Бакалавриат, магистратура ҳәм екинши қәнигелик бойынша күндизги билимлендириў бағдарында төлемли-контракт тийкарында билим алып атырған студентлер ушын контракт муғдарын стипендиялы ямаса стипендиясыз ҳалда төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий телеграмм каналы хабар бермекте.
Стипендиясыз баҳа муғдарлары, ҳәр айлық студентке төлениўи белгиленип атырған 400 000 сум бир жылда жәми 4 800 000 сумды қайтарып таслаў есабынан қәлиплестириледи.
Мәселен, Бакалавриаттың Педагогика тәлим бағдары бойынша төлемли-контракт тийкарында билим алатуғын студент 2019/2020-оқыў жылынан баслап, төмендеги тәртипте төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин:
Стипендия менен – 10 792 960 сум (мийнетке хақы төлеўдиң ең кем муғдарына салыстырғанда 17 есесинде).
Стипендиясыз – 5 992 960 сум (10 792 960 сум – 4 800 000 сум)
Түсиник: 2019/2020-оқыў жылынан баслап төлемли-контракт тийкарында билим алып атырған студентлерге айлық төленетуғын стипендияның муғдары 400 000 сум етип белгиленди.
ӨзА