Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты математика-информатика факультетинде Португалияның Гуарда политехника институты билимлендириў, коммуникация ҳәм спорт кафедрасы профессоры Педро Тадеу 2- ҳәм 3-курс студентлерине информатика пәнинен лекция оқыды.
Мектеплерде, әсиресе, баслаўыш классларда математика, информатика пәнлеринен балалардың көнликпелерин беккемлеў, оларға ойын усыллары арқалы билим бериў, сондай-ақ, тараўдағы соңғы жаңалықлар ҳаққында студентлерге өз билим ҳәм тәжирийбелери менен бөлисти.
Сондай-ақ, португалиялы профессор институт ректоры Б.Отемуратовтың қабыллаўында болып, Эразмус+ халықаралық жойбары тийкарында Нөкис қаласында мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў тармақларында ең соңғы заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық жойбарларды биргеликте ислеў ҳәм әмелге асырыў бойынша пикир алмасты ҳәм өз-ара келисип алынды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.