Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Республикада соңғы жылларда денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, имканиятлары шекленген адамлардың физикалық реабилитациясы ушын зәрүрли шараятларды жаратыў және мәмлекеттиң халықаралық спорт майданларында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, денетәрбия ҳәм спорт тараўында халықтың денсаўлығын беккемлеўге көмеклесетуғын анық бағдарламаларды әмелиятқа енгизиў, жасларды спортқа кең түрде тартыў ҳәм олар арасынан қәбилетли спортшыларды сайлап алыў, спорт түрлери бойынша жоқары нәтийжелерди тәмийинлейтуғын шебер спортшылар менен миллий сайланды командаларды қәлиплестириў және тренерлер ушын қосымша шараятлар жаратыў зәрүрлиги бар.
Мәмлекетте жоқары мәдениятқа ийе болған ҳәр тәреплеме жетик және физикалық жақтан саламат инсанды қәлиплестириў мақсетинде халықтың денетәрбия ҳәм спорт тараўында көнликпе ҳәм билимлерин арттырыўға бағдарланған баслы бағдарларын белгилеў, қәбилетли спортшыларды сайлап алыў (селекция) процесине инновациялық түрлер менен усылларды енгизиў мақсетинде:
- Төмендегилер денетәрбия ҳәм спорт системасын реформалаўдың 2025-жылға шекемги тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланып киятырған халықтың улыўма санын 30 процентке шекем, спорт шөлкемлери ҳәм мәкемелеринде шуғылланып атырған жаслардың улыўма санын 20 процентке шекем көбейтиў;
мәмлекетлик спорт билимлендириўи мәкемелеринде тренер ҳәм қәнигелердиң сапа қурамын, соның ишинде, жоқары мағлыўматлы хызметкерлер санын басқышпа-басқыш 80 процентке шекем жеткериў;
орынларда жаслар арасынан қәбилетли спортшыларды сайлап алыўдың (селекция) нәтийжели ҳәм ашық-айдын төрт басқышлы – шөлкем-район (қала)-аймақ-республика системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги системасындағы спорт мектеплериниң оқыўшы-спортшылары арасында «Балалар спорт ойынлары»н өткериў арқалы қәбилетли спортшыларды анықлаў ҳәм жаслар сайланды командаларына резерв жаратыў және жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында «Студентлер спорт ойынлары»н шөлкемлестириў нәтийжесинде студентлерди спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў;
Халықтың кең қатламлары, соның ишинде, улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында денетәрбиясын ғалаба ен жайдырыў, олардың арасында қәбилетлилерин анықлаў мақсетинде «Улыўма билим бериў мектеп спорты» фестивалы, «Физикалық таярлығы раўажланған мәкеме» таңлаўын басқышпа-басқыш (район/қала, аймақ, республика) өткериў системасын ислеп шығыў ҳәм физикалық таярлық дәрежеси раўажланған ең жақсы улыўма билим бериў мектеби, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемеси номинациясын енгизиў;
2020-жылдан баслап спорт тараўында «Tashkent Marathon» халықаралық марафоны, «Save Aral» халықаралық экомарафоны, авторалли ҳәм мотокросс спорт жарысларын системалы түрде өткериў арқалы спорт туризмин раўажландырыў;
Халықтың барлық қатламлары арасында «Физикалық таярлық дәрежеси» сынақларын өткериўди енгизиў;
Спорт түрлери бойынша сайланды командалар спортшылары ушын илимий-комплексли лабораториялар шөлкемлестириў, таярлық процесине алдынғы инновациялық технологияларды енгизиў және спорт тараўында нәтийжели медициналық ҳәм фармакологиялық тәмийнатты жолға қойыў;
Спорт түрлери бойынша 18 жасқа шекемги болған аймақлық сайланды команда ағзаларын аймақлық балалар көп тармақлы медициналық орайларының өспиримлер бөлимлеринде ҳәм оннан үлкен жастағы аймақлық сайланды команда ағзаларын районлық (қалалық) көп тармақлы орайлық поликлиникаларында турақлы түрде тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерип барыў механизмин енгизиў;
2020-жыл 1-февральдан баслап басқышпа-басқыш олимпиада спорт түрлери бойынша республикалық спорт жарысларында допинг-тест үлгилерин алыў системасын енгизиў;
қысқы Олимпиада спорт түрлери инфраструктурасын жаратыў, усы спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў арқалы профессионал спортшыларды таярлаў системасын жолға қойыў;
Өзбекстан спорт делегацияларын абырайлы спорт жарысларына системалы түрде таярлаў бойынша Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районында Олимпиада таярлық орайын шөлкемлестириў;
Сырт елли спортшы ҳәм ықласбентлерди кеңнен тартыў ҳәм спорт инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде «хоспиталити хызметлери»н жолға қойыў, «Sport Visa» қосымша (электрон емес) кириў визасын енгизиў;
Спорт тараўында жеке меншик сектордың қатнасыўын арттырыў, соның ишинде, спорт шөлкемлеринде мәмлекетлик үлести азайтыў бойынша зәрүрли илажларды белгилеў;
Спорт лотереяларын шөлкемлестириў арқалы спортты қосымша қаржыландырыў системасын кеңейтиў;
ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм Қураллы Күшлер системасындағы билимлендириў мәкемелери, соның ишинде, «Темурбеклер мектеби» оқыўшы-студентлери ушын «Армия ойынлары» бағдарламасына киргизилген спорт түрлери бойынша факультативлик шынығыўлар ҳәм дөгереклердиң жумысларын жолға қойыў;
Физикалық тәрбия-саламатландырыў, спорт объектлери ҳәм мәкемелериниң басқарыў системасына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, соның ишинде, «Sport.uz» мәлимлеме системасы арқалы спорт объектлериниң телекоммуникация тармақларына жалғаныўын тәмийинлеў;
Миллий спорт түлерин раўажландырыў ҳәм ғалабалығын арттырыў, оларды Азия ҳәм Олимпиада ойынлары бағдарламаларына киргизиў бойынша системалы илажларды әмелге асырыў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасында денетәрбия ҳәм спортты 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасында денетәрбия ҳәм спортты 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясының мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасында денетәрбия ҳәм спортты 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясын 2020-жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық;
Республика район (қала)ларын баслы, перспективадағы, раўажланып атырған спорт түрлерине қәнигелестириў дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Концепцияда нәзерде тутылған мақсетли көрсеткишлер ҳәм тийкарғы бағдарлар ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң тийкарланған есаплаўларына муўапық, сондай-ақ, усы илажларды қаржыландырыў ушын ажыратылған бюджет қаржылары шеңберинде Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын «Жол картасы» арқалы басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
ҳәр жылы 1-ноябрьге шекем келеси жыл ушын спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының рсепубликалық календарьлық режеси (кейинги орынларда – республикалық календарьлық режеси) спорт түрлери бойынша федерациялар (ассоциациялар) усынысы тийкарында Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизиледи;
республикалық календарь режесинде белгиленген қәрежетлер қурамында Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети, спорт түрлери бойынша федерациялар (ассоциациялар)дың жумысы менен байланыслы қәрежетлер, сондай-ақ, спортшыларды қамсызландырыў қәрежетлери нәзерде тутыладыҢ
тастыйықланған республикалық календарь режесине тийкарланып аймақлық ҳәм районлық(қалалық) спорт ҳәм ғалаба денетәрбия илажларының календарь режелери тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен ҳәр жылы 1-декабрьге шекем тастыйықланады;
спортшы жасларды таңлаў ҳәм үлкен спортқа талантлы спортшыларды таңлап алыў(селекция), спорт резервин қәлиплестириў системасын жолға қойыў, жаслар арасында спортты оптималластырыўда жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде аймақлардың өзине тән өзгешеликлери, халықтың қызығыўшылығы ҳәм тилек-мақсетлеринен келип шығып, улыўма билимлендириў мектеплери жоқары билимлендириў мәкемелери кеминде биреўден тийкарғы, перспективадағы, раўажланып атырған, соның ишинде, миллий спорт түрлерине қәнигелестириледи;
ишки ислер уйымлары профилактика (үлкен) инспекторларының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшилери бириктирилген аймақларда, соның ишинде, маҳәлле пуқараларының мәжилислеринде халықты, әсиресе, жасларды физикалық тәрбия ҳәм спортқа тартыў бойынша жуўапкер болып белгиленеди.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) ҳәкимлери:
физикалық тәрбия ҳәм спорт мәкемелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың объектлери инфраструктурасын раўажландырыў;
Қарақалпақстан Республикасының бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджети, район (қала) бюджетлери дәраматларының прогноздан арттырып орынланған бөлеги есабынан қаржыларды аймақлық спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларын қосымша қаржыландырыў ушын бағдарлаў;
Республикалық спорт федерациялары (ассоциациялары) менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелерин спорт түрлери бойынша қәнигелестириў, физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў, сондай-ақ, «Физикалық таярлық дәрежеси» сынақларын өткериў, халық ҳәм жаслар арасында бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин ҳәр шеректе додалап барыў;
тийисли аймақта денетәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў ҳәм физикалық тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт шөлкемлериндеги бар машқалаларды сапластырыў бойынша жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер, өз қарамағында болған ямаса тийисли аймақта жайласқан ашық спорт объектлери (стадион, футбол майданы ҳәм басқа спорт объектлери) және дем-алыў бағларында (жеке исбилерменлик субъектлерине тийисли объектлер буған кирмейди) халықтың жуўырыў, жүриў ҳәм денетәрбия түрлери менен бийпул шуғылланыўы ушын шараят жаратсын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң:
министрлик орайлық аппараты структурасындағы денетәрбия ҳәм спорт тараўында мониторинг басқармасы негизинде Ишки аудит ҳәм финанслық қадағалаў басқармасын шөлкемлестириў;
спорт паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў ушын жыйымды пул төлеми әмелге асырылып атырған күндеги базалық есаплаў муғдарының 50 процент муғдарында белгилеў;
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда билимлендириў мәкемелериниң спорт объектлерин, оларды реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша инвестиция миннетлемесин алған ҳалда, оқыў шынығыўларынан бос ўақытта исбилерменлик субъектлерине пайдаланыўға бериў;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда спорт лотереяларын шөлкемлестириў ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен спорт лотереяларын өткериўден алынған дараматтың 10 процентке шекемги бөлегин бюджеттен тысқары «Спорт» арнаўлы есап бети қаржыларын қәлиплестириўдиң қосымша үлгиси етип белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң районлық ҳәм қалалық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, системадағы спорт мектеплерин ҳәм колледжлерин оқыў класс ҳәм лаборатория ханалары және жатақханаларын үскенелеў ушын Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң бюджеттен тысқары «Спорт» арнаўлы есап бетине 2020-жылда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан 50 миллиард сум қаржы ажыратсын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм «Миллий банк» АЖ физикалық тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт объектлерин қурыў жойбарларын қаржыландырыў ушын 200 миллион евро, соның ишинде, 2020-жылда 50 миллион евро муғдарында халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел банклериниң кредит қаржыларын (кейинги орынларда –кредит қаржылары) тартсын.
- Жойбар интакерлерине:
2020-2021-жылларда физикалық тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт объектлерин қурыў ушын ажыратылған коммерциялық банклердиң суммасы 10 миллиард сумнан, процент ставкасы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасының 1,5 есесинен аспайтуғын миллий валютадағы кредитлер ушын – тийкарғы ставкадан асатуғын, бирақ 8 процент пунктинен көп болмаған бөлеги Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен қаплап берилетуғыны;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы жеңилликлер ушын зәрүр болған қаржыларды Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына белгиленген тәртипте ажыратсын;
кредит қаржылары физикалық тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт объектлерин қурыўда инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергияны үнемлеўши ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкциялар ҳәм материаллардан пайдаланыўды нәзерде тутатуғын үлги жойбарларды әмелге асырыў ушын ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Қурылыс министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте жойбарлаў шөлкемлерин тартқан ҳалда бир ай мүддетте алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси, билимлендириў мәкемелери ҳәм басқа да объектлердиң қуўатлылығы және усы статьяда көрсетилген талаплардан келип шығып, ҳәр бир спорт түрлери бойынша қурылатуғын спорт объектлериниң үлги жойбарларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўы тәмийинленсин.
