Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жылларда мәмлекетимизде нотариат институтының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў ҳәм нотариал уйымлар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ҳуқықый хызмет көрсетиў сапасының дәрежесин арттырыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, нотариал хызметлер көрсетиўдиң оперативлигин арттырыў, пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларда, соның ишинде, жеке меншик мүлк ийелери өзлериниң мүлкин еркин түрде басқарыўы ҳәм оннан пайдаланыўында артықша бюрократлық тосқынлықлар ҳәм иркиниш жасаўларды алып таслаў және тараўды цифрластырыў бойынша бир қатар мақсетли ўазыйпаларды әмелге асырыў заман талапларынан бири болып келмекте.

Нотариат институтын цифрластырылған модельге өткериў, нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў процесслерин түп-тийкарынан әпиўайыластырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып:

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нотариат тараўын тәртипке салыў мақсетинде «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасы жаратылғанлығы ҳәм онда төмендеги имканиятлар бар екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

барлық нотариал ҳәрекетлерди мәлимлеме системасы арқалы онлайн тәризде мониторинг етиў, нызамсыз ис-ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм пуқаралардың шахсын анықлаўда заманагөй тексериў усылларынан пайдаланыў;

нотариал ҳәрекетлерди мәлимлеме системасында мәжбүрий дизимге алыў ҳәм ҳәр бир ҳүжжетке қайталанбайтуғын арнаўлы сан бериў, сол арқалы қәте-кемшиликлердиң алдын алыў;

орынланған нотариал ҳәрекетлерди бирден-бир электрон базада дизимге алыў, жалған нотариал ҳүжжетлердиң рәсмийлестирилиўине жол қоймаў ҳәм ҳүжжетлер ҳаққындағы мағлыўматлар тарийхын сақлаў;

мәмлекеттиң пүткил аймағы бойлап экстерриториаллық принципи тийкарында нотариал хызметлерди көрсетиўдиң сапасы ҳәм оперативлиги, хызметкерлер тәрепинен өзиниң функционаллық ўазыйпаларының керекли дәрежеде орынланыўы үстинен аралықтан турып қадағалаў;

нотариал ҳәрекетлер ушын төлемлерди автоматластырылған тәризде есаплаў ҳәм электрон төлемлерди өткериў, оларды тастыйықлайтуғын хабарларды жибериў ҳәм уйымлараралық электрон мәлимлеме алмасыў.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги нотариал жумыс ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў, оларды улыўмаластырыў процесслерин комплексли автоматластырыў ҳәм нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда тийисли мәмлекетлик уйымлар менен мәлимлеме бирге ислесиўиниң барлық түрлерин тәмийинлеў мақсетинде «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасын техникалық жақтан тәмийинлеў ҳәм жүргизиўге жуўапкер уйым етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Экономика ҳәм санаат министрлигиниң 2020-жыл 1-январьдан мәмлекетлик нотариал уйымларды басқышпа-басқыш мәмлекетлик емес нотариал уйымлар етип қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

мәмлекетлик нотариал уйымларды мәмлекетлик емес нотариал уйымлар етип қайта шөлкемлестириў әдиллик уйымларында мәмлекетлик емес нотариал уйымларды дизимнен өткериў, сондай-ақ, жумыс алып барып атырған нотариусларға олардың арзаларына тийкарланып нотариал жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықын бериўши лицензия бериў арқалы әмелге асырылатуғыны;

тийисли нотариал округте нызам ҳүжжетлерине муўапық жетерли муғдардағы мәмлекетлик емес нотариал уйымлар шөлкемлестирилгенине шекем мәмлекетлик нотариал уйымлар өз жумысын даўам еттиретуғыны;

нотариус өзиниң кәсиплик миннетлемелерин бузыўы ақыбетинде жеткерилетуғын зыяннан физикалық ҳәм юридикалық шахсларды қорғаў мақсетинде мәмлекетлик емес нотариал уйымлар нотариусларының пуқаралық жуўапкершилиги қамсызландырылатуғыны;

мәмлекетлик емес нотариал уйымларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм нотариат жумыс пенен  шуғылланыў ҳуқықы ушын лицензия бериў әдиллик уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер мәмлекетлик емес нотариал уймылардың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырғанлығы ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы суммасының Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген муғдарда мәмлекетлик емес нотариал уйымларда қалатуғын бөлеги;

ҳуқықый ҳәм техникалық түрдеги қосымша ҳәрекетлерди әмелге асырылғанлығы, сондай-ақ, нотариаттың белсенди модели шеңберинде хызметлерди көрсеткенлиги ушын алынатуғын төлемлер;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң барлық нотариал уйымлар нотариусларының ағзалығына тийкарланған Өзбекстан Нотариал палатасын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Төмендегилер Өзбекстан Нотариал палатасының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

нотариал уйымлардың жумысын муўапықластырып барыў, нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў ҳәм нызам ҳүжжетлериниң бир түрде қолланылыўын тәмийинлеўге байланыслы усыныслар ислеп шығыў;

келиспеўшиликлердиң алдын алыўшы институт сыпатында нотариат ролин беккемлеў, нотариуслық кәсиптиң абырайын арттырыў, сондай-ақ, нотариуслардың кәсиплик таярлығы ҳәм қәнигелиги арттырылыўын ҳәм олардың пуқаралық жуўапкершилиги мәжбүрий қамсызландырылыўын шөлкемлестириў;

бирден-бир нотариал әмелиятты тәмийинлеў илажларын көриў, нотариал уйымлардың жумысы ҳаққындағы статистикалық мағлыўматларды жыйнаў ҳәм үйрениў, унамлы жумыс тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў ҳәм нотариусларға методикалық жәрдем көрсетиў;

халықтың ҳуқықый билимлери ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған ҳуқықый үгит-нәсият илажларын әмелге асырыў;

мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер менен қатнасықларда, судта ҳәм басқа да жағдайларда нотариуслардың ҳуқықлары және нызамлы мәплерин сәўлелендириў ҳәм қорғаў;

нотариуслар тәрепинен нызам ҳүжжетлерине, кәсиплик этикасының қағыйдалары ҳәм кәсиплик миннетлемелерине әмел етилиўи үстинен мониторингин әмелге асырыў және олардың кәсибине ылайықлығы мәселесин көрип шығыў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық әдиллик басқармалары жанындағы қәнигелик комиссияларына усыныс киргизиў.

  1. Өзбекстан Нотариал палатасы:

нотариал уйымлардың нотариусларын бирлестириўши республикалық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем болып есапланатуғыны;

нотариуслардың нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылатуғын жумысына араласпаў принципи тийкарында жумыс алып баратуғыны;

нотариуслардың кириў ҳәм ағзалық төлемлери және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте:

мәмлекетлик емес нотариал уйымлардың нотариуслары тәрепинен лицензия талаплары ҳәм шәртлерине әмел етилиўи үстинен системалы ҳәм қатаң қадағалаў орнатсын;

үш ай мүддетте усы Пәрманның талапларынан келип шығып ҳәм мәмлекетлик емес нотариал уйымлардың жумысын ҳәр тәреплеме тәртипке салыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Нотариат ҳаққында»ғы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. 2019-2021-жылларда Нотариат институтын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2020-жыл 1-январьдан мүлкке байланыслы келисимлерди рәсмийлестриўде төмендеги талаплар бийкар етилсин:

қурылысы жуўмақланбаған турақ-жайларды басқа  шахсқа өткериўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының рухсатын алыў;

қәўендерликтеги шахстың атынан мүлклерди ижара (аренда)ға бериўде қәўендерлик уйымларының рухсатын алыў (бул ҳаққында қәўендерлик уйымларын хабардар етиў шәрти менен).

  1. Төмендеги келисимлерди мәжбүрий нотариал тастыйықлаў тәртиби бийкар етилсин:

2019-жыл 1-октябрьден – транспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полисинде көрсетилген транспорт қуралы ийесиниң жақын туўысқанлары (ата-ана, ерли-зайып, балалар, аға-инилер, апа-сиңиллер) арасында транспорт қуралынан пайдаланыў ҳәм басқарыў ҳаққындағы исеним хатын;

2020-жыл 1-январьдан – юридикалық шахслардың, атап айтқанда, банк ҳәм басқа да кредит шөлкемлериниң кәрхананы ижара ҳәм бийпул пайдаланыўға бериў ҳәм бирлемши базардағы көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларын алыўда ипотека, гиреў ҳәм лизинг шәртнамаларын. Онда, гиреў (ипотека) шәртнамаларын рәсмийлестирген банк ҳәм басқа да кредит шөлкемлери мүлкке шеклеў қойыў ҳәм шеклеўди алыўды мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы еркин әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем банк ҳәм басқа да кредит шөлкемлерине усы бәнтте нәзерде тутылған гиреў (ипотека) шәртнамалары шеңберинде шеклеў қойыў ҳәм шеклеўди алыў имканиятларын жаратыў бойынша усыныс киргизсин.

  1. 2020-жыл 1-январьдан төмендеги нотариал ҳәрекетлер енгизилсин:

пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларда судқа шекемги болған процессте дәлийллерди тәмийинлеў (гүўалардың көрсетиўлерин жазып алыў, жазба ҳәм айғақлық дәлийллерди көзден өткериў және гүўалық бериў, экспертиза тайынлаў, Интернет тармағындағы фактлерди тастыйықлаў);

пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларда, соның ишинде, мүлк ҳәм мийрас мәселелеринде медиатор ўазыйпаларын орынлаў;

жаратылған авторлық ҳәм түрлес ҳуқық объектиниң усынылған ўақтын тастыйықлаў.

  1. 2020-жыл 1-январьдан сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

көшпес мүлклер бойынша келисимлерди нотариал тастыйықлаўда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының ўәкилликлерине киретуғын коммуналлық хызметлер бойынша қарыздарлықлар ҳаққында мағлыўматларды тек ғана Мәжбүрий орынлаў бюросының мәлимлеме системасы арқалы онлайн режимде тексериў тәртиби орнатылған ҳалда, тийисли коммуналлық шөлкемлерден бундай қарыздарлық бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў талабы бийкар етиледи;

келисимлер бойынша тәреплердиң төлем миннетлемелерин орынлаўы еркин түрде нотариус депозити арқалы әмелге асырылады. Онда көшпес мүлклер бойынша келисимлерди нотариал тастыйықлаўда белгили қарыздарлықты анықлағанда, оларды тийисли қаржыны нотариус депозитине өткериў арқалы төлеў ямаса олардың тийкарланғанын тексериў имканияты бар болады;

келисимлерди нотариал тастыйықлаўды тәреплер ҳәр қыйлы аймақларда жайласқан нотариал уйымда аралықтан турып хызмет көрсетиў арқалы видеоконференцбайланыс режиминде әмелге асырыў имканияты жаратылады;

ашық мәлимлеме системасына жайластырылған нотариал тастыйықланған  арзалар, ижара шәртнамалары ҳәм исеним хатлар мүлкти шетлетиўге байланыслы болмаған ҳәрекетлерди әмелге асырыўда ҳүжжеттиң қағаз түри менен тең ҳуқықый күшке ийе болады ҳәм мәмлекетлик уйым ямаса лаўазымлы шахс оларды тән алыўдан бас тартыўы қадаған етиледи;

республика аймағында нотариал тастыйықланған арзалар, ижара шәртнамалары ҳәм исеним хатлар тийкарында нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда усы арзалар, ижара шәртнамалары ҳәм исеним хатларын усынбастан, оларды сийрек ушырасатуғын сан арқалы тексертиў имканияты жаратылады;

нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў тилегин билдирген шахсқа нотариал ҳәрекеттиң рәсмийлестирилиўи ушын зәрүр болған ҳүжжет көширмелерин нотариал уйымға электрон тармақ арқалы алдыннан жибериў жолы менен электрон нәўбет алыў ҳәм тийисли ҳүжжетлерди таярлап қойыў имканиятын беретуғын хызмет енгизиледи;

Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы жәрдеминде электрон мүрәжат  жибериў арқалы уйымлық нотариал архивте бар болған ҳүжжетлердиң электрон қол таңба менен тастыйықланған көширмесин алыў имканиятын беретуғын хызмет усынылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:

а) 2020-жыл 1-январьға шекем, эксперимент тәризинде, тараўға заманагөй инновациялық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятларда кеминде 2 ден ҳәм Ташкент қаласында кеминде 5 нотариал уйымларда нотариал уйымға келместен турып:

мүлкти басқа шахсқа өткериўге байланыслы болмаған келисимлерди (ижара ҳәм бийпул пайдаланыўға бериў шәртнамаларын, басқа шахсқа өткериўге байланыслы болмаған исеним хатларын), орынлаў хатларын, ҳүжжетлердиң бир тилден басқа тилге дурыс аўдарылмағанлығын аттестациялаўды электрон цифрлы қол таңбадан пайдаланған ҳалда рәсмийлестириўди;

арзаларды (пропискаға қойыўға келисим, жас өспирим перзентиниң сырт елге шығыўына келисим арзаларын ҳәм миннетлемелерин) электрон цифрлы қол таңбадан пайдаланған ҳалда ҳәм видеоконференцбайланыс арқалы рәсмийлестириўди енгизсин.

Онда, аралықтан турып хызмет көрсетиў арқалы рәсмийлестирилген ҳүжжеттиң түп нусқасын буйыртпашыға курьер хызмети арқалы жеткерип бериў имканиятының тәмийинлениўи жолға қойылсын;

б) эксперимент нәтийжелери тийкарында 2021-жыл 1-январьға шекем усы әмелиятты барлық нотариал уйымларға енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң халыққа көрсетилип атырған мәмлекетлик ҳәм ҳуқықый хызметлердиң сапасын турақлы баҳалап барыў, рейтинглерди анықлаў, сондай-ақ, «сырлы қарыйдар» илажларын өткериў арқалы мәмлекетлик хызметлер орайлары, пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў уйымлары ҳәм нотариал уйымлардың хызметкерлери тәрепинен жүз беретуғын қәте-кемшиликлерди анықлаў мақсетинде профессионал консалтинг фирмаларын шәртнама тийкарында тартыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги уйымлық нотариал архивлерде сақланып атырған көшпес мүлк ҳуқықының жүзеге келиўин нәзерде тутатуғын келисимлердиң цифрлы көриниске өткерилиўи ҳәм бирден-бир электрон нотариал архив фондының қәлиплестирилиўин 2024-жыл 1-январьға шекем жуўмақласын.
  3. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүдетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 9-сентябрь