Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы жылларда химия санааты кәрханаларын қаржы-экономикалық саўалландырыў ҳәм олардың жумысын турақластырыў, әмелдеги өндирислерди модернизациялаў, углеводород шийки затын ҳәм минерал ресурсларды терең қайта ислеў бойынша жаңа қуўатлықларды жаратыўға қаратылған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў арқалы тармақты буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп бериў, сондай-ақ, ислеп шығарылып атырған жоқары қосымша қунлы химиялық өнимлердиң номенклатурасын кеңейтиў бағдарындағы илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, химия санаатын жедел раўажландырыў ҳәм диверсификациялаўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў, бәринен бурын, мәмлекетлик активлерди жеке меншик мүлкке сатыўдың есабынан кәрханалардағы мәмлекеттиң үлесин қысқартыў, корпоративлик басқарыўдың заманагөй усылларын, қаржылық есаплардың халықаралық стандартларын және кәрханалардың басқарыў структурасын жетилистириў арқалы тармақтың инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша тәсиршең илажлар көрилиўи зәрүрлигин талап етпекте.
Химия санаатын буннан былай да раўажландырыў, оның инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм тармақты диверсификациялаўға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўдың көлемлерин кеңейтиў мақсетинде:
- «Ўзкимёсаноат» АЖның Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте оптималластырылған жаңа перспективалы жойбарлар менен толықтырылған, есапланған қуны 12,1 миллиард АҚШ долларына тең, соның ишинде, 1,7 миллиард АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм кредитлериниң есабынан 31 инвестициялық жойбарды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын және төмендегилерге қаратылған 2019-2030-жылларда химия санаатын раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық мақуллансын:
азотлы, фосфорлы, калийли ҳәм қурамалы минерал төгинлерди, усы өнимлерди «Навоийазот» АЖ, «Самарқанд кимё» АЖ, «Фарғонаазот» АЖ, «Қўқон суперфосфат заводи» АЖ, «Аммофос-Максам» АЖ, «Деҳқонобод калий заводи» ЖШЖ тийкарында, сондай-ақ, Сырдәрья ўәлаятының Янгиер қаласы ҳәм Наўайы ўәлаятының Тамды районында өндирис бойынша әмелдеги қуўатлықларды модернизациялаў, кеңейтиў және энергиялық жақтан нәтийжели жаңа қуўатлықларды жаратыў;
«Ўзбекнефтьгаз» АЖ менен биргеликте ҳәм жетекши сырт ел компанияларының қатнасыўында және алдынғы технологиялар ҳәм заманагөй инновациялық исленбелерди қолланған ҳалда полимер өнимлери, соның ишинде, полиэтилентерефталат (ПЭТ), поливинилхлорид (ПВХ), синтетикалық каучук, полистирол, полиуретан, полиол, акрилонитрил-бутадиен-ситрол (АБС) пластик, полиакрилонитрил (ПАН) өнимлерин шығарыў бойынша жаңа өндирислерди жаратыў;
тармақлық кәрханалардың қолда бар өндирис қуўатлықларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин, олардың тийкарында экономика тармақларында талап етилип атырған химиялық өнимлердиң жаңа түрлерин, соның ишинде, меламин, метиламин, формальдегидли, карбамид-формальдегидли ҳәм меломин-формальдегидли смолалар, этилацетат, азықлық дуз, натрий бикарбонаты, хлор-уксус кислотасы, натрий нитраты, бутилацетат, тринатрийфосфат, нитроцеллюлоза, металлургия, нефтьгаз ҳәм тоқымашылық санаатлары ушын реагентлер, катализаторлар ҳәм химиялық бирикпелер, сондай-ақ, полимер фитинглер, биаксил бағдарланған полипропилен плёнкасы (БОПП), өнимликлерди химиялық қорғаў қураллары ҳәм оларды өндириў ушын әмелдеги статьяларды шығарыў бойынша өндирислик кластерлерди шөлкемлестириў.
- Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Химия тармағында реформаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
тармақтың айырым кәрханаларының активлерин жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына сатыў арқалы әмелдеги өндирислерди модернизациялаўға ҳәм кеңейтиўге тиккелей инвестицияларды тартыўды хошаметлеў;
«Ўзкимёсанаот» АЖ шөлкемлестириў структурасын жетилистириў ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымларының еркинлигин ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған корпоративлик басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў;
химия тармағы кәрханаларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қаржылық жағдайын буннан былай да жақсылаў.
- «Ўзкимёсанаот» АЖ, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекеттиң ҳәм «Ўзкимёсанаот» АЖ үлеслерин төмендеги тәртипте сатыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
а) инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиў шәрти менен потенциалы жоқары инвесторлар менен тиккелей сөйлесиўлер алып барыў жолы арқалы:
«Самарқандкимё» АЖ устав капиталындағы 60,35 процент мәмлекетлик акцияларды ҳәм «Ўзкимёсанаот» АЖның 39,65 процент акцияларын экологиялық жақтан зыянсыз заманагөй химиялық өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў шәрти менен «ноль»лик сатып алыў нырқында;
«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ устав фондындағы «Ўзкимёсанаот» АЖның 51 процент үлесин кәрхананың өндирислик қуўатлылығын жылына 200 мың тоннадан 450 мың тоннаға шекем көбейтиў ҳәм жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў ушын инвестицияларды тартыў шәрти менен базар нырқында;
«Қўқон суперфосфат заводи» АЖ устав капиталындағы 70,54 процент мәмлекетлик акциялар ҳәм «Ўзкимёсанаот» АЖның 25 процент акциялары – «Индорама» (Сингапур) компаниясына суперфосфат ислеп шығарыў қуўатлылығын 100 процент сап ҳалда 63 мың тоннаға жеткериў ҳәм жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў бойынша инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиў шәрти менен 4,3 миллион АҚШ доллары муғдарында сатып алыў нырқында;
б) «Фарғонаазот» АЖ устав капиталындағы 48,05 процент мәмлекетлик акциялар ҳәм «Ўзкимёсанаот» АЖ ның 2,95 процент акцияларын инвестор тәрепинен аммиак ислеп шығарыў қуўатлылығын жылына 660 мың тоннаға, карбамидти – 600 мың тоннаға, аммиаклы селитраны – 700 мың тоннаға ҳәм азот кислотасын – 530 мың тоннаға жеткериў бойынша инвестициялық миллетлемелерди қабыл етиў шәрти менен – таңлаў саўдаларында базар нырқында;
в) «Электркимёзавод» ҚК АЖ устав капиталындағы «Ўзкимёсанаот» АЖның 26,14 процент акцияларын – ашық саўдаларда базар нырқында;
г) «Жиззақ пластмасса» АЖ устав капиталындағы 25 процентке шекем акциялар – дәслепки басқышта бирлемши ғалабалық усынысты (IPO) өткериў тийкарында;
д) төмендегилер арқалы:
«Деҳқонобод калий заводи» ЖШЖны акционерлик жәмийетине өзгертиў және жәмийеттиң устав капиталындағы 51 процент ҳәм оннан зыят акцияларды потенциаллы инвесторлар бар болғанда ҳәм олар тәрепинен гранулаланған хлорлы калий, калий сульфаты ҳәм калий дузларының басқа да түрлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, жүк тасыўшы аспа жол ҳәм сыртқы электр тәмийнаты линияларының қурылысын жуўмақлаў бойынша инвестиция, сондай-ақ, социаллық миннетлемелерди қабыл етиў шәрти менен оларды тиккелей сөйлесиўлер өткериў арқалы сатыў имканиятын нәзерде тутқан ҳалда таңлаў саўдаларында базар нырқында;
«Биринчи резинотехника заводи» ЖШЖны акционерлик жәмийетине өзгертиў ҳәм жәмийеттиң устав капиталының 51 процентке шекем болған муғдарда қосымша шығарылған акцияларын потенциаллы инвесторлар бар болғанда ҳәм түскен қаржыларды жәмийеттиң инвестициялық жойбарларын әмелге асырыўға және тартылған кредитлерди қайтарыўға қарата отырып оларды тиккелей сөйлесиўлер өткериў арқалы реализациялаў имканиятын нәзерде тутқан ҳалда ашық саўдаларда базар нырқында сатыў.
- «Қўқон супер фосфат заводи» АЖ ҳәм «Фарғонаазот» АЖ устав капиталларындағы мәмлекетлик үлести сатыўдан түскен қаржылар, бурынғысынан басқаша тәризде, «Ўзкимёсанаот» АЖ устав капиталындағы мәмлекеттиң үлеси сыпатында, бул қаржылардан усы қарарға 1-қосымшада көрсетилген инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда мақсетли пайдаланыў ушын Химия санааты шөлкемлерин раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қорына толық қаратылатуғыны;
«Ўзкимёсанаот» АЖ оның қурамындағы қайтадан дүзилген шөлкемлерге тийисли юридикалық шахслардың 50 процент ҳәм оннан артық акцияларына ийелик етиўге кирисиўи жаңадан сатып алынған акциялар пакети деп есапланбайтуғыны;
усы қарарға муўапық тармақ кәрханаларын қайта шөлкемлестириўде шөлкемнен шөлкемге өткерилетуғын мүлк, мүлк ҳуқықлары, сондай-ақ, акциялар, үлеслер ҳәм активлер және мәмлекетлик активлерди сатыўдан түскен, соның ишинде, «Ўзкимёсанаот» АЖ устав капиталына өткерилетуғын дәраматлар нырқы юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы, бирден-бир салық төлеми, төлем дерегинен төленетуғын дивидентлер көринисиндеги дәрамаларға салық есаплаўда салық салынатуғын базаға киргизилмейтуғыны;
Дийханабад калий заводының акцияларын потенциаллы инвесторларға тиккелей сөйлесиўлер өткериў ямаса қосымша акцияларды шығарыў арқалы, соның ишинде, оларға инвестициялық миннетлемелерди жүклеген ҳалда, сатыўдан түскен қаржылар жәмийеттиң Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры алдындағы кредитлерин қайтарыўға қаратылатуғыны;
хожалық басқарыў уйымларының устав капиталына өткерилген хожалық жәмийетлериниң устав капиталларындағы үлеслерине ийелик етиў олардың басқарыў уйымларының қарарлары менен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте минерал төгинлердиң баҳасының кескин өзгериў қәўпин және пахта шийки заты ҳәм ғәллениң қунына тәсириниң алдын алыўды есапқа ала отырып минерал төгинлерге болған баҳаларды қәлиплестириўдиң базар механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, минерал төгинлерди сатып алыў ушын биржа саўдаларында барлық қатнасыўшыларға (қарыйдарларға) теңдей шараятларды тәмийинлеў бойынша ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм «Ўзкимёсанаот» АЖның усы қарарға 3-қосымшада көрсетилген улыўма нырқы 85,1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы, соның ишинде, қаржыландырыў дәреги сыпатында тимккелей сырт ел инвестицияларын тартыўдың есабынан «Ўзкимёсанаот» АЖ инвестициялық жойбарларын қаржыландырыўға Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржыларын оптималластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы аймағына СЭЖ ТН бойынша 4011 ҳәм 4012 коды менен импорт етилетуғын автомобиль ҳәм аўыл хожалығы шиналарына бажыхана бажыларының аралас ставкасы енгизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-августтағы «2017-2021-жылларда химия санаатын раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-3236-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги «Ўзкимёсаноат» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республика Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке ҳәм Өзбекстан Республика Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республика
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 3-апрель