- 2020-жылда халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел банклериниң кредитлери есабынан республика аймақларында физикалық тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт объектлерин қурыў бойынша перспективалы жойбарлардың топланған көрсеткишлери 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди:
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги қурамындағы спорт билимлендириў мәкемелериниң штат бирликлери шеңберинде спорт диетологы, спорт психологи, спорт фармакологи, массажшы ҳәм селекция бойынша тренер лаўазымлары ҳәм республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеплеринде ҳәр бир спорт түри бойынша Бас тренер-селекционер лаўазымын енгизиў;
спорт мәкемелериниң қәрежетлер сметасында нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде спорт таярлығынан өтип атырған оқыўшы-спортшының спорттағы нәтийжелери жақсыланғанда ҳәм ол басқа жоқары дәрежедеги спорт билимлендириў мәкемесине өткерилгенде, оны таярлаған тренерге бир айлық мийнет ҳақы муғдарында бир мәртелик сыйлықлаў пулын төлеў;
спорт мектеплери ерискен нәтийжелерге бола олардың статусын қайта көрип шығыў ҳәм белгилеў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлигиниң 2020-жыл 1-февральдан баслап спорт тараўындағы жетискенликлерди мүнәсип түрде хошаметлеўди нәзерде тутатуғын төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлери бойынша Олимпиада ҳәм Паралимпиада және Азия ҳәм Параазия ойынлары, жәҳән, Азия ҳәм республикалық чемпионатларда кейинги үш жылда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси (1-3-орын) болған спортшы-оқыўшыларды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жоқары билимлендириў мәкемелерине (медицина бағдарынан тысқары) қосымша мәмлекетлик грант тийкарында имтихан сынақларысыз қабыллаў;
б) «Балалар спорт ойынлары»ның командалық ойын түрлери бойынша республикалық басқышы:
жеңимпазларына (1-орын) жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларында тараў бойынша қәнигелик пәнинен максимал балл алыў ҳуқықын беретуғын, үш жыл мүддет даўамында әмел ететуғын сертификат усыныў;
жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин (1-3-орын) таярлаған денетәрбия пәниниң муғаллимлерин республикалық календарь режесинде нәзерде тутылған қаржылар есабынан ийелеген 1-орын ушын мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының – 6 есеси, 2-орын ушын – 4 есеси, 3-орын ушын – 3 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлықлары менен сыйлықлаў;
в) улыўма орта билим бериў мектеплериниң муғаллимлери арасында өткерилетуғын денетәрбия пән олимпиадасының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин (1-3-орын) таярлаған денетәрбия пәниниң муғаллимлери ҳәм спорт билимлендириў мәкемелериниң тренерлери қәнигелик аттестациясына тартылмастан, оларға:
район (қала)лық басқыштың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин (1-3-орын) таярлағаны ушын – екинши қәнигелик категориясын;
ўәлаятлық басқыштың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин (1-3-орын) таярлағаны ушын – биринши қәнигелик категориясын;
республикалық ҳәм халықаралық жарыслардың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин (1-3-орын) таярлағаны ушын – жоқары қәнигелик категориясын тиккелей бериў;
г) олимпиада спорт түрлери бойынша республикалық (1-орын) ҳәм халықаралық жарысларда (Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында, Азия ҳәм Параазия ойынларында, жәҳән чемпионатында ҳәм Азия чемпионатында 1-3-орынлар) жеңимпаз болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерин таярлаған денетәрбия ҳәм спорт бағдарындағы кафедралардың оқытыўшыларына гезектеги илимий атақларды (доцент, профессор) тиккелей бериў.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң:
спорт мектеплериниң оқыў бағдарламаларында оқыў шынығыўлар саатын қысқартыў есабынан усы мектеплердеги тренер-оқытыўшылардың базалық тариф ставкасы ҳәр ҳәптедеги үзликсиз оқыў-шынығыў жумысларының 24 академиялық сааты ушын белгилеў;
