Нөкис әскерий прокуратурасы, Қорғаныў ислери бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы район ҳәм қалаларының турғыны болған Аўғанстан урысы (саўашы) қатнасыўшылары ҳәм Чернобыль АЭС индеги аварияны сапластырыўшылары-майыпларын социяллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў илажлары әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында Арқа-батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Бүгин, 6-сентябрь күни Нөкис қалалық көп тармақлы полилиникасында аўған урысы ҳәм Чернобыль АЭСи авариясын сапластырыўға қатнасыўшылар гезектеги медициналық тексериўден өткерилди. Дәслеп, Нөкис әскерий прокуратурасы, Қорғаныў ислери бөлими ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында ашық сөйлесиў болып өтти. Сөйлесиў даўамында мәмлекетимиз тәрепинен жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыпларды социаллық жақтан қорғаў мақсетинде қабыл етилген ҳүжжетлер менен таныстырылып. бар машқалалар бойынша мүрәжатлар көрип шығылды. Кардиолог, терапевт, офтальмолог, уролог, хирург, невропотолог сыяқлы қәнигелердиң тексериўинен өткен жаўынгер-ветеранларға денсаўлықлары бойынша тийисли усыныслар ҳәм мәсләҳәтлер берилди, сондай-ақ, оларды саламатландырыў ушын бийпул дәри-дармақлар тарқатылды.

-Қарақалпақстан аймағында 2367 аўған урысы ҳәм Чернобыл АЭСи қатнасыўшылары бар, -дейди Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплар асоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими кеңесиниң баслығы Бобур Таджимов. Ҳәзирги күнге шекем олардан 500 ге шамалас медициналық жәрдемге мүтәж екенлиги анықланып, жәрдем көрсетилди. Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте өткерилип атырған  бул илажлардың төркининде урыста зын көрген жаўынгерлердиң денсаўлығын тиклеў ҳәм кеселлик белгилерин сапластырыўдан ибарат.

Усы сыяқлы илажларды әмелге асырыў, әлбетте, биз, жуўапкер шөлкемлердиң алдында турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги