Усы жыл 15-май күни Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлар ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында шөлкемлестирилген қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсының гезектеги питкериўшилерине сертификатлар тапсырыў салтанаты болды.
Илажда Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының биринши орынбасары, полковник Қ.Зоидов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары И.Ахмедов, интернационалист-жаўынгер Б.Жумашев шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында елимизде жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықтың алдын алыў, халқымыздың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсын шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң руўхый-ағартыўшылық және ҳуқықый саўатын арттырыў, олардың әскерий ҳәм физикалық таярлығын жетилистириў болып табылады. Сондай-ақ, халқымыз, соның ишинде оқыўшы ҳәм жәмлеспеген жаслар арасында дөгерек сәўбетлерин, мәдений илажлар, спорт жарысларын өткериў арқалы оларды жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықтың алдын алыўға бирлестириў болып табылады. Бүгинги күнге оқыў курсын ишки ислер уйымларының бес жүзден зыят хызметкери питкерип шығып, алған теориялық ҳәм әмелий билимлерин күнделикли хызмет ўазыйпасын атқарыў пайытында кеңнен қолланбақта.
Илажда қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсының гезектеги питкериўшилерине сертификатлар, сондай-ақ, профилактика инспекторларының хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында пайдаланыўы ушын процессуаллық ҳүжжетлердиң көширмелери, басқа да керекли әнжамлардан ибарат ҳуқуқбузарлықлар профилактикасы портфельлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-декабрьдеги «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Мәҳәлле сақшысы» лаўазымлары сапластырылып, профилактика инспекторларының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшилери лаўазымлары енгизилген еди. Илажда Нөкис қалаллық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы профилактика инспекторларының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшилерине хызмет гүўалықлары берилди.
-Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, шаңарақлар ҳәм жаслар арасында әмелге асырылған үгит-нәсият жумысларының нәтийжесинде аймағымызда жынаятшылық өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда азайыўына ерисилди,-дейди Нөкис қаласындағы «Алланияз қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйыны профилактика инспекторының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшиси Турдымурат Қошмуратов.-Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде белсендилик көрсеткен жәрдемшилердиң мийнетиниң мүнәсип баҳаланыўы, олардың ишки ислер уйымларының жоқары оқыў орынларына квота тийкарында жеңилликли кириў ҳуқықының берилиўи аймағымызда жәмийетлик тәртипти сақлаўдай әдиўли ўазыйпаны минсиз атқарыўда бизлерге күш-қуўат бағышлайды.
Илаж жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги оператив ўазыйпаларды орынлаўшы отряды ҳәм Арқа-батыс әскерий округи әскерий хызметкерлериниң көргизбели шығыўлары болды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.