Көпшилик 11-октябрь – «Халықаралық қызлар күни» күни екенлигин билмейди. Егер усылай айтсаң, «Ҳаў, 8-март не сонда?» деп ҳайран қалысады.

Лекин, өмир гүли – қызларға ҳүрмети бәлент Қанлыкөл ҳәкимлиги әдеттегише бул сәнени итибардан шетте қалдырмады.

11-октябрь – «Халықаралық қызлар күни» мүнәсибети менен «Қыз бала болажақ шаңарақ бийкеси, келешегимиз ийеси» сүрени астында  ҳаял-қызлар комитети ҳәм Жаслар аўқамының районлық бөлими тәрепинен Қанлыкөл районында қызлар фестивалы өткерилди.

Фестивалда район ҳәкими орынбасары, ҳаял-қызлар комитети баслығы У.Оспанова бүгинги қызлар күни менен қутлықлады ҳәм байрам кешесин ашып берди.

«Қызлар арасында саламат турмыс тәрзи ҳәм репродуктив саламатлықты беккемлеў», «Ерте турмыс ҳәм оның ақыбетлери» темаларында районлық көп тармақлы поликлиника шыпакери Г.Марафатдинованың ҳәм «Қызлар – уллы ҳәм зыялы аналарымызға мүнәсип болайық» атамасында Қанлыкөл Педагогика колледжи оқыўшысы Г.Қурбанбаевалардың баянатлары тыңланды.

Фестивал шеңберинде район билимлендириў мекемелери ҳәм жәмлеспеген қызлардың дөретиўшиликлери ҳәм жетискенликлериниң жемисинен (диплом, ҳүрмет жарлықлары менен орденлери) таярланған көргизбелер, «Қосықлар гүлдәстеси» атамасында дәсме-дәс қосық айтысыўлар менен жас қәлемкешлер дөретпелеринен қосықлар оқылды.

Сондай-ақ, Санаат ҳәм транспорт, кәсип-өнер колледжинен дизайнер Халмурзаева Айзаданың модалар көргизбеси ҳәм 22-санлы улыўма билим бериў мектеби 6-класс қызларының спорттың таэквандо түринен көргизбели шығыўы және де спорттың шахмат түри бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Фестивал жуўмағында кешеде өзлериниң қәбилети ҳәм белсендиликлери менен қатнасқан қызлар, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң «Ҳүрмет жарлығы», Жаслар аўқамының диплом  ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги