Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде бизнес жүргизиўдиң тәртип-қағыйдаларын сезилерли дәрежеде әпиўайыластырыў, инфраструктураны жақсылаў ҳәм финанслық дәреклерди кеңейтиў арқалы исбилерменликтиң избе-из өсиўи тәмийинленбекте.
Халықтың түрли қатламларын, соның ишинде, жаслар, кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәжлиги бар пуқаралар және киши кәрханалардың исбилерменлик басламаларын финанслық қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар бағдарламалар әмелге асырылмақта. Тек ғана «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасын әмелге асырыў ушын 7,2 триллион сумнан аслам қаржы қаратылды.
Соның менен бирге, бир қатар шешилмеген машқалалар сақланып қалмақта, әсиресе, жер участкаларын ажыратыў, қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыў, инженерлик-коммуникация тармақларына қосылыўда, исбилерменлик субъектлериниң өнидирис инфраструктурасынан, кредит ҳәм басқа да финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеўде бюрократлық тосқынлықлар ҳәм былғасықлар ушыраспақта.
Лаўазымлы шахслар мәмлекет қорғаўында болған жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын, ҳәр қандай себеп пенен жеке меншик мүлкти, соның ишинде, бурын меншиклестирилген мүлкти алып қойыў, тийкарлы зәрүрликсиз мүлкти бузып жибериў нызамсыз екенлигин аңлап жетпей атыр және жер участкаларын ажыратыўда өзбасымшалыққа жол қойылмақта, бул болса мүлк ийелериниң конституциялық ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин күшейтиў ҳәм бундай ҳуқықыбузарлықларға жол қойғаны ушын усы жуўапкер шахслардың жуўапкершилигин арттырыўды талап етпекте.
Көрсетип өтилген кемшиликлерге комплексли ҳәм тез шешим табыўды, барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлардың бирден-бир методикалық басшылық астында өз-ара муўапықластырылған бирге ислесиўин, жеке меншик мүлктиң ислеўи, жер участкаларын реализациялаў, тендер саўдаларын өткериў және мәмлекетке тийисли болмаған имарат ҳәм объектлерди бузыўға байланыслы анық ҳәм ықшам ҳуқықый нормаларды жаратыўды, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаўды, халықтың кең қатламларын бизнес пенен шуғылланыўға жеделлик пенен тартыўды талап етеди.
Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин буннан былай да күшейтиў, исбилерменликти раўажландырыў ушын қосымша түртки бериў, исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик субъектлерин финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, орынларда социаллық қамтып алыў дәрежесин арттырыў мақсетинде:
- 1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлери, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – «Давергеодезкадастр» комитети) ҳәм олардың аймақлық бөлимлери және басқа да ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың басшылары Өзбекстан Республикасы Конституциясының жеке меншик мүлкке қол қатылмаслық, экономикалық жумыс ҳәм исбилерменликтиң еркинлигин тәмийинлеў, қәўиплерден қорғаў, жеке меншик мүлкти сақлаў ҳәм және де көбейтиў ушын барлық зәрүрли шараятларды жаратыў ҳаққындағы нормаларын сөзсиз орынлаў ҳәм оларға қатаң әмел етиў бойынша жеке жуўапкер екенлиги ҳаққында ескертилсин.
Бас прокуратура ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили (кейинги орынларда – Исбилерменлик ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил):
жеке меншик мүлк ийелерине олардың ҳуқықларын бузған ҳалда зыян жеткерилиўине, соның ишинде, мүлк ҳуқықын нызамсыз түрде шеклеў ҳәм (ямаса) оннан айырыў, жеке меншик мүлкке, соның ишинде, алдын меншиклестирилген мүлкке қәўип туўдырыў, мүлк ийелерине қастан намақул шәртлерди, соның ишинде, мүлкти ямаса мүлклик ҳуқықты тапсырыўға байланыслы тийкарсыз талапларды қойыў, сондай-ақ, мүлкти алып қойыў ямаса мүлк ийесин жеке мүлк ҳуқықынан ўаз кешиўге мәжбүрлеўге жол қойылмаўы үстинен системалы қадағалаў (контроль) орнатсын;
лаўазымлы шахслар тәрепинен лаўазымынан пайдаланыў ҳәм нызам бузыўшылық жағдайларының алдын алыў ҳәм оған жол қоймаў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- 2. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте усы Пәрман қағыйдаларын есапқа алған ҳалда нызам ҳүжжетлерине, соның ишинде, «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына мүлк ийелериниң жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы, өзине тийисли болған мүлкке еркин ийелик етиў, пайдаланыў ҳәм басарыў ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў, мүлк ийелерине мәмлекет ҳәм жәмийет талаплары ушын алып қойылған жер майданының базар баҳасында толық қапланыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усыныслар киргизсин.
- 3. Төмендегилер барлық дәрежедеги жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў тараўындағы ең әҳмийетли ўазыйпалары етип белгиленсин:
исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң әҳмийетлилиги, исбилерменлик жумысына нызамсыз араласыў ҳәм тосқынлық еткенлиги ушын лаўазымлы шахслардың жуўапкершилиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери нормаларының сөзсиз орынланыўы, мүлк ҳәм басқа да мүлкке болған ҳуқықлардың бузылыўына жол қоймаў принциплерине қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў;
халықты исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў, турақлы раўажланып атырған исбилерменлик субъектлериниң санын және де көбейтиў бойынша системалы илажларды көриў, сондай-ақ, өз жумысын ўақтынша тоқтатқан исбилерменлер менен ислесиўди күшейтиў;
жумыс ислемей атырған өндирис майданлары ҳәм турақ жай емес объектлери тийкарында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў, жер участкаларын белгиленген тәртипте электрон онлайн аукцион арқалы ажыратыўда жәрдемлесиў;
исбилерменлик субъектлериниң финанслық, товар ҳәм шийки зат ресурслары, инженерлик-коммуникация тармақларынан пайдаланыў имканиятына ийе болыўы, инвестиция ҳәм өндирис процесслерин шөлкемлестириў бойынша әмелий көнликпелерди өзлестириўинде әмелий жәрдем көрсетиў;
исбилерменлик субъектлери ушын бар имканиятлар, жеңиллетилген ҳәм басқа да финанслық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында ғалаба хабар қураллларында, мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтларында турақлы түрде жәриялап барыў;
Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте консультативлик жәрдем ҳәм мәлимлеме жағынан тәмийинлеў, исбилерменлердиң финанслық ҳәм ҳуқықый саўатлылығын арттырыў бойынша орынларда семинар-тренинглер өткериў;
исбилерменлерге бизнес форумлар, көргизбелер ҳәм ярмаркаларды шөлкемлестириў және өткериўге жәрдемлесиў, оларда жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўын тәмийинлеў;
исбилерменлерге исенимли шериклер ҳәм ислеп шығарып атырған өнимлери ушын жаңа базарларды табыўда, экспорт потенциалын арттырыўда әмелий жәрдем көрсетиў.
- 4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлерине төмендегилер қадаған етилсин:
исбилерменлик субъектлерин өзлериниң тийкарғы жумысы менен байланыслы болмаған ислерге, соның ишинде, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық жәрдемин көрсетиў жумысларына, аймақларды абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларын алып барыў, темир-терсек ҳәм макулатура жыйнаў және басқа да жумысларға мәжбүрий тартыў;
исбилерменлик субъектлерин ҳәр қандай түрдеги аўыл хожалығындағы мәўсимлик жумысларға (егиў ҳәм жыйнап алыў жумысларына) ҳәм мийнет ресурслары, пул қаржылары ҳәм басқа материаллық байлықларды бағдарлаўға байланыслы басқа да илажларға тартыў;
исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўында мәжбүрий тәртипте, соның ишинде, оларға ҳәкимшилик ҳәм басқа да илажларды қолланыў қәўпи менен мәжилислер ҳәм басқа да илажларды өткериў.
- 5. 2020-жыл 1-январьдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын алып қойыў ҳәм бир фермер хожалығынан басқасына өткериў, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслар ийелик еткен, олар пайдаланатуғын ҳәм мүлки болған жер участкаларын жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик талаплар ушын алып қойыў бойынша ўәкилликлери тийисли халық депутатлары Кеңеслерине берилсин.
- 6. 2020-жыл 1-марттан күшке киретуғын «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участткаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы (кейинги орынларда – Нызам) қабыл етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 7. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 1-февральға шекем Сырдәрья ўәлаятында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў тәртип-қағыйдаларын апробациялаў бойынша ҳуқықый эксперимент (кейинги орынларда – ҳуқықый эксперимент) өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Төмендегилер ҳуқықый эксперименттиң тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:
нызамлылық, ықтыярыйлық, ҳақы төлеў, меншиклестирилетуғын жер участкаларының ҳәм оларда жайласқан көшпес мүлк объектлериниң бирлиги, жер участкаларын меншиклестириўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў тәртип-қағыйдаларының нәтийжелилигин анықлаў;
аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў механизмлерин әмелде қоллаў нәтийжелилигин баҳалаў;
аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў тараўындағы мәмлекетлик басқарыўды әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлерин олардың әмелий нәтийжелилиги, тәртипке салынатуғын қатнасықлар тараўларының толық қамтып алыныўы жағынан мониторинг өткериў;
исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў ушын қосымша шараятларды жаратыў ҳәм халықты бизнес пенен шуғылланыўға тартыў, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириўде пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў.
- 8. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
бир ай мүддетте Нызамның усынылған нормаларын әмелге асырыўға қаратылған зәрүр ҳүжжетлер, соның ишинде, Сырдәрья ўәлаятында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў тәртип-қағыйдаларын апробациялаў бойынша ҳуқықый экспертимент өткериў тәртиби ҳаққындағы режени қабыл етсин;
еки ай мүддетте Сырдәрья ўәлаяты аймақларының режелестириў схемасының тастыйықланыўын тәмийинлесин;
ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ, халық арасында ҳуқықый эксперименттиң әмелий орынланыўы барысын турақлы түрде жәриялап барсын;
ҳуқықый эксперимент нәтийжелерине бола, 2020-жыл 5-февральға шекем Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына Нызам нормаларын буннан былай да жетилистириў ҳәм оны республиканың басқа да аймақларында қолланыў бойынша усыныслар киргизсин.
- 9. 2019-жыл 1-сентябрьден баслап пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин, соның ишинде, билимлендириў мәкемелери (академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери буған кирмейди), денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт, мәденият, атап айтқанда кинотеатрлар, клублар, концерт-тамаша көрсетиў мәкемелери ҳәм киноластырыў объектлери, сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемлердиң бос турған жер участкаларынан (кейинги орынларда пайдаланылмай атырған активлер) турақлы пайдаланыў ҳуқықын хожалық жумысына тартыў ҳәм сатыў тәртиби енгизилсин. Оған муўапық:
пайдаланылмай атырған активлердиң мүлк ийелери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм «Давергеодезкадастр» комитети аймақлық басқармаларының тийисли сораўы келип түскен ўақыттан баслап еки ай мүддетте баланста сақлаўшының жоқары турыўшы шөлкеми (егер бар болса) менен келисилген, пайдаланылмай атырған объектлер ҳәм бос турған жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша «жол картасын» (кейинги орынларда – «жол картасы») усыныўы шәрт;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында пайдаланылмай атырған объектлерди хожалық жумысына тартыў бойынша жумысшы топар тәрепинен «жол картасы» тастыйықланады;
пайдаланылмай атырған автиклердиң баланста сақлаўшысы тәрепинен «жол картасы» усынылмаған ямаса онда нәзерде тутылған пайдаланылмай атырған активлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша илажлар белгиленген мүддетте орынланбаған ямаса «жол картасын» тастыйықлаўдан бас тартылған жағдайларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық халық депутатлары Кеңеслери, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери өз ўәкилликлери шеңберинде пайдаланылмай атырған активлерди алып қойыў ҳәм сатыў ҳаққында қарар қабыл етиўге ҳақылы.
- 1 Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил, «Давергеодезкадастр» комитети, Саўда-санаат палатасының 2019-жыл 1-октябрьден баслап төмендеги тәртиплерди орнатыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:
а) исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысы ушын аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос жер участкалары республиканың барлық аймақларында тек ғана «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукцион арқалы усынылады, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети қарарларына муўапық жер участкаларын бериў жағдайлары буған кирмейди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлерине, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары усы тәртипти бузғанлығы ушын жеке жуўапкершилик ҳаққында ескертилсин;
б) физикалық ҳәм юридикалық шахсларға «YERELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасында анық инвестициялық миннетлемелери менен бирге жер участкасы ҳәм режелестирилип атырған қурылыс майданшасы ҳаққындағы мағлыўматларды кейин ала оларды электрон онлайн-аукционға қойыў мәселесин белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын жайластырыў ҳаққында усыныслар киргизиў ҳуқықы бериледи.
«Давергеодезкадастр» комитети исбилерменлик ҳәм қала қурылысы ушын усыныс етилетуғын жер участкаларының жайласыўы ҳаққындағы мәлимлемелердиң Өзбекстан Республикасының ашық мағлыўматлар порталында ҳәм өзиниң рәсмий веб-сайтында жайластырылып барылыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы бәнттеги қағыйдаларды есапқа алған ҳалда аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы исбилерменлик жумысы ушын усыныўдың жаңа тәртибин енгизиўге бағдарланған Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин ҳәм онда тийкарынан төмендегилерди нәзерде тутсын:
«Давергеодезкадастр» комитети уйымлары тәрепинен «YERELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасына мағлыўматлардың еркин киргизилиўи;
жер участкаларын таңлаў бойынша материалларды ўәкилликли уйымларға келисиў ҳәм жуўмақ шығарыў ушын автоматластырылған түрде жибериў;
жер участкаларын таңлаў бойынша материалларды келисиў ўақтында қурылысқа руқсат етилген ямаса қадаған етилген объектлердиң түрлерин анықлаў, архитектура-реже тапсырмасын ислеп шығыў, сондай-ақ, инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў ушын техникалық шәртлерди усыныў;
жер участкаларын таңлаў ушын материаллар бойынша белгили бир мәмлекетлик уйымлардың жуўмақларын алыў талабын бийкарлаў;
келисим ҳәм унамлы жуўмақлар берилгеннен соң қосымша қарарларсыз жер участкаларын «YERELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы электрон онлайн-аукционға қойыў;
электрон онлайн-аукцион нәтийжелери ҳаққындағы протокол тийкарында жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, сондай-ақ, аукцион жеңимпазына жер участкасын ажыратыў ҳаққындағы қарар орнына Көшпес мүлкке болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестринен көширме бериў.
- 11. Жәҳән банки тәрепинен исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў системасын кеңейтиў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў, халықтың кең қатламларын бизнес жүргизиўге қаратыў ҳәм басланғыш капиталдан пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик уйым сыпатында усыныс етилген Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм санаат министрлиги жанында Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
киши бизнес ҳәм исбилерменликти, жеке меншик исбилерменликтиң барлық түрлерин раўажландырыўға қаратылған бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўды хошаметлеў, бизнес орталығын жақсылаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў бағдарындағы жумысын муўапықластырыўды шөлкемлестириў;
исбилерменлик орталығының ҳәзирги жағдайын үйрениў, соның ишинде, сораўнамалар өткериў тийкарында, және жер участкаларын усыныў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлаў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өндирис инфраструктурасы, басқа да материаллық-шийки зат ҳәм финанслық ресруслардан пайдаланыў имканиятларын жақсылаў, сондай-ақ, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған бюрократлық тосқынлықлар менен иркиниш жасайтуғын сапластырыў бойынша усыныслар таярлаў;
бизнести кеңейтиўди хошаметлеўге, қосымша қунды жаратыўдың бир пүтин шынжырларын қәлиплестириўге, заманагөй технологияларды өзлестириўге, экспортты көбейтиўге, турақлы жумыс орынларын жаратыўға бағдарланған нәтийжеге қаратылған қуралларды енгизиў;
ири ислеп шығарыўшылар тәрепинен киши ҳәм орта кәрханалар – аралық товарлар ҳәм хызметлер (шийки зат, комплектлеўши бөлеклер ҳәм басқалар)ди жеткерип бериўшилердиң жумысын, соның ишинде, коммерциялық банклерде мақсетли депозитлерди ашыў есабынан қаржыландырыў мезанизмлерин енгизиў;
киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, халықтың әззи қатламларының исбилерменлик басламаларына кепилликлер, сондай-ақ, коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация бериў түринде финанслық жәрдем көрсетиў;
киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин нызамшылық, жаңа технологиялар ҳәм өнимлер, базарлар ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша финанслық емес қоллап-қуўатлаў (бийпул телефон ҳәм онлайн-мәсләҳәт хызметлери, оқыў орайлары, бизнес-инкубаторлар, мәлимлеме хызметлери ҳәм басқалар) системасын қәлиплестириў;
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанслық шөлкемлери менен киши бизнес ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў жойбарларын әмелге асырыў, оларға техникалық ҳәм мәсләҳәт жәрдемин шөлкемлестириў бойынша өз-ара бирге ислесиў;
Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў бойынша қабыллаўханалары менен киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламаларды таярлаў, усы тараўдағы нызамшылықты жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыўда тығыз бирге ислесиў.
- 12. Агентлик республиканың мәмлекетлик басқарыў уйымы болып, өз жумысында Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигине бойсынатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- 13. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Қаржы министрлигиниң:
«Микрокредитбанк» АКБ ҳәм «Халық банки» АКБны «шаңарақлық исбилерменлик»ти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў жойбарларын қаржыландырыўшы банклер етип белгилеў;
«шаңарақлық исбилерменлик»ти раўажландырыў ҳәм улыўма халықтың исбилерменлик жумысын финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде алдын ажыратылған кредитлер есабынан босайтуғын қаржыларды «Микрокредитбанк» АКБ ҳәм «Халық банки» АКБға кейин ала кредит базарында бузылыўларды сапластырыў, пул қаржыларынан тең пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў ҳәм мақсетли финанслық ресурслардан пайдаланыўдан социаллық-экономикалық нәтийжени арттырыў мақсетинде киши бизнес ҳәм исбилерменликти базар шараятларына жақын ставкаларда кредитлеў ушын қаратыў.
Қаржы министрлиги Агентлик ҳәм мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте исбилерменлик жумысын әмелге асырыў имканияты шекленген халықтың қорғаўға мүтәж қатламларын талап бар болған кәсип ҳәм қәнигеликлер бойынша оқытыўға, оларды социаллық ҳәм финанслық емес қоллап-қуўатлаўдың жаңа қуралларын енгизиўге қаратылған ҳүкимет қарарының жойбарын усы илажларды «шаңарақлық исбилерменлик»ти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде алдын берилген кредитлерди «Микрокредитбанк» АКБ ҳәм «Халық банки» АКБларына жайластырыўдан түскен қосымша дәраматлар есабынан қаржыландырыўды нәзерде тутқан ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынсын.
- 14. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:
а) 2019-жылдың ақырына шекем төмендегилерди:
қарыйдарлардың кредитке уқыплылығын баҳалаўға тийкарланған және оларға жайласқан орны ҳәм коммерциялық банклер филиалларында финанслық ресурслардың бар екенлигине қарамастан исбилерменлик жумысы ушын кредитлерди әпиўайыластырылған тәртипте ҳәм тең шәртлерде тартыў иманиятын беретуғын «бир түрдеги» (үлгили)банк өнимлери – «модул»ларды ислеп шығыўды және киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине банк хызметлерин көрсетиў әмелиятына енгизиўди;
коммерциялық банклердиң киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине кредитлерди ажыратыў бойынша өз алдына структуралық бөлимлерин шөлемлестириўди, ажыратылып атырған кредитлердиң мақсетлилиги ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша усы бөлимлер хызметкерлериниң жуўапкершилигин, сондай-ақ, қаржыландырылып атырған жойбарларды әмелге асырыў нәтийжелерине қарап олардың мийнетине ҳақы төлеў ҳәм хошаметлеў системасын күшейтиўди;
Сырдәрья ҳәм Әндижан ўәлаятларында, сондай-ақ, Ташкент қаласында қарыйдарларға тез хызмет көрсетиў ушын ықшам «банк хызметлери офислерин» шөлкемлестириў, кейин ала республиканың барлық қалалары ҳәм районларында олардың тармағын кеңейтиў бойынша тәжирийбе-сынаў жойбарын әмелге асырыўды тәмийинлесин;
б) еки ай мүддетте банк хызметлери менеджменти ҳәм системасын түп-тийкарынан реформалаў, сондай-ақ, банк секторын мәмлекет қарамағынан шығарыў бойынша төмендегилерге қаратылған Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин:
коммерциялық банклерде корпоратив басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў;
коммерциялық банклердиң қарыйдарға қаратылғанлық дәрежесин арттырыў, оларда нәтийжели инфраструктураны жаратыў ҳәм жаңа хызмет түрлерин, соның ишинде, мәлимлеме технологияларын енгизиў;
коммерциялық банклердиң операциялық қәрежетлерин оптималластырыў;
коммерциялық банклерге кредитлердиң көлемин ҳәм олардың процент ставкаларын бар талапқа тийкарланып еркин түрде белгилеў ҳуқықын берген ҳалда жеңиллетилген процент ставкалары менен кредитлер ажыратыў әмелиятын бийкар етиў;
мәмлекетлик үлес қатнасындағы коммерциялық банклерди халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкиметлердиң финанслық шөлкемлери ҳәм консалтинг компанияларының қатнасыўындағы, базар принциплери тийкарында ислейтуғын универсал банклерге трансформациялаў.
- 15. 2019–2020-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен киши бизнес ҳәм исбилерменликти буннан былай да раўажландырыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 16. «Кафолат қамсызландырыў компаниясы» АЖ:
Агентлик, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы менен биргеликте өзиниң төменги буўындағы бөлимлери тәрепинен киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында хызметлерди, соның ишинде, исбилерменлик тәўекелшилиги, гиреў, лизинг, әсбап-үскенелер, жүклер, жуўапкершилик ҳәм басқаларды қамсызландырыў мәселелери бойынша турақлы түрде семинарлар ҳәм тренинглердиң шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;
коммерциялық банклер менен биргеликте исбилерменлик тәўекелшилигин қамсызландырыў шәртлеринде киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине берилген кредиттиң гиреў тәмийнаты менен қапланбаған бөлимин кредит қайтпаў қәўпи бойынша қамсызландырыўды әмелге асырсын;
Агентлик пенен биргеликте алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, 2019-жыл 1-октябрьге шекем киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қамсызландырыў хызметлерин алыў ушын жумсайтуғын қәрежетлерин ҳәм ўақтын қысқартыўға қаратылған исбилерменлик тәўекелшилигин қамсызландырыў шәртлериндеги заманагөй қамсызландырыў өнимлерин ислеп шықсын ҳәм енгизсин.
- 17. Финанслық жыл ушын барлық түрдеги кредиттиң қайтпаў қәўпин қамсызландырыў (кредитлер ҳәм лизинг операциялары бойынша исбилерменлик тәўекелшилигин қамсызландырыў) шәртнамалары бойынша қамсызландырыў қапламаларының улыўма муғдары «Кафолат қамсызландырыў компаниясы» АЖ өз капиталының 10 процентинен артқан жағдайда, компанияның өз капиталы 10 процентинен артық муғдарындағы зыяны Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Қамсызландырыў базарын раўажландырыў агентлиги ҳәр шеректе «Кафолат қамсызландырыў компаниясы» АЖ Бақлаў кеңесинде кредиттиң қайтпаў қәўпин қамсызландырыў (кредитлер ҳәм лизинг операциялары бойынша исбилерменлик тәўекелшилигин қамсызландырыў) шәртнамалары бойынша қамсызландырыў қапламаларының көлемлери ҳәм олар бойынша күтилип атырған жоғалтыўлар ҳаққындағы жәмийеттиң атқарыўшы уйымының есабаты тыңланыўын тәмийинлесин.
- 18. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Агентлик 2019-жыл 1-октябрьден баслап:
исбилерменлик суьъектлерин, соның ишинде, белгили себеплерге бола жумыс ислемей атырған исбилерменлик субъектлерин есапқа алыўдың бирден-бир көзқарасын;
исбилерменлик субъектлериниң демографиясы, соның ишинде, олардың жумыс ислеў дәўири бойынша статистикалық мағлыўматлардың қәлиплестирилиўин;
ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына өз жумысын тоқтатқан исбилерменлик субъектлери ҳаққындағы мағлыўматлардың усынылыўын тәмийинлесин.
- 19. 2019-жыл 1-октябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң экономика ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша биринши орынбасарлары, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Бас министр қабыллаўханаларының аймақлық бөлимлериниң басшыларын өз жумысын тоқтатқан исбилерменлик субъектлериниң исбилерменлик жумысын тиклеў ҳәм оған тартыў, тийисли аймақта олардың санын арттырыў бойынша хошаметлеў ҳәм жуўапкершилигин күшейтиў системасы енгизилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы бәнтти әмелге асырыў механизмлери ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- 20. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте ўәлаяттың жоқары оқыў орынларына өткерилип атырған кәсип-өнер колледжлериниң тийкарында, соның ишинде, жеке меншик сектордың қатнасыўында исбилерменлик, маркетинг ҳәм бизнести басқарыў сыяқлы бизнес бағдарлары бойынша оқытыў ушын Өзбекстанда «Binary» (Малайзия) халықаралық менеджемент ҳәм исбилерменлик университетиниң филиалын ашыў мәселесин көрип шықсын.
- 21. Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов бир ай мүддетте киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған әҳмийетли машқалаларды додалаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары жанында белсенди исбилерменлер, ҳуқықтаныўшылар ҳәм жәмийетшиликтиң басқа да ўәкиллериниң арасынан жәмийетлик кеңеслер дүзилиўин және усы кеңеслер ҳаққындағы үлги режениң тастыйықланыўын тәмийинлесин.
Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңеслери мәжилислеринде айтылған (усынылған) усыныслары ҳәм басламалары кейин ала Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте олардың әмелде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде турақлы түрде Агентликке жиберилетуғынлығы белгилеп қойылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлерине шөлкемлестирилетуғын жәмийетлик кеңеслердиң жумысын нәтийжели жолға қойыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 22. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң экономика ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасарлары системалы түрде:
Агентлик пенен биргеликте киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўы, орынланыўы ҳәм мониторингин шөлкемлестиретуғынлығы;
ҳәр ҳәптениң дүйшемби, шийшемби ҳәм сәршемби күнлеринде районлар ҳәм қалалар секторларының басшылары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимияттың тийисли уйымлары менен биргеликте киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде мәҳәллелерге шығыўды шөлкемлестиретуғынлығы;
Агентликке киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўды хошаметлеў, сондай-ақ, аймақларда киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик ушын зәрүрли хызметлерди көрсететуғын тийисли базар инфраструктурасын қәлиплестириў бойынша усынысларды киргизетуғынлығы белгилеп қойылсын .
- 23. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда – Қор) етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм Агентлик қурамына өткерилсин.
- 24. а) киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин, соның ишинде, халықтың социаллық әззи қатламларының исбилерменлик басламаларын финанслық қоллап-қуўатлаў Қор тәрепинен бас келисимлер тийкарында ўәкилликли коммерциялық банклер арқалы миллий ҳәм сырт ел валютасында әмелге асырылатуғынлығы;
б) киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин, соның ишинде, халықтың социаллық әззи қатламларының исбилерменлик басламаларын финанслық қоллап-қуўатлаў тийкарынан кепилликлер түринде, басқа жағдайларда болса коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсациялар түринде әмелге асырылатуғынлығы;
Агентлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте бир ай мүддетте улыўма қабылланған методика тийкарында кепилликлер, сондай-ақ, коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсациялар түринде финанслық жәрдем алыўшы потенциалы қарыздарлар – киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин таңлаўдың анық нормаларын тастыйықлайтуғыны;
в) кепилликлер, сондай-ақ, коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсациялар финанслық ресурсларға болған талапты есапқа алған ҳалда киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң, сондай-ақ, халықтың социаллық әззи қатламларына олардың белгиленген нормаларына сәйкес келетуғын исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў ушын исбилерменлик жумысының барлық бағдарларындағы жойбарларын қаржыландырыў ушын усынылатуғыны, төмендегилерди нәзерде тутатуғын кредитлер буған кирмейди:
алдын алынған кредитлер ямаса басқа да ҳәр қандай қарызды қайтарыў;
алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў;
саўда – дәлдалшылық ҳәм улыўма аўқатланыў жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң айланыстағы қаржыларын қәлиплестириў;
саўда ҳәм улыўма аўқатланыў объектлерин қурыўды қаржыландырыў;
банк емес кредит шөлкемлери ҳәм лизинг компанияларының ресурс базасын қәлиплестириў;
қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа да ойынларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы мақсетлер ушын үскенелерди сатып алыў;
д) төмендегилер финанслық жәрдем алыў ушын тийкарланған арзаларды Қорға усыныў бойынша жуўапкер шөлкемлер есапланатуғынлығы;
киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлериниң буйыртпалары бойынша – коммерциялық банклер;
халықтың социаллық әззи қатламларының буйыртпалары бойынша – районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Саўда-санаат палатасы, «Мәҳәлле» жәмийетлик қайырқомлық қорының аймақлық бөлимлери жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
25.25. Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) Қордың есабынан коммерциалық банклердиң кредитлери бойынша кепилликтиң ең көп муғдарын кредит суммасының 50 процентине шекемги муғдарында сақлап қалған ҳалда, оның муғдарын 2 миллиард сумнан 8 миллиард сумға шекем көбейтиў;
б) Қор тәрепинен киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине:
суммасы 10 миллиард сумнан, процент ставкасы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасының 1,5 есесинен аспайтуғын миллий валютадағы кредитлер ушын – қайта қаржыландырыў ставкасынан асатуғын, бирақ 5 процент пунктинен көп болмаған бөлеги;
эквиваленти 10 миллиард сумнан аспайтуғын сырт ел валютасындағы кредитлер ушын – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 30 процентине шекем, бирақ 3 процент пунктинен көп болмаған муғдарда коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация усыныў.
Усы бәнттиң талаплары коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын Қор тәрепинен усынылатуғын кепилликлер ҳәм компенсациялардың Өзбекстан Республикасы Президентиниң алдын қабыл етилген ҳүжжетлери ҳәм Ҳүкимет қарарлары менен тастыйықланған шәртлерине енгизилмейтуғынлығы белгилеп қойылсын.
- 26. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте:
«Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жаңа редакциядағы жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларын көрсин;
басқарыў қарарларын қабыл етиў бойынша реформаларды әмелге асырыўды муўапықластырыў ушын мәмлекет аймақларына жиберилген министрликлер ҳәм уйымлар ўәкиллериниң роли ҳәм ўәкилликлерин қайта көрип шықсын.
- 27. Министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, хожалық басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары:
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы нызамы талапларына қатаң түрде әмел еткен ҳалда исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик сатып алыўлар процесине кеңнен тартыў арқалы барлық мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўлардың ашықлығын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў бойынша нәтийжели илажларди көрсин;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы нызамға муўапық болмаған тапсырмалары, соның ишинде, нызамда нәзерде тутылмаған, бирден-бир жеткерип бериўшиден тиккелей сатып алыў имканиятын нәзерде тутатуғын протоколлар түриндеги тапсырмаларды киргизиў әмелияты қатаң түрде қадаған етилсин;
мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда бурынғысынан басқаша түрде тиккелей шәртнамаларды дүзиў ҳуқықын бериўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў қадаған етилсин.
- 28. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Орайлық банк пенен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталы ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң мәлимлеме системаларын интеграциялаған ҳалда корпоратив буйыртпашылардың әмелге асыратуғын мәмлекетлик сатып алыўлары бойынша төлемлер есабын жүргизиў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 29. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм «Давергеодезкадастр» комитети еки ай мүддетте өз структураларын функционаллық жақтан жетилистириў ҳәм төмендегилер менен байланыслы айырым ўәкилликлерди аймақлық бөлимлерге өткериўди нәзерде тутқан ҳалда, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў тараўында олардың аймақлық бөлимлериниң ролин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин:
қурылыс объектлерин жойбарластырыў, қурыў, қабыллаў, пайдаланыў ҳәм оңлаў, рухсат бериўдиң тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў, қурылыс инспекциясын әмелге асырыў, басқа да түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў;
жер дүзиўди шөлкемлестириў, жерден пайдаланыў ҳәм оны қорғаў, жер ресурсларын есапқа алыў, баҳалаў ҳәм мониторинг етиў, усы тараўда системалы мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, басқа түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў.
- 30. Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын киргизиўде исбилерменлик жумысы тараўында ишки ҳәм сыртқы инвестицияларды тартыўды хошаметлеўге қаратылған мийнет қатнасықларын жетилистириў бойынша нормаларды нәзерде тутсын.
- 31. «Өзстандарт» агентлиги Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте алты ай мүддетте ҳалықаралық ҳәм миллий стандартларға муўапық товарлар (жумыслар, хызметлер)дың миллий классификаторын ислеп шықсын.
- 32. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы ПҚ-4231-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Аймақларда халықты исбилерменликке кеңнен тартыў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы жумысларды муўапықластырыў бойынша республикалық комиссиясына усы Пәрманда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў және илажлардың муўапықластырылыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленсин.
- 33. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-марттағы «Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жумысын жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-5679-санлы Пәрманының 1-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- 34. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына 2019-жыл 1-октябрьден күшке киретуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер 2-қосымшаға муўапық киргизилсин.
- 35. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги:
бир ҳәпте мүддетте Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 36. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 13-август