Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Нақ пулсыз есап-санақлар системасын раўажладырыў бойынша илажларды избе-из әмелге асырыў арқалы нақ пуллардың банктен тысқарыда айланыста болыўын қысқартыўға ерисилди, аралықтан банк хызметлерин көрсетиў системаларының функционалы кеңейтилди.

Алып барылған жумыслардың нәтийжесинде халықтың банк карталары ҳәм басқа да нақ пулсыз есап-санақ усылларына қәўипсиз ҳәм қолайлы төлем қуралы сыпатында болған исеними артты. Соның менен бирге, ерисилген жетискенликлерге қарамастан, төлем системаларын раўажландырыў, олардың үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлеў ҳәм бәсеки орталығын раўажландырыў ушын заманагөй технологиялық шешимлерди енгизиў бағдарында бир қатар кемшиликлер бар.

Атап айтқанда, усақлап төлеўлерди қайта ислеў бойынша мәмлекетлик процессинг орайының жоқ екени миллий төлем системасының қәўипсизлиги дәрежесин кеңейтпекте, төлем инфраструктурасының бирден-бир интеграцияласыўына ерисиў имканиятын бермей атыр және бир монопол системасының пүткиллей үстем болыўына алып келмекте.

Буннан тысқары, төлем системалары операторларының жумысы нызамшылық дәрежесинде тәртипке салынбағаны олардың раўажланыўын шеклемекте ҳәм бул системалардың исенимли ислеўине унамсыз тәсир көрсетпекте.

Төлемлерди әмелге асырыўдың үзликсизлигин тәмийинлеў, инновациялық өнимлерди енгизиў, банк хызметлериниң ғалаба ен жайыўын тәмийинлеў және төлем хызметлери базарында бәсеки орталығын раўажландырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң «Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Мәлимлемелестириў бас орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы Миллий банклераралық процессинг орайын (кейинги орынларда Миллий банклераралық процессинг орайы деп жүргизиледи) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Миллий банклераралық процессинг орайын шөлкемлестириў бойынша комплексли илажлар қосымшаға муўыпық тастыйықлансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки:

2019-жыл 1-июльге шекем Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң Миллий банклераралық процессинг орайы, банклераралық төлем системасы ҳәм клиринг орайының жумыс алып барыўы ушын мағлыўматларды қайта ислейтуғын толық орайы жаратылыўын;

2020-жыл 1-январьға шекем жергиликли ҳәм халықаралық банк карталары бойынша есап-санақларда қатнасыўшы банклер арасында мәлимлеме ҳәм технологиялық байланыс орнатыўға жәрдемлесетуғын Миллий банклераралық процессинг орайы иске түсирилиўин;

2020-жыл 1-июльге шекем елимиздеги барлық процессинг орайларының, соның ишинде, халықаралық төлем системаларының тиккелей Миллий банклераралық процессинг орайының бирден-бир шлюзи арқалы ислейтуғынын;

банк төлем инфраструктурасы турақлы рәўиште жақсыланатуғынын, банкоматлараралық ҳәм өзине өзи хызмет көрсететуғын көп функциялы терминаллар тармағын, соның ишинде, өз қарамағындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерди тартқан ҳалда кеңейтилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан банклери ассоциациясы коммерциялық банклер менен бирге Миллий банклераралық процессинг орайының жойбарын әмелге асырыў даўамында жүзеге келген процессинг орайларының Миллий банклераралық процессинг орайы менен интеграцияласыўын ҳәм өз-ара хызмет көрсетилиўин тәмийинлесин.
  2. Усақлап төлеў хызметлерин көрсетиў ушын банк тарифлери банклер қәрежетлери қапланыўын тәмиийнлеў ҳәм бәсекиге жәрдемлесиў ушын админстративлик араласыўларсыз халықаралық тәжирийбеге муўапық орнатылыўы белгиленсин.
  3. Орайлық банк 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте шет ел мәмлекетлериниң алдыңғы тәжирийбесин, сондай-ақ, улыўма тән алынған халықаралық норма ҳәм қағыйдаларды терең үйрениў тийкарында төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы нызамы жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:

миллий төлем системасының ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириў тийкарлары;

Орайлық банк тәрепинен төлем хызметлери базарын тәртипке салыўды қадағалаў, сондай-ақ, миллий төлем системасы субъектлерин лицензиялаў тәртиби;

төлем системаларында банк сырының қорғалыўын тәмиийнлеўдиң өзгешеликлери;

электрон пуллар менен операцияларды әмелге асырыў тараўында ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыў, соның ишинде, электрон ҳәмиянлардың ийелерин идентификациялаў тәртиби.

  1. Жойбарларды әмелге асырыў көлеминде, қағыйда бойынша, Орайлық банк ҳәм «Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Мәлимлемелестириў орайы» МУКқа:

Орайлық банк аймағында орнатылған қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына әмел еткен ҳалда, қурылыс ҳәм жойбарлаўды бир ўақыттың өзинде жойбарлаў ҳәм қаржыландырыў шәртлеринде әмелге асырыўға;

жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алыўшы шөлкемлерди, сондай-ақ, үскенелер, комплектлеўши буйымлар, техника ҳәм технологиялар, аўысық бөлеклер, шийки зат ҳәм материалларды жеткерип бериўшилерди тендер (таңлаў) саўдаларын өткермей, ең жақсы усынысларды таңлаў тийкарында анықлаўға рухсат етилсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Н.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банки баслығы М.Б.Нурмуратовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 19-сентябрь