Пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайындағы Республикалық мәлимлеме ресурс орайы балалар китапханасында «Саламат ҳәм руўхый жетик әўлад – журт келешеги» III Республикалық фестивалы болып өтти. Оған тийисли министрликлерден, мәкеме-шөлкемлерден ўәкиллер, жазыўшы-шайырлар, оқыўшы-жаслар қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры А.Бекмуратов ашты ҳәм алып барды.
Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, инсанның руўхый дүньясын, сана-сезимин байытыўда дүнья таныўын кеңейтиўде, пикирлеў қәбилетин раўажландырыўда китаптың орны ҳәм әҳмийети айрықша. Сонлықтан кейинги жылларда елимизде китап баспасы ислерине, жазыўшы-шайырлардың жумысларына, жәҳән классикалық әдебияты дөретпелерине үлкен итибар қаратылмақта.
Илаж шеңберинде «Қарақалпақстан», «Билим» баспаларында соңғы жылларда басып шығарылған классикалық және ең таңламалы жәмийетлик-сиясий, оқыў-ағартыўшылық китаплардың, энциклопедиялық сөзликлер менен мағлыўматнамалардың, басылымлардың көргизбеси ҳәм саўдасы шөлкемлестирилди. Көргизбелерде 1000 нан аслам ҳәр түрли тиллердеги китаплар қойылды.
Бул жерге келген оқыўшы-жаслардың китап авторлары, жазыўшы-шайырлар, художниклер, редакторлар менен дөретиўшилик ушырасыўлары ҳәм дөгерек сәўбетлери де болып өтип, илаж музыка мектеплери оқыўшыларының және Республикалық қуўыршақ ҳәм жас тамашагөйлер театрының бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги