Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мырза-Улығбек Абдусаломов 23-декабрь күни мәмлекетимиздиң Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына сайлаўлардың дәслепки нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, 22-декабрь күни болып өткен сайлаўларға көрилген қатаң таярлық әҳмийетли сиясий процесстиң нызам талаплары тийкарында, жоқары дәрежеде өтиўин тәмийинледи.
Сиясий процессте ўатанласларымыз өзиниң пуқаралық жуўапкершилиги, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларға қатнасы сезимин белсендилик пенен көрсетти. Соның ишинде, сырт елдеги ўатанласларымыз бенен қосып есаплағанда 13 миллион 963 мың 627 сайлаўшы сайлаўда қатнасты. Бул сайлаўшылардың улыўма санының 67,8 процентин қурады. 150 мың сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў имканиятынан пайдаланды.
Сайлаўларда биринши рет сырт елде жасап атырған барлық ўатанласларымыз ушын даўыс бериў имкнаияты жаратылды. Бурынлары тек консуллық ўәкилханалардан рәсмий дизимнен өткен Өзбекстан пуқаралары ғана сайлаўларда қатнасатуғын еди. Быйыл 40 қа шамалас мәмлекетте шөлкемлестирилген 55 сайлаў учаскасында 112 мың 411 сайлаўшы даўыс берди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 150 сайлаў округиниң 128 нде депутатлар сайланды.
Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан 43, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан 35, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан 21, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан 18, Өзбекстан экологиялық партиясынан 11 депутат сайланды.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине бола, даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбисиниң даўысын, яғный 50 проценттен аслам даўыс жыйнаған талабан депутат етип сайланған, деп есапланады.
Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 22 округте талабанлардың бирде-биреўи де жетерли муғдарда даўыс алалмағаны себепли бул округлерден депутат сайланбады.
Сайлаў кодексиниң 59-статьясына тийкарланып, егер Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаўда сайлаў округи бойынша екеўден аслам талабан қойылған болса-да, олардан ҳеш бири сайланбаса, округлик сайлаў комиссиясы ең көп даўыс алған еки талабан бойынша округте қайта даўыс бериўди өткериў ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм бул ҳаққында тийисли сайлаў комиссиясын ҳәм округ сайлаўшыларын хабардар етеди. Қайтадан даўыс бериў еки ҳәптелик мүддетте өткериледи.
Мәлимлемеде атап өтилиўинше, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына өткерилген сайлаў бойынша сайлаўға байланыслы нызамшылық талаплары қопал тәризде бузылған жағдайлар ҳаққында хабар ҳәм мағлыўматлар түспеген. Орайлық сайлаў комиссиясына сайлаўшылар ҳәм социаллық тармақлардан сайлаўларды өткериў процесине байланыслы жағдайлар бойынша бир неше мүрәжат, арза ҳәм шағымлар, сондай-ақ, нызам бузылыўына байланыслы мағлыўматлар келип түсти. Олардың ҳәммесин нызамда көрсетилген мүддет ҳәм тәртипте көрип шығыў және шешиў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.
Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының атап өткениндей, дәслепки таллаўлар сайлаў кампаниясында бир қатар кемшиликлер бақланғанын да көрсеткен.
Соның ишинде, Ташкент қаласында даўыс бериўде сайлаўшылардың басқа ўәлаятлардағы сайлаўшылардың санына қарағанда төмен екенлиги бақланды. Бул болса көпшилик ири қалалардың халқына тән тенденция болып есапланады.
Айырым сайлаў участкаларында «шаңарақ ағзалары менен бирге даўыс бериў» жағдайлары анықланған. Сайлаў бюллетеньлерине сайлаўшылар тәрепинен қойылған қолтаңбасының уқсаслығы, айырым аймақларда даўыс бериў күни электр энергиясындағы үзилислер себепли Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизим системасынан пайдаланыўдың имканияты шекленгени бақланған.
Бар кемшиликлер келеси сайлаўларда, әлбетте, итибарға алынып, система және де жетилистирилетуғыны айтылды.
ӨзА