АҚШ Мийнет департаменти Өзбекстанда жетистирилген пахтаны мәжбүрий ямаса балалар мийнети арқалы жетистирилген өнимлердиң «қара дизими»нен шығарды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Өткен жылдың жазында басланған тексериў нәтийжесинде ҳәзирги ўақытқа келип, бул мәмлекеттиң пахта атызларында балалар зорлап ислетилип атырғаны жоқ, деп табылған. Мийнет департаменти Өзбекстанды дизимнен шығарыў бойынша дәслепки усынысын 2018-жыл 31-июльда киргизген еди.

Министрлик бул бағдарда Өзбекстан ҳүкимети, инсан ҳуқықлары шөлкемлери, Вашингтонда тийкарланған «Пахта кампаниясы» халықаралық коалициясы берген есапларды үйренип шыққан.

– АҚШ ҳүкимети департаментлери бар мағлыўматлар ҳәм жетип келип атырған мәлимлемелерди үйренип шығып, Өзбекстандағы пахта өнимин жетистириўде балалардың мәжбүрий мийнетинен пайдаланыў сезилерли дәрежеде кемейгенине ҳәм балалар мийнети тек айрым жағдайларда ғана бақланған, деген жуўмаққа келди. Соның ушын, енди бул өним ЕО  дизиминде қалыўына тийкар жоқ, – деп жазылған АҚШ Мийнет департаментиниң баянатында.

Бул қарардың әҳмийетли тәрепи сонда, Американың қандайда бир компаниясы ямаса шөлкеми мәжбүрий ямаса балалар мийнети менен жетистирилген өним менен ислей алмайды. 1999-жылы енгизилген тәртипке муўапық, балалар мийнети бақланатуғын мәмлекетлер менен байланыс шеклениўи керек.

Өзбекстан пахтасын «қара дизим»нен шығарыў республика менен бирге ислесиўди аңсатластырады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги