Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өткен жыллар даўамында мәмлекетимизде қала ҳәм аўыллық елатлы пунктлеринде замангөй архитектуралық көринисти қәлиплестириў, қурылысты жеделлестириў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды ҳәм қурылыс тараўында мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжели механизми енгизилди.
Соның менен бирге, таллаўлардың нәтийжелери қурылыс тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеўде бир қатар кемшиликлер бар екенлигин көрсетти. Соның ишинде, мәпдар шахслар ҳәм жәмийетшилик қурылыс жумысларының барысын бақлаў имканиятына ийе емес, қаржылардан надурыс пайдаланыў, объектлерди өз ўақтында тапсырмаў, қурылыста сапасы төмен материаллардан пайдаланыў, қурылыс жумысларына тараўдың қәнигеси болмаған хызметкерлерди тартыў қурылыс жумысларының сапасыз болып орынланыўына алып келмекте, республика бюджети қаржылары, мақсетли қорлар ҳәм буйыртпашылардың артықша қәрежетлерине себеп болмақта.
Қурылыс министрлиги материаллық-техникалық базасының талап дәрежесинде емес екенлиги қурылыс тараўындағы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў мүддетлериниң бузылыўына, орынлардағы қурылыс басқармалары ҳәм бөлимлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге тосқынлық етпекте.
Қурылыс тараўында коррупциялық ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы қурылыс процесслериниң барлық басқышында жәмийетшилик ушын ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги және Қурылыс министрлигиниң:
Қурылыс министрлигиниң жумысына «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм оны 2020-жыл 1-июньға шекем Ташкент ўалятында орайластырылған қаржыландырыў дәреклерине, соның ишинде, инвестициялық жойбарлар есабынан қаржыландырылатуғын объектлердиң (кейинги орынларда – объектлер) қурылыс процесинде тәжирийбе түринде иске қосыў;
тәжирийбе нәтийжелерине бола «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасын 2021-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында реал ўақыт режиминде ислеўин тәмийинлеў;
б) Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң 2020-жыл 1-мартқа шекем қала қурылысы кадастрын жүргизиў және қала қурылысы ҳүжжетлери ҳәм мағлыўматларын жәмийетшиликке онлайн режимде усыныў имканиятын беретуғын «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қала қурылысы кадастры»географиялық мәлимлеме системасы (геопортал)ын ислеп шығыў ҳәм тест режиминде иске түсириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Төмендегилер «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
объектлердиң мәнзилли бағдарламасы, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ислеп шығылған объектлердиң жыллық мәнзилли дизими қәлиплестирилиўин, мағлыўматлар базасын жаңа қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оңлаў объектлери бойынша түрлерге бөлип жүргизилиўин тәмийинлеў;
объектлердиң жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерин ислеп шығыўда аймақлық бирден-бир буйыртпашы хызмети инжиниринг компаниялары тәрепинен жойбаралды жумысларының әмелге асырылыўы, буйыртпашы менен жойбарлаў шөлкеми арасында шәртнама дүзилиўи ҳәм аванс қаржыларының ажыратылыўы және жумыслардың тамамланғанлығы ҳаққындағы анық ҳәм исенимли мағлыўматлардың турақлы электрон базаға киргизилип барылыўын ҳәм жүргизилиўин тәмийинлеў;
жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўде буйыртпашы ҳәм экспертиза шөлкеми арасында дүзилген шәртнамалар, көрсетилген хызметлердиң қаржыландырылғанлығы, тамамланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң экспертизадан өткерилгенлигине байланыслы электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
объектлердиң қурылысын қаржыландырыўда жумысты бөлип алып ислеўши менен буйыртпашы арасында шәртнамаға қол қойылғанлығы ҳәм аванс қаржыларының төленгени, айма-ай орынланған жумыслардың есабын жүргизиў ҳәм орынланған жумысларға теңдей түрде қаржыландырылғанлығы ҳаққындағы анық ҳәм исенимли мағлыўматлардың электрон базасын қәлиплестириў;
объектлердиң қурылысында қатнасып атырған барлық жумысты бөлип алып ислеўшилер ҳәм жәрдемши бөлип алып ислеўшилер ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў, орынланған жумыс көлемлери тийкарында төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыў, олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыс түрлери бойынша мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў;
объектлердеги қурылыс процесслерин бақлаў ҳәм мониторинг етиўде оларды дизимге алыў, қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциялары тәрепинен әмелге асырылып атырған қадағалаў тексериўлерин ҳәм көрсетип өтилген кемшиликлерди белгилеў, оларды сапластырыў бойынша мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасы және «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қала қурылысы кадастры» географиялық мәлимлеме системасы (геопортал)нан пайдаланыў регламенти жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин;
2020-жыл 1-январьға шекем «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша концепция ҳәм техникалық тапсырма ислеп шықсын;
«Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасын ҳәм «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қала қурылысы кадастры» географиялық мәлимлеме системасы (геопортал)ның белгиленген мүддетлерде иске түрисилиўин тәмийинлесин;
«Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасын уйымлараралық мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары, соның ишинде, «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қала қурылысы кадастры» географиялық мәлимлеме системасы (геопортал) менен интеграциялаў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- Қурылыс тараўында «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет ететуғын мәлимлеме системаларының енгизилиўин муўапықластырыў бойынша комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 1-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
Қурылыс тараўында «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыў бойынша илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги системасында коррупцияға қарсы гүресиў илажларын күшейтиўге қаратылған нәтийжели «Орынланыўы бойынша қадағалаў» (compliance control) системасы енгизилиўин тәмийинлеў;
қурылыс тараўына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер және қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары жойбарларында коррупцияға байланыслы жағдайларды келтирип шығаратуғын нормаларды анықлаў бойынша коррупцияға қарсы экспертиза өткерилиўин шөлкемлестириў;
«Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасы және «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қала қурылысы кадастры» географиялық мәлимлеме системасы (геопортал)ын ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша илажлар режелериниң тастыйықланыўын тәмийинлеў, бул системалардың белгиленген мүддетлерде иске түсирилиўин қадағалаў;
қурылыс тараўына мәлимлеме системаларын енгизиў арқалы коррупция, бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм системалы машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
қурылыс тараўының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде қурылыс тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша бағдарламалардың ислеп шығылыўын шөлкемлестириў ҳәм олардың белгиленген мүддетлерде орынланыўын мониторинг етиў;
қурылыс тараўына мәлимлеме системаларының енгизиўде жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм бирге ислесиўин тәмийинлеў;
енгизилип атырған мәлимлеме системаларын орынларда нәтийжели ислеўин ҳәм қолланылыўының бирден-бир әмелиятын тәмийинлеў;
қурылыс тараўына мәлимлеме технологияларының енгизилиўи, соның ишинде, олардың коррупция ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға болған тәсири бойынша мағлыўматлардың кең жәмийетшиликке жеткерилиўин тәмийинлеў.
Комиссия жумысының нәтийжелери, соның ишинде, мәлимлеме системаларын енгизиў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәр шеректиң жуўмақларына бола мәлимлеме киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң мәмлекетлик мәкеме түриндеги Қурылыс тараўында мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
автоматластырылған мәлимлеме системалары, мәлимлеме ресурслары ҳәм мағлыўматлар базаларын жаратыў, раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, қурылыс тараўында мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў;
«Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасын жүргизиў ҳәм қоллап-қуўатлаў;
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм зәрүр бағдарламалық өнимлерди ислеп шығыў;
орайластырылған қаржыландырыў дәреклеринен, соның ишинде, инвестициялық жойбарлардың есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларда қурылыс процесин мониторинг етиўди жолға қойыў;
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң мәлимлеме системалары, ресурслары ҳәм мағлыўматлар базаларын жаңалап барыў илажларын көриў, олардың басқа да мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграциясын тәмийинлеў;
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги мәлимлеме қәўипсизлигине болған қәўиплерди өз ўақтында анықлаў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўин қадағалаў ҳәм мониторингин әмелге асырыў, мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базаларында мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша техникалық инфраструктураны енгизиў ҳәм раўажландырыў;
мәлимлеме системалары, ресурслары ҳәм мағлыўматлар базаларынан пайдаланыў және мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қурылыс тараўында қатнасатуғын уйымлар хызметкерлериниң билим ҳәм көнликпелерин асырыў бойынша комплексли илажларды әмелге арттырыў;
ҳәр қыйлы мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базаларында мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги бирден-бир серверин шөлкемлестириў. жүргизиў ҳәм раўажландырыў.
- Төмендегилер Орайдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;
тийкарғы жумыстан алынған дәраматлар;
халықаралық финанс институтларының грантлары;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Сондай тәртип белгиленсин, оған бола 2020-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасы, аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар ҳәм қалаларда арзан көп квартиралы жайлар қурыў бағдарламалары ҳәм қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламалары шеңберинде жәми қурылыс қәрежетлериниң 0,05 проценти муғдарындағы қаржылар «Ашық қурылыс» милий мәлимлеме системасын ислеп шығыў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў бойынша смета қәрежетлеринде нәзерде тутылады және буйыртпашылар тәрепинен Орайдың есап бетине өткериледи.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң мәлимлеме –коммуникация инфраструктурасын модернизациялаў ушын сатып алынатуғын компьютер техникасы, сервер қурылмалары, коммуникациялық үскенелер ҳәм бағдарламалық тәмийнат дизими 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары және мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары өзлериниң уйымлық мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасына интеграцияланыўын ҳәм реал ўақыт режиминде үзликсиз ислеўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги қала қурылысының нормалары ҳәм қағыйдаларындағы буйыртпашының басқа да қәрежетлери сыпатламасына «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасының тийкарғы ўазыйпаларын орынлаў және объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў жағынан мониторинг алып барыў бойынша белгиленген тәртипте өзгерислер киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
Қурылыс министрлигиниң 2020-жылда усы қарарды әмелге асырыў шеңбериндеги қәрежетлери ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери шеңберинде қаржылар ажыратсын ҳәм 2020-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;
2020-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен Қурылыс министрлигине қаржылардың ажыратылыў процесинде 2-қосымшаға муўапық мәлимлеме-коммуникация технологиялары инфраструкутасын жаңалаў ушын зәрүр үскенелерди сатып алыўды итибарға алсын.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 20-сентябрь