Министрлер Кабинетиниң «Жанармай-энергетикалық ресурслардың баҳасы ҳәм тарифлерин басқышпа-басқыш өзгертиў ҳаққында»ғы 2018-жыл 1-ноябрьдеги қарарына тийкарланып 2019-жылдың 1-июнь күнинен баслап тәбийғый газ ушын тарифлер, суйытылған газ ҳәм электр энергиясы ушын баҳалар қымбатлаўы белгилеп қойылған еди. Бирақ, баҳалар қымбатламады.
Себеби, жанармай-энергетикалық ресурсларды сатыў ҳәм олардан ақылға муўапық пайдаланыў бойынша базар механизмлерине өтиўдиң тәсирин жеңиллестириў мақсетинде 2019-жыл 31-май күни Министрлер Кабинетиниң жаңа қарары тастыйықланды, деп жазады ӨзА.
«Жанармай-энергетикалық ресурслардың айырым түрлери ушын тариф сиясатын еле де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы усы қарар тийкарында 2019-жыл 1-июньнан баслап тәбийғый газ ушын тарифлер, суйытылған газ және электр энергиясы ушын баҳалардың қымбатлағаны бийкар етилди.
Усы қарар тийкарында тараўға байланыслы басқа жаңалықлар да әмелиятқа енгизилмекте. Сайтымыз арқалы олар ҳаққында мағлыўмат беремиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги