Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине қосымша түрде 70 басқарыў хызметкерлери штат бирлиги ажыратылмақта.

 Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында Президент қарары қабыл (ПҚ – 4332, 23.05.2019-жыл) етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» хабар бермекте.

Қарарда атап өтилиўинше, пайдаланылмай атырған объектлерден нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, бос турған ҳәм қурылысы жуўмақланбаған объектлердиң өндирислик жумысын тиклеўге қаратылған инвестициялық жойбарлар («жол карталары»)ды ислеп шығыў бойынша уйымлараралық комиссияның жумысшы уйымының функциялары Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине жүкленди.

Министрликке қосымша түрде 70 басқарыў хызметкерлериниң штат бирлиги, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, ўәлаятлық және Ташкент қалалық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда басқармаларына бесеўден штат бирликлери ажыратылды.

Қарарға муўапық, төмендеги лаўазымлар енгизилди:

  • ҳәким орынбасары – ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда басқармасының баслығы;
  • ҳәким орынбасары – район (қала)лық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы.

Қарар менен айырым ўәлаят, қала, район ҳәкимликлериндеги бир қатар лаўазымлар, соның ишинде, Бухара, Самарқанд, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимликлериндеги ҳәкимниң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға жәрдемлесиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы сапластырылды.

Ўәлаятларда, районларда (қалаларда) киши санаат зоналарын ҳәм Ташкент қаласында санаатты раўажландырыў бойынша ўазыйпалар ҳәкимниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша тийисли биринши орынбасарына жүкленди.

Сондай-ақ, қарар менен Инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў орайы шөлкемлестирилип, оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары белгиленди.

Орай директоры Ҳүкимет тәрепинен тайынланады ҳәм ол материаллық тәмийнат, социаллық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шәртлери бойынша министр орынбасарына теңлестириледи.

 

ӨзА