Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өткен дәўир даўамында архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында зәрүр инфраструктура жаратылды, архив ҳүжжетлерин жыйнаў, есапқа алыў, сақлаў және олардан пайдаланыўда унамлы нәтийжелерге ерисилди ҳәм анық интеллектуаллық ҳәм технологиялық потенциал қәлиплестирилди. Миллий архив фонды Өзбекстан халқының материаллық ҳәм руўхый турмысын сәўлелендирген, тарийхый, илимий ҳәм мәдений әҳмийетке ийе болған архив ҳүжжетлер менен байытылды.
Соның менен бирге, таллаў ҳәм үйрениў нәтийжелери архив иси және ис жүргизиў тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, мәмлекетлик архивлердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў, архив ҳүжжетлерин жыйнаў, мәмлекетлик есапқа алыў, сақлаў ҳәм оннан пайдаланыўдың заманагөй механизмлерин қолланыў зәрүрлиги бар екенлигинен дәрек бермекте.
Өзбекстан Республикасында архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында мәмлекетлик басқарыў ҳәм қадағалаўды жетилистириў, қағаз формасындағы, кино, фото ҳәм фоно ҳүжжетлерди цифрластырыўды және де жеделлестириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- 1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Өзархив» агентлиги негизинде Өзбекстан Республикасы «Өзархив» агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) шөлкемлестирилсин.
- 2. 2020-жыл 1-январьдан мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, мүлкшилик түрлерине қарамастан кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң жумысында қәлиплесетуғын басқарыў (ис жүргизиў)ға байланыслы, илимий-техникалық ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң архив сақлаўына тапсырылыўында ҳәм орнатылған тәртипте жоқ етилиўинде олардың электрон ҳәм Миллий архив фондының мәмлекетке тийисли бөлеги ҳүжжетлериниң қамсызландырыў көширмелери талап етилетуғыны белгиленсин.
- 3. Агентлик:
а) 2020-жыл 1-июньға шекем Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте мәмлекетлик архивлерде сақланып атырған тарийхый дәўир (1917-жылға шекем) архив ҳүжжетлерин орнатылған тәртипте қупиялылықтан шығарыў бойынша илажларды көрсин;
б) 2020-жыл 1-июньға шекем Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте төмендеги мәмлекетлик хызметлерди Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилиўин енгизсин:
оқығанын тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматын бериў;
мийнет стажын тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматын бериў;
мийнет ҳақыны тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматын бериў;
араб әлипбесинде жаратылған түркий, парсы ҳәм арабша ҳүжжетлердеги мәлимлемелер бойынша аннотациялық мағлыўматларды таярлап бериў;
архив ҳүжжетлери, китаплар ҳәм қолжазбаларды цифрластырыў (электрон көширме алыў);
в) үш ай мүддетте:
турақлы сақлаўға алынатуғын ҳүжжетлердиң қурамын оптимизациялаў;
Миллий архив фондының мәмлекетке тийисли бөлегин турақлы сақлаў ҳуқықы берилген министрликлер, уйымлар, тармақ мәмлекетлик фондлар ҳәм шөлкемлердиң дизимин қысқартыў;
архив иси процесслерин толық қамтып алыўшы ҳәм интерактив излеў имканиятлары бар болған «Архив иси» бирден-бир мәлимлеме системасын жаратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
г) 2021-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик архивлерде сақланып атырған фондларды хатлаўдан өткерип, олар ҳаққында тийисли мағлыўматларды қамтып алған мағлыўматлар базасын жаратсын.
Усы бәнтте көрсетилген архив мағлыўматларын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетилгенлиги ушын жыйым өндирилмейтуғыны белгиленсин.
