Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 26-сентябрьдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын талабанларды мақсетли таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3290-санлы қарарында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў және студентлердиң турақлы жасаў орынларына жақын болған аймақта билим алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 24-июль күнги №669 буйрығы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогика факультети шөлкемлестирилди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогика факультети Елликқала районы Халықлар дослығы көшеси 2-жайда жайласқан Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бостан академиялық лицейинде өз жумысын баслайды.

Буйрық тийкарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бостан академиялық лицейиниң имаратлары тийисли аймағы ҳәм мүлклери менен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогика факультетине өткериледи.

Сондай-ақ, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаңадан шөлкемлестирилип атырған факультетте орнатылған тәртипте билимлендириў процесин шөлкемлестириў, Елликқала районы ҳәм оған жақын болған аймақларда жасайтуғын студентлерден ибарат топарлар шөлкемлестириў ҳәм усы топарларды Елликқала педагогика факультетине бириктириў, факультетти тәжирийбели профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша жумысларды алып барады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.