Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларының саны 104 ке жеткен. Олардың 87 си жергиликли жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың филиаллары болса, 17 си сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың филиаллары болып есапланады.

Өзбекстан регионлары бойынша жоқары оқыў орынларының саны төмендегише:

1) Ташкент қаласында 42;

2) Самарқанд ўәлаятында 10;

3) Қарақалпақстан Республикасында 9;

4) Ферғана ўәлаятында 8;

5) Сурхандәрья ўәлаятында 6;

6) Әндижан ўәлаятында 5;

7) Ташкент ўәлаятында 5;

8) Бухара ўәлаятында 4;

9) Қашқадәрья ўәлаятында 4;

10) Наманган ўәлаятында 3;

11) Хорезм ўәлаятында 3;

12) Жиззақ ўәлаятында 2;

13) Наўайы ўәлаятында 2;

14) Сырдәрья ўәлаятында 1.

 

Министрликтиң хабар бериўинше, алдағы жылларда жоқары оқыў орынлары тармағы еле де кеңейтилип, тек ғана ўәлаятлардың орайлары менен ири қалаларда емес, ал республиканың районларында да жергиликли ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынларының филиаллары шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.