- 4. Агентликтиң 2020-жыл 1-январьдан баслап архив иси тараўындағы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў мүддетлерин қосымшаға муўапық қысқартыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 5. Агентлик архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Өзархив» агентлигиниң барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;
Агентлик директоры Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;
Агентлик директорының орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;
Агентликтиң директоры ҳәм оның орынбасарлары мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятлары бойынша тийисли түрде министрдиң биринши орынбасары ҳәм министрдиң орынбасарына теңлестирилетуғыны;
Агентликтиң аймақлық архив иси басқармалары баслықларын лаўазымға тайынлаў Агентлик директоры тәрепинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 6. Төмендегилер дүзилсин:
Өзбекстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архиви негизинде Өзбекстан Миллий архиви;
Өзбекстан Республикасы Кинофотофоно ҳүжжетлери орайлық мәмлекетлик архиви негизинде Өзбекстан Кинофотофоно ҳүжжетлер миллий архиви;
Өзбекстан Республикасы Илимий-техникалық ҳәм медициналық ҳүжжетлери орайлық мәмлекетлик архиви негизинде Өзбекстан Илимий-техникалық ҳәм медициналық миллий архиви;
Ташкент қалалық мәмлекетлик архиви негизинде Ташкент қалалық орайлық мәмлекетлик архиви;
Агентлик жанында мәкеме түринде Архив иси ҳәм ис жүргизиў бойынша қәнигелигин арттырыў илимий-методикалық орайы;
Агентлик жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Архив исин раўажландырыў қоры.
Өзбекстан Миллий архиви Өзбекстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архивиниң, Өзбекстан Кинофотофоно ҳүжжетлери миллий архиви Өзбекстан Республикасы Кинофотофоно ҳүжжетлери орайлық мәмлекетлик архивиниң, Өзбекстан Илимий-техникалық ҳәм медициналық ҳүжжетлер миллий архиви Өзбекстан Республикасы Илимий-техникалық ҳәм медициналық ҳүжжетлер орайлық мәмлекетлик архивиниң, Ташкент қалалық орайлық мәмлекетлик архиви Ташкент қалалық мәмлекетлик архивиниң ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- 7. Төмендегилер архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
архив иси ҳәм ис жүргизиў жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын жеделлик пенен енгизиў, Өзбекстан Республикасы Миллий архив фонды ҳүжжетлерин басқышпа-басқышпа цифрластырыў ҳәм қамсызландырыў көширмелерин жаратыў;
архив ҳүжжетлерин қупиялылықтан шығарыў жумысларын жеделлестириў арқалы архив мәлимлемелеринен пайдаланыўшылар санын кеңейтиў;
архив хызметлерин басқышпа-басқыш Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилиўин шөлкемлестириў;
архивлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм инфраструктурасын буннан былай да модернизациялаў, архив ҳүжжетлерин жыйнаў, мәмлекетлик есапқа алыў, сақлаў және олардан пайдаланыўдың заманагөй усылларын енгизиў;
архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўындағы хызметкерлерди таңлаў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың алдынғы ҳәм ашық-айдын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин енгизиў жолы менен кадрлар сиясатын қәлиплестириўдиң заманагөй принциплерин енгизиў;
тараў хызметкерлерин материаллық хошаметлеўди жақсылаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;
архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында мәмлекетлик басқарыўды әмелге асырыўдың алдынғы ҳәм ашық-айдын механизмлерин ислеп шығыў және енгизиў.
- 8. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери 2020-жыл 1-мартқа шекем республика қалалары ҳәм районлары ҳәкимликлери тәрепинен дүзилген жеке қурам бойынша уйымлараралық архивлерди Агентликтиң уйымлық бойсыныўына өткерсин ҳәм олардың негизинде жеке қурам ҳүжжетлери мәмлекетлик архивлерин шөлкемлестирсин.
жеке қурам ҳүжжетлери мәмлекетлик архивлериниң жумысын қаржыландырыў:
хожалық жумысын әмелге асырыўдан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден алынатуғын дәраматлар;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;
халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлердиң грантлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 9. Агентлик 2023-жыл 1-январьға шекем басқышпа-басқыш мәмлекетлик архивлер сақлаўында болған жеке қурам ҳүжжетлерин жеке қурам ҳүжжетлери мәмлекетлик архивлерине өткериў илажларын көрсин.
- 1 Агентлик:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери, сондай-ақ, реконструкцияланыўы ҳәм ири оңлаўдан шығарылыўы керек болған мәмлекетлик архивлердиң пайдаланылмай атырған имарат ҳәм объектлерин хатлаўдан өткерип, олардың дизимин дүзсин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен биргеликте 2020-жыл 1-июньға шекем жеке қурам бойынша мәмлекетлик архивлерди мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы жеке қурам ҳүжжетлерин архивлерге айландырыў илажларын көрип шықсын.
- 11. Агентлик бир ай мүддетте:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
Агентликтиң жумысын жетилистириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин.
- 12. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 20-сентябрь