Президент қарары менен бул бойынша әмелге асырылатуғын илажлар белгилеп берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-февраль күни «Қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Бул ҳүжжет фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, мәмлекетте турақлы санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды тәмийинлеў бойынша илажларды күшейтиў ҳәм усы система мәкемелериниң ресурс потенциалын беккемлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли.
Усы ҳүжжет пенен:
- 2019-2021-жыллары туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлерин тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша комплексли илажлары;
- 2020-2021-жыллары фтизиатрия мәкемелериниң имаратларын реконструкциялаў илажлары бағдарламасы;
- 2020-2021-жыллары фтизиатрия мәкемелерин заманагөй диагнозлаў, емлеў ҳәм реанимация үскенелери менен тәмийинлеў илажлары бағдарламасы;
- 2020-2021-жыллары туберкулёзге қарсы санаторияларды заманагөй реабилитациялаў, диагнозалаў ҳәм лабаратория үскенелери менен тәмийинлеў илажлары бағларламасы тастыйықланды.
ӨзА