Ҳүрметли ўатанласлар!

Дүньядағы барлық мусылман үммети ушын уллы ҳәм қәдирли болған усы саадатлы, уллы әййямда сиз, әзизлерди, елимиздеги барлық мөмин-мусылманларды, пүткил халқымызды Рамазан ҳайыты менен қызғын қутлықлайман.

Муқаддес динимиздиң жақсылық ҳәм инсаныйлық, мийрим-шәпәәт сыяқлы уллы пазыйлетлери және де айқын көзге тасланатуғын усы көтериңки демлерде бәршемиз, бәринен бурын, Алла таалаға шаңарағымыз, ел-журтымыз бенен биргеликте бүгинги қутлы ҳәм берекетли күнлерге жеткергени ушын шексиз шүкиршилик етемиз.

Рамазан айының пайызлы, берекетли күнлеринен кеўлимиз толып, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, ҳүрметли нуранийларға, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға меҳир ҳәм итибар көрсетиў, зәрүр инсанларға бийғәрез жәрдем бериў сыяқлы саўаплы ислерди әмелге асырыўға умтыламыз.

Бундай уллы мақсет ҳәм ҳәрекетлер елимизди раўажланған мәмлекетлер қатарына алып шығыў, халқымызды турмыстан разы етиўге қаратылған реформаларымыздың мазмун-мәнисине ҳәр тәреплеме үнлес ҳәм сәйкес екени, айрықша, итибарлы болып табылады.

Усы мәнисте, бир неше жүз жыллық тарийх ҳәм мәдениятымыздың, миллий өзлигимиздиң ажыралмас бөлегине айланып кеткен муқаддес динимизди сақлаў, ата-бабаларымыздың бийбаҳа руўхый-ағартыўшылық мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў биз ушын оғада әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Соңғы ўақытта елимизде усы бағдарда үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғаны, теберик зыярат етиў орынлары абат етилип, жаңа илимий, мәдений ҳәм диний орайлар, билимлендириў орынлары шөлкемлестирилип атырғаны бәршеңизге жақсы белгили.

Быйыл мүбәрек Рамазан күнлеринде Термиз қаласында Ҳәким Термизий, Ташкент қаласында Сузук ата ҳәм Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф сыяқлы уллы бабаларымыздың атлары менен аталған диний комплекслер, жоме мешитлери пайдаланыўға тапсырылғаны, орынларда бес баслама ҳәм басқа да социаллық-мәнаўий бағдарламаларымыз шеңберинде ел-журтымыз, атап айтқанда, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын қолайлы мийнет және турмыс шараятлары жаратылып атырғаны бул жолдағы жаңа қәдемлер болды.

Өзбекстанның «Жаўызлыққа қарсы-ағартыўшылық» деген принцип тийкарында дүнья көлеминде тынышлық ҳәм парахатшылықты сақлаў, ҳүждан еркинлиги ҳәм динлераралық кеңпейилликти тәмийинлеў, ислам дининиң инсаныйлық мәнисин халқымызға және дүнья халқына жеткериў бағдарындағы басламалары халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланбақта.

Усы уллы әййям күнлеринде узақ ҳәм жақын мәмлекетлерде жасап атырған мөмин-мусылман досларымызды, барлық дос ҳәм шериклеримизди қызғын қутлықлап, олардың халықлары ҳәм еллерине тынышлық және турақлылық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Гөззал диярымызда мүбәрек Рамазан қуўанышы гезип жүрген усы күнлерде байрам кейпияты барлық қала ҳәм аўылларымызға кирип барыўы, бул әййямды және де мазмунлы өткериў ушын шараят жаратыў мақсетинде 5-6-июнь мәмлекетимизде дем алыс күнлери деп жәрияланды.

Уллы бабамыз Имам Бухарий ҳәзиретлеринен рәўият етилген ҳәдиси шәрипте айтылғанындай, «Шын мәнисиндеги мусылман өзине мақул көрген барлық жақсылықларды басқа инсанларға да мақул көреди».

Шынында да, турмыстағы ийгиликли ҳәм саўап әмеллерди орынлап, шаңарағының, перзентлериниң, ел-журтының бахыт-ығбалын ойлап, ҳадал мийнет етип жасаў мусылман халқы ушын ийман-исенимниң әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Дин диянатымыз ҳәм заман руўхын қәлбимизге терең сиңдирип, бүгинги турмыстың әҳмийетли талабы болған илим, инновация ҳәм раўажланыў табыслары менен қуралланып, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында шын берилип мийнет етсек, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге, әлбетте, ерисетуғынымызға исенимим кәмил.

Сиз, әзиз ўатанласларымызды муқаддес Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Нийети пәк, мақсетлери уллы халқымыздың усы теберик күнлерде әмелге асырып атырған барлық ибадатлары, жақсы пәтиялары иске ассын!

Муқаддес әййям-Рамазан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

ӨзА