарында тартылған сырт елли спортшылар ҳәм қәнигелер Өзбекстан Республикасы салық резиденти деп есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң Ташкент қаласы ҳәкимлиги системасындағы «Дем алыў орны» мәмлекетлик унитар кәрханасының Ташкент ўәлаяты Бостанлық районы Чимён аўылында жайласқан еки аспа жолы ҳәм лыжада ушыў трассасын тийисли аймағы менен биргеликте Спорттың қысқы ҳәм қурамалы техникалық түрлери бойынша республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Ташкент қаласы ҳәкимлиги еки аспа жолы ҳәм лыжада ушыў трассасын белгиленген тәртипте тапсырылыўын, Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги қабыл етип алыўын және олардан нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимов – қысқы спорт түрлери бойынша заманагөй спорт имаратларын қурыў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў илажларын көрсин (соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында), усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды толық және сапалы әмелге асырыўға байланыслы министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырсын, ҳәр айда олардың басшыларының орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;
Өзбекстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министри Д.Ҳ.Набиев – Өзбекстанда қысқы спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын, спорттың усы түрлери бойынша жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес шөлкемлер (федерациялар, асссоциациялар ҳәм басқалар) менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойсын, Бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери – жергиликли ҳәм сырт елли исбилерменлик субъектлерине, шөлкемлерге денетәрбия ҳәм спорт-саламатландырыў комплекслери ҳәм спорт объектлерин қурыў ушын жер участкаларын белгиленген тәртипте ажыратсын, аймақларда қысқы спорт түрлерин раўажландырыў ушын зәрүр илажларды әмелге асырсын;
жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары – Бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында және сапалы әмелге асырсын;
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хаджаев – қысқы спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыўға қаратылған мақалалар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 4-февраль