Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өткен жыллары елимизде аудиттиң нормативлик-ҳуқықый ҳәм методикалық базасы қәлиплестирилди, сондай-ақ, аудиторлық жумысты лицензиялаўдың әпиўайыластырылған ҳәм мүддетсиз системасы енгизилди, ол аудиторлық хызметлери базарының қәлиплесиўине ҳәм жергиликли аудиторлық шөлкемлери аудиторлық компанияларының ири халықаралық тармақларына кириўин тәмийинлеўге имканият жаратты.

Соның менен бирге, бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер аудиторлық жумыстың буннан былай да раўажланыўына, басқарыўға байланыслы қарарларды қабыл етиў ҳәм корпоратив басқарыў сапасын арттырыў ушын аудиторлық хызметлердиң әҳмийетин арттырыўға тосқынлық етпекте, атап айтқанда:

бириншиден, аудиторлық шөлкемлерге исеним дәрежеси төмен, сондай-ақ, аудиторлық тексериўге финанслық есабаттың ҳақыйқый екенлигин тастыйықлаўдың кепили емес, ал артықша ҳәм кесент ететуғын ҳәкимшилик тәртип-қағыйда сыпатында қаралмақта;

екиншиден, аудиторлық шөлкемлерди таңлап алыў бойынша бар шеклеўлер ҳәм таңлаўлар өткериў әмелияты көпшилик жағдайларда инсапсыз, соның ишинде, баҳа бағдарында инсапсыз бәсекиликти келтирип шығарады, соның ақыбетинде аудиторлық хызметлердиң сапасы ҳәм аудиторлық шешимлердиң ҳақыйқый екенлиги төменлемекте;

үшиншиден, аудиторларды арнаўлы таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўдың әмелдеги системасы жүзеки түске ийе болып, профессионал таярлықтың ҳәм аудиторлық жумыстың халықаралық стандартларына сәйкеслигин тәмийинлемей атыр, бул болса аудитор кәсибиниң абырайының түсип кетиўине алып келмекте;

төртиншиден, аудиторлық шөлкемлериниң жумыс сапасын сыртқы қадағалаўдың нәтийжели системасы жоқ, бул лицензиялайтуғын уйымның ҳуқықый тәсир илажлары шекленгени шараятында сапасыз аудиторлық хызметлерди көрсетиў  жағдайларына ҳәм аудиторлардың инсапсыз ис-ҳәрекетлерине байланыслы оператив шара көриў имканиятын бермей атыр;

бесиншиден, аудиторлық жумыстың миллий стандартлары улыўма тән алынған халықаралық аудит стандартларына толық сай емес, бул болса сырт ел инвесторларында жергиликли кәрханаларды финанслық есабатларының ҳақыйқый екенлигин түсиниў көнликпесиниң қәлиплесиўин тәмийинлемей атыр.

Аудиторлық хызметлери базарының раўажланыўы ушын шараятларды буннан былай да жақсылаў ҳәм аудиторлық жумысты тәртипке салыўда халықаралық стандартларға муўапық заманагөй қатнасларды енгизиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-Өзбекстан Республикасы қаржы министри Д.А.Қўчқоров аудиторлық жумысты раўажландырыўдың төмендеги тийкарғы бағдарларын әмелге асырыўды тәмийинлесин:

аудиторлық жумысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, соның ишинде, халықаралық стандартлар тийкарында, аудиторлық хызметлердиң сапасын арттырыўға ҳәм исбилерменлер жәмийетиниң аудиторлық шөлкемлердиң жумыс нәтийжелерине исенимин қоллап-қуўатлаўға қаратылған аудиторлық шөлкемлердиң жумыс сапасын, сыртқы қадағалаўдың тәсиршең системасын қәлиплестириў;

жасларды аудиторлық кәсипке тартыў, соның ишинде, профессионал жәмийетлик бирлеспелердиң тийисли жоқары билимлендириў мәкемелери менен белсене бирге ислесиўди тәмийинлеў;

аудиторлық шөлкемлердиң халықаралық аудиторлық тармақларына тартылыў дәрежесин арттырыў, соның ишинде, аудиторлық шөлкемлерди, аудиторларды  аудиттиң халықаралық стандартларын қолланыў мәселелеринде белсене методикалық жақтан қоллап-қуўатлаўды шөлкемлестириў;

аудиторлардың республикалық жәмийетлик бирлеспелериниң халықаралық аудит стандартларын белгилейтуғын халықаралық шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў, усы стандартларды қолланыў тараўында дүньяның алдыңғы тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў бойынша жумысты жеделлестириў.

  1. Өзбекстан Республикасында аудиторлық жумысты буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар режеси қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги (В.Пак), Әдиллик министрлиги (Н.Жўраев), Экономика министрлиги (М.Мирзаев), Мәмлекетлик салық комитети (Б.Мусаев), Ташкент қаржы институты (У.Азизов) ҳәм аудиторлардың республикалық жәмийетлик бирлеспелериниң басшыларына Илажлар режесиниң өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 2019-жылдың 1-январынан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

коммерциялық шөлкем, егер ол ҳаққындағы мәлимлеме Исбилерменлик субъектлериниң бирден-бир мәмлекетлик реестрине киргизилген сәнеден баслап үш ай даўамында аудиторлық жумысты әмелге асырыў ушын лицензияға ийе болған аудиторлық шөлкемлердиң реестрине киргизилмеген болса, өз атынан «аудиторлық шөлкеми» сөзлеринен пайдаланыўға ҳақылы емес;

аудиторлық жумысты әмелге асырыў ушын лицензия лицензиатқа барлық түрдеги аудиторлық тексериўлерди өткериў ҳуқықын береди;

аудиторлық шөлкемниң устав капиталы аудиторлық шөлкемниң жумысын әмелге асырыўда тиккелей пайдаланылатуғын мүлктен, соның ишинде, ақша қаржыларынан қәлиплестириледи;

аудиторлық шөлкемниң тийкарғы жумыс орны есапланған аудиторлардың ең аз саны кеминде төрт штаттағы аудитордан ибарат болады;

саррас бир хожалық жүргизиўши субъекттиң аудиторлық тексериўи избе-из жети жылдан аслам болмаған мүддетте өткериледи;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен аудиторлардың республикалық жәмийетлик бирлеспелери менен биргеликте ҳәр үш жылда кеминде бир мәрте аудиторлық шөлкемлери жумысының сапасы сыртқы қадағалаўдан өткериледи;

аудиторлық шөлкемлер өзлериниң веб-сайтларында ямаса аудиторлар жәмийетлик бирлеспелериниң веб-сайтларында өткерилген мәжбүрий аудиторлық тексериўлер ҳаққындағы мәлимлемени хожалық жүргизиўши субъекттиң идентификация мағлыўматларын ҳәм аудиторлық шешимин көрсеткен ҳалда жәриялайды.

Жумыс алып барып атырған аудиторлық шөлкемлер 2019-жылдың 1-апрелине шекем усы қарарда белгиленген штаттағы аудиторлардың ең аз саны толық толтырылыўын тәмийинлесин.

  1. 2019-жыл 1-январьдан:

аудиторлық шөлкемлердиң устав капиталының ең аз муғдарына байланыслы;

аудиторлық шөлкемлер басшыларының аттестациядан өтиўи бойынша;

устав капиталында мәмлекетлик акциялар (үлеслер) топламы 50 проценттен аслам болған кәрханаларда сыртқы аудитти өткериў ушын аудиторлық шөлкемди Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги тәрепинен белгиленетуғын дизим ишинен таңлаў тийкарында таңлап алыў ҳаққындағы талаплар бийкар етилсин.

  1. 2020-жыл 1-январьдан:

а) есап жылының жуўмағы бойынша төмендеги шәртлерден бир ўақыттың өзинде екеўине жуўап берген коммерциялық шөлкемлер де ҳәр жылы мәжбүрий аудиторлық тексериўден өтиўи керек екенлиги:

активлердиң баланс қуны ең кем мийнет ҳақының 100 мың есеси муғдарынан артық болса;

өнимлерди (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан түсим ең кем мийнет ҳақының 200 мың есеси муғдарынан артық болса;

хызметкерлердиң орташа жыллық саны 100 адамнан артық болса;

б) аудиторлық шөлкемлер аудиторлық жумысты тек ғана Халықаралық бухгалтерлер федерациясы тәрепинен басып шығарылатуғын халықаралық стандартлар тийкарында әмелге асыратуғыны;

в) мәжбүрий аудиторлық тексериўлерди өткеретуғын аудиторлық шөлкемлердиң жумыс сапасының сыртқы қадағалаў нәтийжелери Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң веб-сайтында жәрияланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Бухгалтериялық есап ҳәм аудит методикасы басқармасы қурамында төрт штат бирлигинен ибарат профессионал шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў ҳәм аудиторлық шөлкемлердиң жумыс сапасын сыртқы қадағалаўдан өткериў бөлими шөлкемлестирилсин, соған сәйкес түрде министрликтиң орайлық аппаратының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны арттырылсын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-жылдың 1-июлине шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине бухгалтерлер ҳәм аудиторлардың жәмийетлик бирлеспелерин Қаржы министрлигинде аккредитациядан өткериў тәртибин енгизиў ҳәм аудиторлық жумысты лицензиялаўды бийкар еткен ҳалда аудиторлық шөлкемлердиң аккредитациядан өткен жәмийетлик бирлеспелерине мәжбүрий ағзалығын белгилеў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм аудиторлардың республикалық жәмийетлик бирлеспелериниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:

аудитор қәнигелик сертификатын дәслеп бес жыллық мүддетке бериў, гезектеги мүддетти он жылға созыў ҳәм оннан кейин мүддетсиз дәўирге бериў;

халықаралық бухгалтер сертификаты бар болғанда аудитор қәниге сертификатын бериўди ҳәм әмел етиў мүддетин созыўды, сондай-ақ, 10 жылдан аз болмаған үзликсиз аудитор жумыс стажы бар болғанда аудитор қәниге сертификатының әмел етиўин мүддетсиз дәўирге созыўды қәнигелик имтиханын тапсырмастан әмелге асырыў;

«бухгалтериялық есап» ҳәм «аудит» қәнигеликлери бойынша магистр дипломына ийе болған аудитор қәнигелиги сертификатын алыўға талабанлар ушын аудиторлық шөлкемде бир жылдан аз болмаған әмелий жумыс стажына (соның ишинде, жумысты еки жерде ислеў тийкарында) ийе болыў талабын орнатыў;

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети төмендегилерди тәмийинлесин:

а) ҳәр жылы 1-июльге шекем мәжбүрий аудиторлық тексериўден өткен хожалық жүргизиўши субъектлер ҳаққында төмендеги мәлимлемени өз веб-сайтында жайластырыў:

хожалық жүргизиўши субъекттиң идентификация мағлыўматлары (салық төлеўшиниң аты ҳәм идентификация саны);

аудиторлық шөлкемниң идентификация мағлыўматлары (аты, аудиторлық жумысты әмелге асырыў ушын лицензияның сәнеси ҳәм саны);

аудиторлық шешимниң нусқасы;

б) Мәжбүрий аудиторлық тексериўди өткермеген хожалық жүргизиўши субъектлерге  өз ўақтында шаралар көриў;

в) төмендегилер бойынша мағлыўматлар базасын қәлиплестириў:

мәжбүрий аудиторлық тексериўден өтиўи шәрт болған хожалық жүргизиўши субъектлер ҳаққында;

мәжбүрий аудиторлық тексериўдиң өткерилиўинен бас тартып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына байланыслы қолланылған финанслық санкциялар ҳаққында.

9.Ташкент қаржы институты Өзбекстан Республикасы  Қаржы министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте белгиленген тәртипте бухгалтериялық есап ҳәм аудит тараўындағы халықаралық әмелиятты үйрениў тийкарында:

2018\2019 оқыў жылы даўамында бухгалтериялық есап ҳәм аудит тараўындағы оқыў жобалары ҳәм бағдарламаларының орынланыўын комплексли талласын ҳәм мониторинг етилсин және оларды буннан былай да жетилистириўдиң ҳәм оқытыўдың инновациялық усылларын енгизиў илажларын көрсин;

бухгалтериялық есап ҳәм аудит бағдарлары бойынша оқыў жобаларына ҳәм бағдарламаларына халықаралық аудит стандартлары ҳәм халықаралық финанслық есабат стандартлары бойынша сабақларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

а) аудиторлық жумысты әмелге асырыў ушын лицензияға ийе болған аудиторлық шөлкемлердиң реестрин Өзбекстан Республикасы  Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң мағлыўматлар базасы менен салыстырыў арқалы исбилерменлик субъектлери тәрепинен өзиниң фирма атында «аудиторлық шөлкем» сөз бирикпесинен пайдаланыўдың нызамлылығын үйрениў бойынша системалы жумыслардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

б) Өзбекстан Республикасы  Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажланыдырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-апрелине шекемги мүддетте аудиторлық шөлкемлер менен бухгалтерлер ҳәм аудиторлардың республикалық жәмийетлик бирлеспелери менен өз-ара электрон бирге ислесиўге  мөлшерленген Өзбекстан Республикасы  Қаржы министрлигиниң «Аудит» бағдарламалық комплексин ислеп шығыўды тәмийинлесин;

в) мәпдар министрликлер менен уйымлар, аудиторлардың республикалық жәмийетлик бирлеспелери менен биргеликте 2019-жылдың 1-январына шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы  Минитрлер Кабинетине төмендегилер бойынша усыныслар киргизсин:

Өзбекстан Республикасы  аймағында қолланыў ушын халықаралық аудит стандартлардың өз ўақтында тән алыныўын тәмийинлеў мақсетинде Халықаралық бухгалтерлер федерациясы менен халықаралық аудит стандартларын жергиликли әмелиятқа импелементациялаў мәсеелелери бойынша өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў;

аудиторлық жумыс ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын күшейтиў;

г) 2019-жылдың 1-январына шекем жумыс алып барып атырған ҳәм усы қарар талапларына жуўап беретуғын аудиторлық шөлкемлерге жаңа үлгидеги аудиторлық жумысты әмелге асырыў ушын лицензиялар бериўди тәмийинлесин;

д) Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2019-жылдың 1-апрелинен кейин усы қарардың талапларына жуўап бермейтуғын аудиторлық шөлкемлери лицензияларының әмел етиўин белгиленген тәртипте жуўмақластырыў илажларын көрсин;

е) Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

11.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм  Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-қаржы министри Д.А.Қўчқоровға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 19-сентябрь