Усы жылдың 6-8-сентябрь күнлеринде Ташкент қаласында Азия жасларының конференциясы болып өтти.
Конференция социаллық ҳәм экономикалық машқалаларды шешиўге бағдарланған болып, ол халықаралық дәрежеде тән алынған шөлкемлердиң моделин жаслар тәрепинен талқылаўды мақсет еткен.
Азия жаслары конференциясында ТИТУ Нөкис филиалының студенти Мухаммед Бекмуратов та белсене қатнасты.
-үш күн даўам еткен сессияларда мен экология бағдары бойынша қатнасып, бүгинги экологиялық машқалаларды шешиўде ғалаба хабар қуралларының, әсиресе, блоггерлердиң тутқан орны ҳаққында өз пикир-усынысларымды билдирдим ҳәм соның менен бир қатарда билим ҳәм көнликпелеримди арттырдым- дейди филиал студенти Мухаммед Бекмуратов.
Конференция жуўмағында қатнасыўшыларға 14 коды менен лицензияланған сертификат тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги