Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги Президентимиздиң баянатын қайта-қайта оқып танысар екенбиз, кеўлимиз бүгинги азат ҳәм абат турмысқа, тынышлық ҳәм татыўлыққа, перзентлеримиздиң бахты ҳәм камалына, елимиздеги үлкен ҳәм кең көлемли дөретиўшиликке мақтаныш сезимлери менен толып-тасады.
Әсиресе, Президентимиз Конституциямыздың өмиршең күши ҳәм үлкен потенциалы ҳаққында сөз етер екен «Халық пенен турақлы пикирлесиў, адамлардың ғам-тәшиўишлерин шешиў, оларды разы етиў жумысымыз өлшемине айланбақта. Баслаған үлкен реформаларымызды нәтийжели әмелге асырыўда усы мәселелердиң әҳмийети күн сайын артып атырғанын өмирдиң өзи көрсетпекте. Әйне сол себепли Бас нызамымызды терең үйрениў, түсиниў, турмысқа енгизиў ҳәм оған сөзсиз әмел етиў – бәршемиздиң мақтанышлы миннетимиз болып табылады» деген сөзлеринен әзиз Ўатанымыздың раўажланыўы ушын алдымызда үлкен жуўапкершилик турғанын қайта-қайта түсинбектемиз.
Усы орында мен Конституция байрамымыз күнлеринде халқымыздың кеўлинен кешкен ойларды келтирип өтиў орынлы деп ойлайман. Себеби, буннан еки жыл бурын тап усындай күнлерде үлкен исеним менен Шавкат Мирзиёевти Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайлаған едик. Бүгин халқымыз елимизде усындай зийрек, узақты көре алатуғын инсанның мәплерин барлық нәрседен жоқары қоятуғын, дана, инсанпәрўар, халықшыл басшы басқарып атырғанынан төбеси көкке жетпекте. Азат, абат турмысымыз, пәраўанлық, тынышлық-татыўлық Президентимиздиң Өзбекстан Конституциясы бахтымыздың ҳақыйқый тийкары екенин әмелий ислерде көрсетип бергенинде айқын болмақта.
Конституциямызда белгилеп қойылған халық ҳәкимияты, нызамлардың әҳмийетлилиги, сыртқы сыясаттың өз-ара дослық ҳәм бирге ислесиўге қаратылғаны, пуқаралық, жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер, сиясий ҳуқықлар, пуқаралардың миннетлери, шаңарақ, жәмийетлик бирлеспелер, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик принциплериниң мәмлекетимизде избе-из әмелге асырылып атырғанын Президентимиздиң әмелий ислеринде айқын көрмектемиз.
Әсиресе, кейинги еки жылда жәмийетлик әдалат беккемленип атырғаны, халықаралық ҳуқықтың жоқарылығы, инсанпәрўар, ҳуқықый мәмлекет қурыў, тынышлық, миллий татыўлық, халық өз дәртин ашық айтыўы, машқалалардың шешилиўи, пуқаралардың мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеў – Президентимиздиң сөзи менен айтқанда «Халықтың өмирден разы болып жасаўы», кеңпейиллик принциплери турмысымыз мазмунына айланды. Сана-сезимимиз жаңаланды. Жақсы жасаў өзимизге, өзимиздиң потенциалымызға, парасатымызға байланыслы екенин түсинип жетпектемиз.
Сондай-ақ, Президентимиз өз баянатында әдил судлаўды қәлиплестириў, пуқараларымыздың тынышлығы, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, Ишки ислер, Миллий гвардия Әскерлери бөлимшелерин қоллап-қуўатлаў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы кескин гүресиў, салық сиясатын жетилистириў, туризмди раўажландырыў, жедел исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инвесторлар ушын шараятлар жаратып бериў, билимлендириў, медицина, социаллық қорғаў, Парламент, ҒХҚ жумысы мәселелерине де үлкен итибар қаратып өтти.
Булардың бәри Президентимиз атап өткениндей «…пуқараларда да реформаларға болған жуўапкершилик үлеси қәлиплесиўи керек. Әне сонда ғана гөзленген мақсетлерге ерисип, алдымызға қойылған ўазыйпалардың толық орынланыўына ерисемиз».
Халқымыз Конституциямыз қабыл етилгениниң 26 жыллығын белгилер екен, Конституцияның IV-V бапларында көрсетилген, халықаралық қатнасықлар, өз-ара бирге дослық, барлық пуқаралардың теңдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болыўы, ҳуқық ҳәр еркинликлерге қол қатылмаслық, мәмлекетимиз ҳәм пуқараларды ҳуқықый қорғаў ҳәм оларға қайырқомлық етиў кепилленгенин айрықша мақтаныш пенен атап көрсетпекте. Сондай-ақ, Коституцияның XVII-бабында беккемлеп берилген Қарақалпақстан Республикасының қорғалыўы, оның өз Конституциясына ийе болыўы, өзиниң админстративлик аймақлық дүзилиси мәселелерин өзи бийғәрез шешиўи турмыста өз көринисин таппақта. Конституцияның нәтийжесинде қарақалпақ халқының неше әсирлик арзыў-үмитлери бүгин әмелге аспақта.
Бердақтың «Журт ғамхоры керек маған» деп жазған үгитлери әмелге асқанын бүгин өзимиз көрип, кеўлимиз толып атырғаны ҳақыйқат. Президентимиз халық сөзи менен айтқанда Бердақ баба болжаған ҳақыйқый журт ғамхоры.
Қарақалпақстан кеңпейил үлке. Биз қарақалпақ халқы миллет қәдирин бәлен тутатуғын, кеўли бийпаян кеңисликлердей кең, сөзи суўдай тынық, кеўлиндеги тилинде туратуғын халықпыз. Президентимиз буны шын кеўлинен сезеди. Биз буны Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген меҳир ҳәм ғамхорлығында айқын көрмектемиз.
Қарақалпақстанда Аграр тараў раўажланыў жолына түсти. Санааттың барлық түри халықтың абаданлығы ушын хызмет етпекте. Қарақалпақ халқының өзине тән миллий өнерментшилиги беккемленди. Исбилерменлик, барлық тараўларды қамтып алмақта.
Әсиресе, Президентимиз БМШ минберинде «Арал дәрти – әлем дәрти» екенин ҳақыйқатында да дәлиллеп бере алды. Президентимиздиң басшылығында Арал кризисиниң ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған әмелий ислер Қарақалпақстанның барлық аймақларына жетип барды. Мойнақта даңқы жер жарған үлкен социаллық-экономикалық өзгерислер болмақта.
Бир сөз бенен айтқанда бундай бахыт, бундай итибар, бундай пәраўанлық ҳәм азат ҳәм абат турмыс тек ғана Конституциямыз ҳәм Президентимиздиң дана ишки ҳәм сыртқы сиясатының нәтийжесинде әмелге аспақта.
Президентимиздиң сөзлери менен айтқанда: «Елимиздиң тынышлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы, пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, ул-қызларымыздың илимге, өнерге болған умтылысларын қоллап-қуўатлаў келешекте де реформаларымыз орайында болады.
Биз сыртқы сиясатымызда узақ ҳәм жақын қоңсыларымыз бенен дослық байланысларын көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлап, барлық тараўларда өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырамыз.
Себеби:
Билимли әўлад – уллы келешектиң,
исбилермен халық – абадан турмыстың,
дослық бирге ислесиў болса – раўажланыўдың кепили болып табылады».
Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,
Сенатор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги