Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының факультетлер ҳәм кафедралар структурасында өзгерислер болды.
Жаңа 2019-2020-оқыў жылынан баслап институттың жаңа структурасы төмендегише көриниске ийе болады.
1) Физика-математика факультети (алдын физика-мийнет ҳәм математика-информатика факультетлери еди)
Кафедралар:
– Физиканы оқытыў методикасы;
– Математиканы оқытыў методикасы;
– Информатиканы оқытыў методикасы.
2) Тәбийғый пәнлер факультети (алдын химия-биология факультети еди)
Кафедралар:
– Химияны оқытыў методикасы;
– Биология, экология ҳәм оны оқытыў методикасы;
– Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы.
3) Тарийх факультети (алдын тарийх-география факультети еди)
Кафедралар:
– Тарийхты оқытыў методикасы;
– Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими;
– Жәмийетлик пәнлер;
– Географияны оқытыў методикасы.
4) Түркий тиллер факультети (алдын филология факультети еди)
Кафедралар:
– Қарақалпақ тили;
– Қарақалпақ әдебияты;
– Өзбек тили;
– Өзбек әдебияты;
– Қазақ тили ҳәм әдебияты.
5) Шет тиллери факультети
Кафедралар:
– Инглис тили ҳәм әдебияты;
– Рус тили ҳәм әдебияты;
– Факультетлер аралық шет тиллери.
6) Педагогика факультети
Кафедралар:
– Педагогика;
– Психология;
– Музыкалық тәлим.
7) Мектепке шекемги билимлендириў факультети (алдын мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў факультети еди)
Кафедралар:
– Мектепке шекемги билимлендириў;
– Мектепке шекемги билимлендириў педагогикасы ҳәм психологиясы.
8) Баслаўыш билимлендириў факультети (алдын мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў факультети еди)
Кафедралар:
– Баслаўыш билимлендириў;
– Баслаўыш билимлендириў педагогикасы ҳәм психологиясы.
9) Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультети (алдын педагогика ҳәм физика-мийнет факультетлери қурамында еди)
Кафедралар:
– Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;
– Мийнет тәлими.
10) Дене мәденияты факультети
Кафедралар:
– Дене тәрбиясы;
– Факультетлер аралық дене тәрбиясы.
Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты улыўма 9 факультет – физика-мийнет, математика-информатика, химия-биология, тарийх-география, шет тиллери, дене мәденияты, филология, педагогика, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетлеринен ибарат еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.