Октябрь айының биринши ҳәптесинде Жиззақ ўәлаятындағы «Фориш» полигонында Өзбекистан ҳәм Россия Қураллы Күшлериниң биргеликтеги шынығыўлары болып өтти. Дүйшемби күни азанда Россия әскерий хызметкерлериниң бир топары отырған самолёт Ташкент әскерий аэродромына келип қонды.

Бизге белгили, Өзбекистан дүньяның көплеген еллери менен белсене әскерий-техникалық бирге ислесиўди жолға қоймақта. Быйылғы жылы Россия, Қазақстан, Түркия ҳәм Пакистан мәмлекетлери әскерий ведомстволарының ўәкиллери Ташкентке келди. Өзбекистан ҳәм Россия арасында Әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисим әмел етеди. Еки мәмлекеттиң Қорғаныў министрликлери биргеликте бағдарлама ҳәм режелер ислеп шығады ҳәм әмелге асырады. Атап айтқанда, «Фориш» полигонында тактикалық шынығыўлар Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 4-5-апрель күнлери Россия Федерациясына болған мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлер шеңберинде өткерилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде «Орайлық Азияның дәл орайында жайласқан Өзбекистан усы регион турақлылық, избе-из раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық аймағына айланыўынан тиккелей мәпдар» екенлигин атап өтти.

Өзбекистан ҳәм Россия полигонларында еки мәрте биргеликтеги тактикалық антитеррорлық шынығыў болып өтти. Бундай илажлар ҳәр еки ел ушын бирдей пайдалы. Соның ишинде, антитеррорлық шынығыўлар даўамында тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеў бойынша улыўмалық ўазыйпалар ислеп шығылады-терроризмге қарсы биргеликте гүресиў ҳәм терроршылық қәўиплердиң алдын алыў механизми жетилистириледи, әмелий көнликпелер беккемленеди, тәжирийбе алмасылады.

Биргеликтеги шынығыў қатнасыўшылары менен бирге келген Россия Федерациясы Орайлық әскерий округи қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң әскерий көркем өнер ғайраткерлери де елимизде болмақта.

Аблай КАМОЛОВ,

ӨзАның хабаршысы