Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, усы жылдың сегиз айы даўамында, жәми 2074 ҳайўанның (соның 2150и ийт, 108и пышық, 17си басқа түрдеги ҳайўанлар) тислеп ҳүжим етиўи нәтийжесинде бир қанша адам ҳәм ҳайўанлар жәбир көрген. Олардың көпшилиги қаңғымай ийтлер болып есапланады.
– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 8-июльдеги 202-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, республикамызда қутырыў кеселлигиниң алдын алыў бойынша усы жыл февраль айында қутырыў кеселлигине қарсы гүресиў айлығы өткерилген еди,-дейди комитеттиң ҳайўанлардың денсаўлығын қорғаў бөлиминиң баслығы С.Сагизбаев. – Усы жылдың сегиз айы даўамында, жәми 200 мыңға шамалас үй көрип шығылып, 151 мыңнан аслам ийтлер дизимге алынды. 90 мыңға шамалас ийтке гүўалық берилди. Қутырыў кеселлигине қарсы, жәми 108 мың 986 ийт ҳәм пышық емленди. Fалаба хабар қуралларынан турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылды, халық арасында сәўбетлесиўлер өткерилди. 2834 орында лекциялар оқылып, усы кеселлик ҳәм оның алдын алыў жоллары түсиндирилген 64 мыңнан аслам брошюра, 30 плакат тарқатылды.
Енди гүз мәўсиминиң кирип келиўи менен тийисли уйымлар менен биргеликте усы бағдардағы жумысларды еледе күшейтиўимиз талап етиледи. Себеби, усы мәўсимде ҳайўанларда қутырыў сыяқлы жуқпалы ҳәм қәўипли кеселликлердиң қозыўы күшейеди.
Ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлер келип шықпаўы ушын, өзлериниң ҳәм үй ҳайўанларының денсаўлығын сақлаў ушын пуқараларымыз өзлери сақлап алған ийт ямаса пышықларын ҳүжжетлестирип алыўы мақсетке муўапық болады. Көпшилик пуқаралар бул нәрсеге онша итибар бере бермей, немқурайдылық пенен қарайды.
Оларға паспорт бериў оғада әпиўайы, аңсат жол менен әмелге асырылады.
Гүўалықлар (паспорт) бериў тәртиби ҳәр бир адам өз үйине сақлаў ушын ийт ямаса пышық алып келгенде әмелге асырылыўы керек. Олар усы ҳайўанларды сақлап алған күни өз аймағындағы район (қала)лық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлерине алып барып, хабар бериўи лазым. Сол жердеги қәниге ийтти клиникалық тексериўден өткерип, 3 айлығынан баслап қутырыў кеселлигине қарсы вакцина менен емлеп, дизимге алады ҳәм гүўалық береди. Ол жерде тек қутырыў кеселлиги емес, ал басқа да кеселликлери болса, анықлаў мүмкиншилигине ийе болады. Қутырыў кеселлигине қарсы вакцина менен емлеў жылына бир мәрте ҳәр жылы әмелге асырылып турылса мақсетке муўапық болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.