Дүнья жүзинде балалардың денсаўлығы ҳәмийше баслы орынларда турады. Сонлықтан бүгинги күнде балаларды шаншыў бойынша ЮНИСЕФ тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, жақында ЮНЕСИФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының жәрдеминде жаңа вакцина сатып алынды. Бирақ халықтың арасында вакцина ҳаққында ҳәр қыйлы унамсыз көзқараслар елеге шекем сақланып атыр. Унамсыз көзқарасларды сапластырыў, ҒХҚларда кеңирек сәўлелендириў ҳәм сол арқалы аналардың хабардарлығын арттырыў мақсетинде пайтахтымызда Журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен «Баланың денсаўлығы, атап айтқанда, иммунизация мәселелерин ҒХҚда сәўлелендириў»  темасында семинар тренинг өткерилди.

Онда Журналистлерди қайта таярлаў орайының тренери, санитариялық-эпидемиялогиялық бақлаў орайының қәнигелери, сондай-ақ, ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Илажда ҒХҚ ўәкиллери вакцинация және оның бала денсаўлығына унамлы тәсири, иммунизация бойынша ҒХҚ материалларындағы жалған хабарларды қалай анықлаўға болатуғыны ҳаққында, сондай-ақ, санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының қәнигесинен жуқпалы кеселликлердиң түрлери, белгилери,  олардың қалай тарқалыўы ҳәм адамның денсаўлығына қандай зыян келтиретуғыны ҳаққында кеңнен мағлыўмат алды.

Қуўанышлысы, мәмлекетимизде карантин ҳәм оғада қәўипли жуқпалы кеселликлер, полиомелит, дифтерия, ләң кеселликлери соңгы бир неше жыллар даўамында дизимге алынбағаны атап өтилди.

Буннан кейин қатнасыўшылар топарларға бөлинип, вакцинация бойынша қысқаша турмыслық жағдайлар менен танысты. Бул жағдайлардың алдын алыўда ҒХҚлардың әҳмийети ҳәм журналистлик форматтың қандай турин қолланыўын билдириў мақсетинде қатнасыўшылар мини презентацияға қатнасып, өз пикир-усынысларын билдирди.

– Бүгинги семинарымыздың тийкарғы мақсети бул тиккелей  журналистлер  ҳәм шыпакерлер арасында шаншыў мәселелери бойынша бирге ислесиўди орнатыў. Себеби халық арасында ҳәр қыйлы пикирлер бар. Бизлер билемиз шаншыў – бул халықтың саламатлығын. дәслеп елдиң келешегин сақлаўдың тийкарғы түри есапланады. Бар 12 вакцина түри менен биргеликте октябрь-ноябрь айларында папиллома вирусына қарсы гүресиў бойынша жаңа вакцина киргизиледи. Мине, усындай мәселелерди халыққа түсиндириў оғада әҳмийетли, – дейди журналистлерди қайта таярлаў орайының медиа-тренери Наргис Қосимова. – Интерактив түрде өткен тренинг журналистлерди шаншыў тарийхы менен, емлеўдеги бар халық арасындағы стереотиплерди бузыў ҳәм жалған хабарлардың тарқалыўының алдын алыўға қарсы жаңа усыллар менен таныстырады. Ғалаба хабар қуралларында шыққан аналитикалық материаллар бул бағдардағы хабардарлықты арттырыўға хызмет етеди, деп ойлайман.

Тренинг жуўмағында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги