Республикалық Гидрометеорологиялық орайының мәлим етиўинше, 15-март күни Қарақалпақстанда ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды.
Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте есетуғын самал айырым жерлерде секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин.
Түнги ўақытлары 5-10 градус, күндизги ўақытлары 13-18 градус жыллы болыўы күтиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги