Бул порталда халықаралық рейтинглер бойынша жыллық есабатлар жарытылып барылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 25-февральда «Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглер ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2019-жылдың 1-апрелине шекем Интернет тармағында «Өзбекстан Республикасы халықаралық рейтинглерде» бирден-бир порталы жаратылады.

Бул порталда халықаралық рейтинглер бойынша жыллық есабатлар, сондай-ақ, есабатларды үйрениў ҳәм жәриялаў мүддетлерин көрсеткен ҳалда тийисли бағдарлар бойынша жумыслардың жағдайын жақсылаўға қаратылған халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлердиң усыныслары жарытылып барылады.

2019-жылдың 1-апрелине шекем Өзбекстанның миллий мәплерин есапқа алып сырт еллердиң унамлы тәжирийбесине тийкарланған рейтинглер методологиясы тастыйықланады.

Өзбекстанның халықаралық рейтинглердеги орнын, соның ишинде, изертлеў институтларының мағлыўматларын ҳәм үйрениў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда жақсылаў бойынша ҳәр жылы «Жол карталары» ислеп шығылады.

ӨзА