Нөкисте Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-июльдеги «Руўхый-ағартыў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараўды раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилгенлигенине 100 күн толыў мүнәсибети менен баспа сөз конференциясы өткерилди. Оған тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, қала ҳәм районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими хызметкерлери, жоқары оқыў орынлары басшыларының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары, диний шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет – Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы қарарының мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин, сондай-ақ, бул ҳүжжетте руўхыйлық ҳәм ағартыў орайына жүкленген ўазыйпаларды кең жәмийетшиликке  жеткериўден ибарат.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы К.Реймов басқарып барды.

Илажда Өзбекистан Республикасы «Маънавият ва маърифат» орайының жуўаплы хызметкери Х.Жаббаров, Өзбекистан «Маънавият ва маърифат» орайы #арақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң баслығы Ш.Уснатдинов баянатлар жасады.

Баянатшылардың атап өткениндей, ғәрезсизлик жылларында елимизде жәмийетлик турмыстың руўхый-ағартыўшылық  тийкарларын беккемлеў, миллий ғәрезсизлик идеясының тийкарғы түсиниклери ҳәм принциплерин турмысқа енгизиў, әсиресе, жас әўладтың жүрегинде Ўатанымыздың тәғдири менен келешегине жуўапкершилик сезимин арттырыў ҳәм жат идеяларға қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиўге бағдарланған үгит-нәсиятлаў системасы қәлиплести.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы қарарына муўапық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы болып қайта шөлкемлестирилген бул орайдың жаңа уставы қабыл етилди ҳәм тастыйықланды.

«Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараўды раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳаққында»ғы қарарда белгилеп көрсетилгениндей, жәмәәтшилик, илимпазлар, қәнигелер, дөретиўши зиялылардан ибарат «Мағрипат» үгит-нәсиятшылар ҳәм лекторлар жәмийети шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде олар тәрепинен орынларда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Әнжуман соңында қатнасыўшылардың сораўларына жуўаплар бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги