Қазақстанның «Nur.kz» жаңалықлар порталының хабаршысы Ирина Бекетова Астанада өлтирип кетилди.

Жынаят себеплери ҳәзир ишки ислер хызметкерлери тәрепинен үйренилмекте.

«Астана ишки ислер хызметкерлери тәрепинен 34 жасар еркек 37 жасар ҳаялдың өлимине себеп болғаны, қастан дене жарақатларын жеткергенлиги анықланды. Гүманланыўшыны қолға алыў илажлары көрилмекте. Экспертиза белгиленген ҳәм судқа шекемги болған тексериў алып барылмақта», деп хабар берди Астана ишки ислер департаменти баспасөз хызмети.

Ирина Бекетованың изинде 4 перзенти қалды. Журналист оларды жалғыз өзи тәрбиялап атырған еди.

Интернет материаллары тийкарында таярлаған:

Нурлыбек ЖАМАЛОВ