Москва ўәлаятының Митиши қаласында 1000 квадрат метрлик темир бетонлы қоймаханада өрт жүзеге келди.     Өрт нәтийжесинде еки Өзбекстан пуқарасы дүньядан өткен деп хабар бермекте РИА Новости.

Ал, “МИР 24” каналының хабарына бола, қайтыс болғанлардан бири ҳаял ҳәм 14 жастағы қыз болған.

23-сентябрь күни күндизги ўақытта жүзеге келген өрт 24-сентябрь саат 5:34 де толық өширилген. Өртти өшириўге 17 техника ҳәм 56 адам қатнасқан.

Ўақыя себеплери үйренилмекте.

 

Интернет материаллары тийкарында

таярлаған: Нурлыбек Жамалов