Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жылларда аўыл хожалығы тараўында аймақларды раўажландырыў перспективаларын есапқа алған ҳалда жоқары маман кадрларды таярлаў, тараўға халықаралық билимлендириў стандартларын ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары6 кеңнен енгизиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Әмелге асырылған реформалар оқыў-тәрбиялық процесcтиң сапасын арттырыў, оны инновациялық мазмун менен толықтырыў, студентлерде еркин түрде жаңа билимлерди ийелеў көнликпесин қәлиплестириўге имканият жаратады.

Соның менен бирге, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң үзликсиз интеграциясын, кадрларды таярлаўда аграр тараўдың тармақлары менен тығыз бирге ислесиўди күшейтиў, илимий-изертлеў нәтийжелерин үгит-нәсиятлаў ҳәм енгизиў системасын түпкиликли жетилистириў талап етилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-апрельдеги ПП-5708-санлы «Аўыл хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўы ҳәм тармақларында маман кадрларды таярлаў сапасын түпкиликли жақсылаў, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң нәтийжели интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Ташкент мәмлекетлик аграр университети (кейинги орынларда – Университет) ҳәм оның филиалларында аўыл хожалығы илимин ҳәм билимин буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

аўыл хожалығында инновациялық ресурсларды үнемлеўши технологияларды қолланыў, «ақыллы аўыл хожалығы»(Smart agriculture)  ҳәм санластырылған агротехнологияларды енгизиў бойынша заманагөй билимлерге ийе кадрларды таярлаў;

оқыў-лаборатория базасын модернизациялаў, илим бағдарламаларында тараў бойынша заманагөй өндирис процесслерин, жоқары өнимдарлы ҳәм ресурсларды үнемлеўши алдынғы технологиялар тараўындағы билимлерди қәлиплестириўге қаратылған ўазыйпаларды сәўлелендириў;

сырт ел илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде профессор-оқытыўшылар, илимий ҳәм илимий-педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкаларын шөлкемлестириў;

илимий-изертлеў институтлары, мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер алып барыў және олардың нәтийжелерин өндириске кеңнен енгизиў;

Университет ҳәм оның филиалларындағы мәлимлеме-мәсләҳәт орайлары (extension center) арқалы аўыл хожалығы өндирисиндеги системалы машқалаларды анықлаў және оларды сапластырыў бойынша «мәлимлеме – мәсләҳәт орайы – кафедра – аўыл хожалығы ислеп шығарыўшысы» системасын енгизиў;

профессор-оқытыўшылар, илимий-изертлеўшилер ҳәм студентлердиң инновациялық технологияларды жаратыў және енгизиў бағдарындағы интакерлигин ҳәм материаллық мәпдарлығын арттырыў;

оқыў сабақларын, қәнигелик әмелиятлардан өтиўде студентлерди инновациялық ҳәм жаңаша пикирлеўге бағдарлайтуғын жаңа оқытыў технологияларын және интерактив усылларды, соның ишинде, студентлердиң еркин излениўин тәмийинлеўши механизмлерди кеңнен енгизиў;

аўыл хожалығы ҳәм оның тармақлары ушын кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын жаратыў, бириктирилген академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери билимлендириў бағдарламаларының үзликсизлигин ҳәм избе-излигин тәмийинлеў.

  1. Төмендегилер:

Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филиалларының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша «жол картасы»1-қосымшаға муўапық;

Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филиалларында 2020/2021 оқыў жылынан баслап шөлкемлестирилетуғын жаңа бакалавриат билимлендириў бағдары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 2-қосымшаға муўапық;

Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филиалларындағы билимлендириў бағдарлары, қәнигеликлерине бириктирилип атырған илимий-изертлеў мәкемелериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Аўыл хожалығы тараўында илим, билимлендириў ҳәм өндиристи интеграциялаў бойынша Муўапықластырыўшы кеңестиң қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

ҳәкимшилик бойсыныўына қарамастан аўыл хожалығы тараўында және оның тармақлары бойынша излениўлер алып барып атырған, кадрлар таярлаўшы илимий-изертлеў ҳәм жоқары билилмендириў мәкемелериниң өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў;

аўыл хожалығы тарыўының қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў;

аўыл хожалығы тараўындағы талап ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыў режеси ҳәм бағдарламаларының системалы түрде жетилистирилиўин тәмийинлеў.

Университет аўыл хожалығы тараўында жоқары маман илимий-педагог кадрлар ҳәм қәнигелерди таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў бойынша таяныш жоқары билилмендириў мәкемеси ҳәм Аўыл хожалығы тараўында илим, билимлендириў ҳәм өндиристи интеграциялаў бойынша Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысшы уйымы есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 2019/2020 оқыў жылынан баслап:

тәжирийбе-сынаў түриндеги университеттиң 5411500 – Өсимликлер ҳәм аўыл хожалығы өнимлери карантини бакалавриат тәлим бағдарында билимлендириўдиң кредит системасын басқышпа-басқыш енгизиў;

Университеттиң  2-басқыш студентлери арасынан сайлап алынған қәбилетли студентлер ушын билимлендириўдиң айрықша бағдарламалары тийкарында оқытылатуғын арнаўлы топарларды шөлкемлестириў. Онда мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, қәнигелик талаплары, оқыў режелери ҳәм илим бағдарламалары сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда ислеп шығылады;

аўыл хожалығында агротехникалық илажлардың мәўсимлилигин есапқа алып, диссертацияларда еки жыллық илимий-әмелий дала тәжирийбеси нәтийжелериниң қамтып алыныўын тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы тараўындағы магистратура қәнигеликлери оқыў процесин январь айынан баслаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Бунда билимлендириўдиң кредит системасында студентлер ушын  ҳәпетеде бес күнлик оқыў ҳәм ҳәптениң шемби күни еркин өзлестириў күни  деп белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен оның тийкарланған усыныслары бойынша аўыл хожалығы тараўындағы бакалавриат билимлендириў бағдары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң ислеп шығылған Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, қәнигелик талаплары, оқыў режелери ҳәм илим бағдарламаларын тастыйықлаў және оқыў процесине басқышпа-басқыш енгизиў Жоқары ҳәм орта арнаўлы билилмендириў министрлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғынлығы;

Университет ҳәм оның филиалларының профессор-оқытыўшылары оқыў, илимий-изертлеў, руўхый-ағартыўшылық, шөлкемлестириўшилик-методикалық жумыслардан тысқары министрлик және уйымлардың басқа да жумысларына тартылмайтуғынлығы, шәртнама шеңберинде көрсетилген хызметлер буған кирмейтуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

а) Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Нөкис, Әндижан, Термиз филиалларының структурасын қайта көрип шығып, тастыйықланыўын тәмийинлесин;

б) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимендириў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте  еки ай мүддетте Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Самарқанд филиалын шөлкемлестириў  бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

в) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте:

Университет жанындағы Қибрай академиялық лицейи және Аўыл хожалығы министрлиги системасына өткерилип атырған аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжлериниң тийкарында жоқары билимлендириў системасы менен интеграцияласқан жоқары мектеплерди шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

2020-жыл 1-августқа шекем жоқары мектеплерди тамамлаған питкериўшилер ушын бакалавриаттың 3 жыллық арнаўлы билимлендириў бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин;

г) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

Университет ҳәм оның филиаллары студентлериниң қәнигелик әмелиятлары жетекши кәрхана, шөлкем ҳәм аўыл хожалығы кластерлеринде сапалы өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм мониторингин алып барсын;

еки ай мүддетте агросанаат комплекси қурамындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерди басшы кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде Университетте «Агробизнес ҳәм басқарыў» бағдарында резерв кадрлар таярлаўды жолға қойыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

бир ай мүддетте Университет ҳәм оның филиалларына кириў ушын белгиленген қабыллаў шегарасынан аз балл топлаған абитуриентлер ушын арттырылған төлем контракт муғдарын еки есеге азайтыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссиясына усыныс киргизсин.

  1. Жоқары мектепте:

орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў дәрежесинде күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларында кадрлар таярланатуғынлығы ҳәм жоқары билимлендириўдиң бакалавриат билимлендириў бағдары менен интеграцияласқан киши бакалаврлар (Associate degree) таярлаў бойынша билимлендириў бағдарламалары әмелиятқа енгизилетуғынлығы;

киши бакалавр (Associate degree) билимлендириў бағдарламаларын тамамлаған питкериўшилер  2023/2024 оқыў жылынан баслап масс бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша кириў сынақларысыз сәўбетлесиў өткериў арқалы бакалаврлар таялаўдың арнаўлы үш жыллық бағдарламасы бойынша ҳәм оқыў жуўмақланғаннан соң бөлистириўге муўапық үш жыл даўамында үзликсиз ислеп бериў миннетлемесин алған ҳалда Университет ҳәм оның филиалларына кириў ҳуқықына ийе болатуғынлығы;

жумысты қаржыландырыўдың тийкарғы дәреклери етип Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети, министрликлер, уйымлар, ири жумыс бериўшилер және буйыртпашылардың бюджеттен тысқары қаржылары, халықаралық финанс институтларының қаржылары ҳәм оқыўшыларды төлем-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар есапланатуғынлығы;

жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан табыслы өткен питкериўшилерге мәмлекетлик үлгидеги диплом ҳәм тийисли  кәсиплер бойынша белгиленген тәртипте разрядлар берилетуғынлығы;

оқыўшыларды қабыллаў параметрлери Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билилмлендириў министрлиги менен келискен ҳалда тастыйықланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында, интакерлердиң қаржылары есабынан Университет ҳәм оның филиалларында «Киши инновациялық кәрхана»ларды тәжирийбе-сынаў түринде шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Университет:

сырт мәмлекетлердиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде сынаўдан өткен тәжирийбелерди үйренген ҳалда 2019/2020 оқыў жылынан баслап университетте  басшы кадрлар және профессор-оқытыўшылардың жумысы нәтийжелилигин баҳалаў системасын енгизсин;

үш ай мүддетте Университетти  2025-жылға шекем дүньяның абырайлы 1000 жоқары билилмендириў мәкемелериниң дизими (QS рейтинг системасы)не киргизиў бойынша «жол картасын» ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Аўыл хожалығы министрлигине усынсын;

бир ай мүддетте  Университет ҳәм оның филиаллары уставларының тастыйықланыўын ҳәм белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў  министрлиги менен биргеликте  үш ай мүддетте  университеттиң 5411500 – Өсимликлер ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң карантини тәлим бағдарында билимлендириўдиң кредит системасын енгизиў ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте тәжирийбе-сынаў түриндеги Агробиология факультетин Ташкент мәмлекетлик аграр университети қурамында еркин жумыс ислейтуғын юридикалық шахс сыпатында шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

Университет ҳәм оның филиаллары жанында шөлкемлестирилетуғын «Киши инновациялық кәрхана»лар арасында дүзилетуғын шәртнаманың үлги формасын ислеп шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи А.Д.Ваҳабовқа – қарардағы ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм мониторинги алып барылыўын тәмийинлеў, ҳәкимшилик бойсыныўына қарамастан илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Университет ректоры Б.А.Сулаймановқа – қарардың орынланыўын тиккелей тәмийинлеў, университетке заманагөй билимлендириўдиң кредит системасын енгизиў, илимий-излениўлердиң нәтийжелерин коммерцияластырыў, илим-билимлендириў ҳәм өндиристи үзликсиз интеграциялаў, мәмлекетлик жеке меншик шәртлери тийкарында тәжирийбе-сынаў түриндеги «Киши инновациялық кәрхана»ларды шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У Мажидовқа – билимлендириўдиң кредит системасындағы ҳәм Университеттиң 2-басқыш студентлери арасынан сайлап алынған қәбилетли студентлер ушын билимлендириўдиң өз-алдына бағдарламаларын ислеп шығыў және Университет жанындағы Қибрай академиялық лицейи ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги системасына өткерилип атырған аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжлериниң тийкарында жоқары мектепти шөлкемлестириў илажларын көриў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 11. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрлилкер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. 12. Усы қарардың орынланыўыни қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 19-август