24-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында Нурсултан Назарбаев мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Президентиниң туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик  қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисиўдеги жеке үлесин айрықша атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев, өз гезегинде, қутлықлағаны ҳәм жақсы тилеклери, сондай-ақ, көп қырлы Өзбекстан-Қазақстан бирге ислесиўиниң раўажланыўы ҳәм беккемлениўин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын Нурсултан Назарбаевқа миннетдаршылық билдирди.

Кейинги жылларда еки мәмлекет арасында товар алмасыў көлеми бир неше есеге өсти, әҳмийетли бағдарларда перспективалы кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта, транспорт ҳәм транзит коммуникациялары тараўындағы бирге ислесиў кеңеймекте.

Бирге ислесиўдиң жаңа бағдары – аймақлараралық алмасыўлар жолға қойылды. Исбилерменлик байланыслары жеделлести. Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде туўысқан халықларымыз дослығы ҳәм жақсы қоңсышылығын беккемлеўге хызмет етип атырған биргеликтеги илажлар өткерилмекте.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Қазақстан Бас министрлериниң басшылығындағы қоспа Ҳүкимкетлераралық комиссия жумысы шеңберинде әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА