Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл басшылығындағы Рус православ ширкеўиниң Москва патриархаты делегациясы 29-сентябрь күни Өзбекистанға келди.

Елимизде ҳүждан еркинлиги ҳәр тәреплеме тәмийинленген. Соның ишинде, Конституциямызда ҳәр бир инсанның өзи қәлеген динге исениўи яки ҳеш қандай динге исенбеўи ҳуқықы беккемлеп қойылған. Өзбекистан Республикасының «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамы түрли конфессия ўәкиллери өзлериниң диний әмеллерин емин-еркин орынлаўының ҳуқықый тийкары болып хызмет етпекте.

Делегация ағзалары сапар етиўди пайтахтымыздағы Свято-Троицкий Никольский ҳаяллар монастрын зыярат етиўден баслады. Христиан динине исениўши ўатанласларымыз ушын жаратылған шараятлар мысалында Өзбекистанда кеңпейилликти, диний ҳәм миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеўге байланыслы инсаныйлық сиясатқа, жәмийеттеги турақлылыққа гүўа болды.

Буннан соң Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети ҳәм Мусылманлар мәкемеси басшылары менен ушырасыў болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети баслығы О.Юсупов, Мусылманлар мәкемесиниң баслығы, муфтий У.Алимов Президентимиздиң басшылығында елимизде миллетлераралық татыўлықты, диний кеңпейилликти беккемлеў жолында әмелге асырылып атырған жақсы табыслар туўралы айтып өтти. Атап айтқанда, Ташкентте Ислам цивилазациясы орайы, Самарқандта Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы қурылып атырғаны шын мәнисиндеги ислам ағартыўшылығын изертлеў, экстремизм ҳәм диний жаўызлыққа қарсы гүресиў жолында әҳмийетли орын тутатуғынлығы атап өтилди.

-Бул жерде әзелден көплеген миллетлер ҳәм халықлар тыныш-татыў, өз-ара аўырбиршиликли жасап келген,-деди Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл.-Бүгин де Өзбекистанда диний кеңпейлликтиң жоқары дәстүрлери қәлиплескен. Барлық дин ўәкиллери мәмлекет тәрепинен теңдей қоллап-қуўатланып атырғаны, атап айтқанда, христианлар ушын еркин исеним орталығы жаратылғаны буның айқын көриниси болып табылады.

Ушырасыўда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Делегация ағзалары сапар етиў даўамында Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятларында да болады. Ташкент епархиясының 145 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы «Түркистан» сарайында шөлкемлестирилетуғын салтанатлы илажда қатнасады.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзА ның хабаршысы