Бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўлар процесинде пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, ҳәр бир инсанның өз арзыў-нийетлери менен потенциалын жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратып бериўге ең тийкарғы ўазыйпа сыпатында айрықша итибар қаратылмақта. Себеби, реформаларымыздың тийкарғы мақсети де пүткил жәмийеттиң күш ҳәм имканиятларын халқымыздың абаданлығы жолында бирлестириў және сол арқалы барлық ўатанласларымыз ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериўден ибарат болып есапланады.
Бул процессте адасып, ҳәр қыйлы надурыс жолларға кирип қалған, бүгинги күнде өз қылмысынан пушайман болып, дурыс жуўмақ шығарып алған пуқаралар да мәмлекетимиздиң итибарынан шетте қалмай атыр, оларға әпиў институты қолланылып, шаңарағы ҳәм жәмийет алдындағы руўхый қарызынан қутылыў ушын имканият берилмекте. Соңғы үш жылда елимизде 7 рет әпиў етиў жәрияланып, 3952 шахс әпиў етилгени – халқымызға тән кеңпейиллик ҳәм инсаныйлық, кеширимлилик және адамгершилик пазыйлетлериниң айқын әмелий дәлийли болып есапланады.
Күнделикли турмысымызда жүз берип атырған жынайый ис-ҳәрекетлер ҳәммемизди сергекликке шақырыўы, олардың негизги себеплерин үйренип, алдын алыў ушын мәмлекетлик уйымлар, мәҳәлле, ҳаял-қызлар, нуранийлер ҳәм жас белсендилер, жәмийетлик структуралар сиясий-ҳуқықый, руўхый-әдеп-икрамлылық жумысларды системалы түрде шөлкемлестириўи ҳәм аўызбиршилик пенен ҳәрекет етиўи зәрүр.
Өз қылмысына шын кеўилден пушайман болған шахсларды әпиў етиў – бул айрықша бир шахсты кешириўден ибарат болып ғана қалмастан, келешекке үмит көзи менен қарап турған балалардың тәғдирине, кеўили қабарған, перзентин күтип атырған ата-аналарға Президентимиз тәрепинен көрсетилип атырған ғамқорлықтың жоқары үлгиси болып есапланатуғынын атап өтиў керек.
Мине усындай әҳмийетли факторларды есапқа алып ҳәм халқымызға тән кеңпейиллик және инсаныйлық принциплеринен келип шыққан ҳалда бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ең уллы ҳәм ең әзиз улыўма миллий байрамымыз – Ўатанымыз ғәрезсизлиги жәрияланғанының 28 жыллығын белгилеў алдында мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы сыпатында «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясы 93-статьясының 23-бәнтине тийкарланып, ислеген жынаяты ушын жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 65 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 17 си жазадан толық азат етилди, 13 и жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилди, 20 сына болса, тайынланған жаза жеңилирегине алмастырылды. Бир сөз бенен айтқанда, 50 шахс еркинен айырыў орынларынан ата-анасы, перзентлери ҳәм жақынларының қушағына қайтарылды.
Сондай-ақ, 14 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддети қысқартылды ҳәм 1 шахс еркинен айырыўды шеклеў жазасынан азат етилди.
Әпиў етилгенлердиң 4 ин ҳаял-қызлар, 1 ин 60 жастан өткен шахс, 1 ин сырт ел пуқарасы, сондай-ақ, 39 ын қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан пуқаралар қурайды.
Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әпиў етилген шахслардың социаллық бейимлесиўи, оларды пайдалы мийнетке тартыў ҳәм саламат турмыс тәризин жолға қойыўына жәрдемлесиў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар және ҳәкимликлерге тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА