Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонд

«Жәмийетте миллетлераралық ҳәм пуқаралар аралық татыўлықты, өз-ара аўызбиршилик ҳәм дослық орталығын сақлаўға ҳәм беккемлеўге қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў» темасында мәмлекетлик грант ажыратыў ушын таңлаў

ЖӘРИЯЛАЙДЫ

Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги социаллық әҳмийетке ийе мақсетлерин нәзерде тутатуғын жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:

  1. Жасларға өзбек халқының руўхый байлықларына ҳүрмет пенен қараўды, халқымыздың дәстүрлерин ҳәм үрп-әдетлерин, бийбаҳа тарийхый мийрасын сақлаў және раўажландырыў сезимин сиңдириў.
  2. 2. Мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған диний конфессиялар, елимизде жасап атырған миллетлер менен халықлар арасында тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша Өзбекистан тәжирийбесин үгит-нәсиятлаўға және ғалаба ен жайдырыўға бағышланған радиоеситтириўлер ҳәм телекөрсетиўлер таярлаў.
  3. Республикада дослықты және татыўлықты буннан былай да беккемлеўди үгит-нәсиятлаў, барлық пуқараларға олардың миллетине, динине ҳәм исенимине қарамастан, тең ҳуқықлар ҳәм имканиятлар жаратыў.
  4. Түрли миллетлердиң ўәкиллери арасында кеўил қалыспақлар ҳәм келиспеўшиликлер келитирип шығаратуғын экстремистлик және радикал идеялар менен идеологиялардың тарқалыўының алдын алыў бойынша әмелий илажлар көриў.
  5. Интернет тармағында шет тиллерде Өзбекистан халықларының бай мәдений-тарийхый мийрасын сәўлелендирип беретуғын өзине тән ресурслар жаратыў.
  6. Өзбекистанның тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнери, уллы шахслары, ғәрезсизлик жылларында жәмийетлик турмыстың түрли салаларында республикада ерисилген жетискенликлер ҳаққындағы мәлимлемени шет тиллерде таярлаў ҳәм Интернет тармағына орналастырыў.
  7. Елимиз мәдениятының, көркем өнериниң, әдебиятының айқын үлгилери, Өзбекистандағы архитектуралық ҳәм тарийхый естеликлер, ЮНЕСКО Пүткилжәҳән мәдений мийрасы дизимине киргизилген объектлер ҳаққындағы мәлимлемени шет елли аудиторияға жеткериў.
  8. Шет еллилер арасында Өзбекистан халықларының тарийхын ҳәм мәдениятын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған түрли таңлаўлар шөлкемлестириў ҳәм өткериў, оларда Өзбекистан халықларының тарийхый-мәдений мийрасына, жәмийетте миллетлераралық ҳәм пуқаралараралық татыўлықты, аўызбиршиликти және дослық орталығын беккемлеў бағдарындағы тәжирийбесине қызығыўшылық оятыў.
  9. Өзбекистанда жасап атырған түрли миллет ҳәм халықлардың өзине тән миллий дәстүрлерин, үрп-әдетлерин сақлаў және раўажландырыў, жәмийетте миллетлераралық татыўлықты беккемлеў бойынша Өзбекистанда әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында халықаралық жәмийетшиликти хабардар етиў.
  10. Өзбекистанның сыртқы ҳәм ишки сиясатының тийкарғы тәреплерин, әмелге асырылып атырған сиясий-ҳуқықый ҳәм социаллық-экономикалық реформалардың нәтийжелерин сәўлелендиретуғын қалыс ҳәм исенимли мәлимлемени инглис және басқа да шет тиллерде тарқатыў мақсетинде Интернет тармағында арнаўлы сайтлар ислеп шығыў ҳәм жаратыў.
  11. Бийғәрез ғалаба хабар қуралларында Өзбекистан халықларының дәстүрлерине ҳәм мәдениятына бағышланған мақалалар, гүрриңлер, очерклер ҳәм басқа да баспа материалларды басып шығарыў, ҳүжжетли, тарийхый ҳәм ағартыўшылық фильмлер, телекөрсетиўлер, радиоеситтириўлер таярлаў ҳәм эфирге жеткерип бериў.
  12. Ғәрезсизлик жылларында жәмийетлик турмыстың түрли тараўларында тынышлықты ҳәм турақлықты сақлаў бағдарында көрилген избе-из илажлардың нәтийжелерин үгит-нәсиятлаў.

Мәмлекетлик грант ажыратылыўы ушын төмендеги ҳүжжетлерди усыныў зәрүр:

  1. Шөлкем баслығы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған усыныс хаты;
  2. www.fundngo.uz веб-сайтына жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант ушын арза;
  3. Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Уставы (Режеси)ның нусқасы;
  4. Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы;
  5. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  6. 3, 4 ҳәм 5-бәнтлерде көрсетилген ҳүжжетлер башының қол таңбасы ҳәм шөлкемниң мөри менен тастыйықланған болыўы шәрт.
  7. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс хатлары, өтинишлери қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 25 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2017-жыл 12-cентябрден 12-октябрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер «Өзбекистан почтасы» арқалы Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының атына жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов  көшеси, 43-жай.

Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың 222.fundngu.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 23926762392664