Ҳәзирги пайытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында жаңа редакциядағы «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызам жойбары қызғын додаланбақта. Усы жыл 11-сентябрь күни НМПИ жанындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында усы мәселелерге байланыслы мәжилис болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы билимлендириў мәкемелериниң басшылары, орай қәнигелери қатнасты.

Онда депутатлар З.Ханиязов, Қ.Бабашев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жаңа редакциядағы нызам жойбарының бүгинги билимлендириў тараўындағы әҳмийети, оның өзгешелиги туўралы кең түрде мағлыўмат берди. Президентимиздиң басшылығында усы жыл 23-август күни халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың тәжирийбесин арттырыў, олардың жәмийеттеги абырайын, жас әўладтың руўхый санасын жоқарылатыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги баянатынан келип шығатуғын ўазыйпалар туўралы пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, елимизде Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, билимлендириў системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ турмыслық тәжирийбелерден көрип турғанымыздай, машқалалар менен кемшиликлер де аз емес. Мәселен, муғаллимге болған мүнәсибет, сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларының мазмун-мәниси, сапасы, ата-ананың бала тәрбиясындағы жуўапкершилигине байланыслы мәселелер бар болып, олар елимиздиң тағдирине бийпәрўа болмаған ҳәр қандай адамды бийпарық қалдырмайды.

Бүгинги күнде елимиз халқының 60 проценттен асламы 30 жасқа шекемги жаслар болғанлығы себепли, оны көз қарашығындай қәстерлеп-сақлаў да аңсатлық пенен болмайды. Сонлықтан Президентимиз усы мәселени мәмлекеттиң ең әҳмийетли ўазыйпасы дәрежесине көтермекте.

Әмелдеги «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилгенине 22 жыл болды. Ондағы нормалар жаңа заманагөй өзгерислерге жуўап бермегени себепли, елимиз басшысы тәрепинен усы нызамды жаңа редакцияда таярлаў ҳәм қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Соннан келип шығып, жаңа редакциядағы «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызам жойбары таярланып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизилди. Бул жойбар соңғы еки жыл ишинде билимлендириў тараўындағы унамлы өзгерислерди қамтып алғаны менен әҳмийетли. Онда билимлендириў тараўында көп қоланылатуғын «Билимлендириў шөлкеми», «Мәмлекетлик аккредитация», «Инклюзив билимлендириў», «Еки тәреплеме диплом (“Double diploma”)» сыяқлы түсиниклерге тоқтап өтилди.

Сондай-ақ, жаңа нызам жойбарында билимлендириў мәкемесиниң ҳуқықый статусы, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў ҳәм жумысын лицензиялаўға байланыслы тәртип-қағыйдалар, билимлендириў тараўында эксперименталлық, инновациялық жумыс пенен байланыслы нормалар да белгиленген.

– Бүгинги мәжилисте нызам жойбары туўралы көплеген тәжирийбели педагогларымыз тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди,-дейди НМПИ жанындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының доценти Т.Қаллыбеков. – Мен де жойбардың репетиторлық (жеке педагогикалық жумыс пенен шуғылланыў) бойынша мәселелер нызамға киргизилгени туўралы пикирлеримди билдирдим.

Усы мәселелердиң депутатлар тәрепинен халық арасында, әсиресе, усы тараўдағы муғаллим қәнигелер менен додаланыўы, биз педагогларды қуўантпақта. Жаңа нызам жойбары белгиленген мүддетте, халық тәрепинен билдирилген унамлы пикирлер менен толықтырылып, жақын арада қабыл етилип елимиздиң келешеги болған жасларымыздың жақсы билим алыўы ушын хызмет етеди, деп исенемиз.

Мәжилисте жаңа нызам жойбары бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.