басқышпа-басқыш район (қала)лық балалар ҳәм жас өспиримлер мектеплериндеги бас есапшы лаўазымлары есабынан район (қала)лық денетәрбия ҳәм спорт бөлимлеринде орайласқан бухгалтерия хызметин енгизиў ҳәм оған район (қала)лық спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерин қаржыландырыў ушын ажыратылған қаржылардың есабын жүргизиўди жүклеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги системасы басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны шеңберинде, оның аймақлық басқармаларының структурасына қосымша 28 басқарыў хызметкериниң штат бирликлери киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте 2020/2021-оқыў жылына шекем жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбия ҳәм спорт бағдарындағы бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, маманлық илажлары ҳәм пән бағдарламаларын жетилистирсин ҳәм питкериўшилерге денетәрбия оқытыўшысы ҳәм қәнигелескен спорт түри бойынша тренер квалификациясын бериў әмелиятын енгизсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги спорт түрлери бойынша федерациялар (ассоциациялар) менен биргеликте аймақларда қәнигелестирилген район (қала)лық, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерин спорт бағдарлары бойынша зәрүр оқыў әдебиятлары, методикалық қолланбалар ҳәм инструкциялар менен тәмийинлеў бойынша тийисли илажларды көрсин;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм «Миллий банк» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте денетәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт объектлерин қурыў жойбарларын қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт елли банклер тәрепинен ажыратылып атырған кредитлерден пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте 2020-жылдың 1-июнине шекем Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги системасында бирден-бир электрон басқарыў системасын енгизиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Онда мәмлекетлик бюджеттен спорт тараўы ушын, сондай-ақ, спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық ҳәм аймақлық календарь режелери ушын ажыратылатуғын қаржылардың бөлистирилиўи ҳәм жумсалыўының толық қадағалаўын әмелге асырыў, олар бойынша есабатларды қәлиплестириў, спорт мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылар түсимлерин қадағалаў ҳәм жумсалыўының ашық-айдынлығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимов – усы Пәрманның орынланыўын сапалы, толық ҳәм өз ўақтында тәмийинлеў, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин ҳәм муўапықластырсын, ҳәр айда олар басшылардың орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;
Өзбекстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министри Д.Ҳ.Набиев – Концепцияның мақсетли көрсеткишлерине ерисиў, Концепция ҳәм «Жол картасы»н орынлаў бойынша барлық зәрүр илажлардың көрилиўин тәмийинлесин, денетәрбия ҳәм спортты халық, әсиресе, жаслар арасында ғалаба ен жайдырыў бағдарында спорт түрлери бойынша федерациялар (ассоциациялар) менен жақыннан бирге ислессин, тараўда тәсиршен жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестирсин, усы Пәрманда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин және оның орынланыўы бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;
Өзбекстан Республикасы қурылыс министри Б.И.Зокиров – инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергия үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкциялар ҳәм материаллардан спорт заллары (бокс, гүрес, фитнес, гимнастика), футбол, волейбол, баскетбол, бадминтон ҳәм теннис майданларының үлги жойбарлары ислеп шығылыўын ҳәм усы тараўда бар қурылыс нормалары менен стандартлары қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин, сондай-ақ, қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) ҳәкимлери – аймақларды тийкарғы, перспективадағы ҳәм раўажланып атырған спорт түрлерине қәнигелестириў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестирсин, спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине муўапық аймақлық спорт жарысларын толық көлемде қаржыландырыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў бойынша зәрүр илажларды көрсин;
жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары – Концепция ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў, денетәрбия-саламатландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, сондай-ақ, жумысшылар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша барлық илажларды әмелге асырсын;
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры А.К.Кўчимов, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хаджаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң директоры ў.а. К.И.Алламжонов – усы Пәрманның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 24-январь
–0–