Бухара ўәлаяты Пешку районында жасайтуғын пуқара Ўткир Ўринов Өзбекстан Республикасы Президентиниң порталына өзгеше мүрәжат жоллады, деп хабар берди «Xabardor.uz» басылымы.
Ол өз мүрәжатында россиялы UFC чемпионы Ҳабиб Нурмагомедов пенен жекпе-жекке шығыў нийети бар екенлигин жазған.
«Мен Ҳабиб Нурмагомедов пенен жекпе-жекке шықпақшыман. Бул мәселеде ҳеш бир жерге мүрәжат етпедим. Өтиниш, маған усы имканиятты жаратып бериўиңизди сорайман. Ҳабиб чемпионлық белбеўин ҳадаллап алсын. Мени де, Ҳабибти де медициналық тексериўден өткериўиңизди сорайман (Мүрәжат етиўшиниң талабы бойынша жазып алынды)», – деп жазылған мүрәжат текстинде.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.