Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Өткен дәўир ишинде саламат ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланған өсип киятырған әўладтың қәлиплесиўин тәмийинлеўге қаратылған нәтийжели мектепке шекемги билимлендириў системасын шөлкемлестириў бойынша комплексли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, ушырасып атырған системалы кемшиликлер мектепке шекемги билимлендириў саласында мәмлекетлик сиясатты толық әмелге асырыўға тосқынлық етпекте, атап айтқанда:
бириншиден, мектепке шекемги билимлендириўди басқарыўдың әмелдеги жағдайы системалы машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, усы салада, соның ишинде, мәмлекетлик емес секторда заманагөй инновациялық технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў имканиятын бермей атыр;
екиншиден, мектепке шекемги билимлендириў саласына инвестицияларды тартыўға, соның ишинде, социаллық-ҳәммеге мақул болған мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў, оларды материаллық-техникалық жақтан қайта үскенелеў ҳәм алдынғы педагогикалық технологияларды қолланыўға қаратылған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери енгизилмеген;
үшиншиден, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң инфраструктурасы ҳәм материаллық-техникалық базасының бүгинги жағдайы балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен толық қамтып алыўды тәмийинлеўге имкан бермей атыр, елимизде халық санының өсиўи айырым мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң ҳәдден тыс бәнтлигине алып келмекте;
төртиншиден, миллий мәдений-тарийхый қәдириятларды сәўлелендиретуғын ҳәм балалықтан китап оқыўға қызығыўды оятатуғын оқыў-методикалық, дидактикалық (соның ишинде, ойынлар ҳәм ойыншықлар) материалларды ҳәм көркем әдебиятларды таярлаў және мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысына енгизиў жумыслары заман талапларына жуўап бермейди;
бесиншиден, кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаўдың әмелдеги системасы мектепке шекемги билимлендириў саласын балаларды тәрбиялаў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелерин профессионал дәрежеде шешиўге уқыплы жоқары маманлықтағы қәнигелер менен тәмийинлей алмайды;
алтыншыдан, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў системасының төмен дәрежеде екенлиги квалификациялы кадрларды тартыў имканиятын бермей атыр;
жетиншиден, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларға медициналық хызмет көрсетиў бойынша аймақлық денсаўлықты сақлаў уйымларының жумысын шөлкемлестириўдеги кемшиликлер балалардың өмирин ҳәм денсаўлығын қорғаў, соның ишинде, саламат аўқатланыўын тәмийинлеў бойынша профилактикалық илажлар нәтийжелилигиниң төменлеўине алып келмекте.
Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў, тәрбия ҳәм оқыў процесин жетилистириў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин жоқары маманлықтағы қәнигелер менен толықтырыў, олардың инфраструктурасын ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлениўин жақсылаў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириўи министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мектепке шекемги билимлендириў саласындағы жумыслары қанаатландырарсыз деп табылсын.
- 2018-жыл 1-январьдан баслап Ташкент, Нөкис қалаларында, ўәлаятлардың орайларында эксперимент түринде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын:
заманагөй социаллық-ҳәммеге мақул болған мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў мақсетинде инвесторларға жер участкаларын, бос турған имаратларды, соның ишинде, ислемей турған ҳәм тәрбияланыўшылар саны аз болған мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин бийғәрез ажыратыў;
инвесторларға мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин, әсиресе, усындай мәкемелерге талап жоқары болған ҳәм инфраструктурасы раўажланбаған аймақларда шөлкемлестириў ушын зәрүр болған салық жеңилликлерин ҳәм басқа да преференцияларды, сондай-ақ, жеңилликли кредитлерди усыныў имканияты;
инвесторлар тәрепинен ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен 50 жыл мүддетке дүзилетуғын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим тийкарында жойбарды әмелге асырыў;
инвесторлар тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде нәзерде тутылған шәртлерге, мектепке шекемги билимлендириў саласындағы мәмлекетлик талапларға, санитария-гигиена нормаларына қатаң бойсыныў, келисимниң әмел етиўиниң пүткил мүддети даўамында жумыс бағдарын сақлап қалыў бойынша миннетлемелерди қабыл етиў, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызмети баҳасының социаллық ҳәммеге мақул келиўин тәмийинлеў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим шәртлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў және оларды бийкарлаў механизмлери.
Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириўи министрлиги Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекини раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-жылы өткерилген эксперимент жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине республиканың басқа да аймақларында мектепке шекемги билимлендириў саласында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
- Ташкент қаласында жайласқан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине исбилерменлик субъектлери менен сапа талапларына ҳәм санитария-гигиена нормаларына жуўап беретуғын азық-аўқат өнимлери ҳәм таяр аўқатларды жеткерип бериў бойынша тиккелей шәртнамалар дүзиўге эксперимент түринде руқсат берилсин.
Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириўи министрлиги Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекини раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2017-жылы өткерилген эксперимент жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине республиканың басқа да аймақларында бул әмелиятты енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
- Өзбекистан Республикасында мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда «Жол картасы» деп жүргизиледи) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер, ведомстволар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўына жеке жуўапкер екенлиги белгиленсин.
- Мектепке шекемги билимлендириў системасын сын көз-қарастан үйрениў ҳәм буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў бойынша комиссия (кейинги орынларда Комиссия деп жүргизиледи) 2-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мектепке шекемги билимлендириў саласындағы нызамшылықты ондағы бослықларды, коррупция ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықларды жүзеге келтириўши нормаларды анықлаў көз-қарасынан ивентаризациялаў ҳәм талқылаў;
мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыўға, соның ишинде, зәрүр инфраструктураны жаратыўға, хызметкерлердиң мийнетин материаллық хошаметлеўге, педагогикалық кадрларды сапалы таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириўдиң жеке секторын раўажландырыўға тосқынлық етиўши системалы машқалаларды анықлаў және комплексли үйрениў;
мектепке шекемги жастағы балаларды гармониялық раўажландырыў саласындағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда сапалы мектепке шекемги билимлендириўди шөлкемлестириўге мәмлекет талапларын қайта көрип шығыў;
мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине балаларды қабыл етиўдиң әмелдеги тәртибин, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилиўи ҳалатын сын көз-қарастан үйрениў;
бар әмелият пенен алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери жумысын лицензиялаўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў, олардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрлерин жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;
мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин оқыў-тәрбиялық әдебиятлар менен тәмийинлеў системасын талқылаў;
мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў тәртибин үйрениў ҳәм сапа талапларына және санитария-гигиена нормаларына жуўап беретуғын азық-аўқат өнимлерин ҳәм таяр аўқатлар жеткерип бериўдиң анық ҳәм әпиўайыластырылған системаны жаратыў бойынша усыныслар таярлаў;
мектепке шекемги билимлендириў саласында нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириў бойынша комплексли илажлар ислеп шығыў.
- Комиссия (А.Н.Арипов):
«Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў даўамында усы қарардың 6-бәнти менен жүкленген ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратсын;
«Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы үстинен системалы мониторинг орнатсын ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратына ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында улыўмаластырылған мәлимлеме киргизилиўин тәмийинлесин.
- Комиссияға жүкленген ўазыйпаларды сапалы орынлаў ушын министрликлер ҳәм ведомстволардың қәнигелерин, республиканың илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери ўәкиллерин, сондай-ақ, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң экспертлерин белгиленген тәртипте тартыў ҳуқықы берилсин.
- Министрликлер ҳәм ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Комиссияға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме көмеклессин.
- Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Халық билимлендириў министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Ташкент, Нөкис қалаларында, ўәлаятлардың орайларында мектепке шекемги билимлендириў саласында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти әмелге асырыўдың механизмин белгилейтуғын Ҳүкиметлик қарар жойбарын;
Нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаев ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2017-жыл, 9-сентябрь.
***
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ «МЕКТЕПКЕ ШЕКЕМГИ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ ҚАРАРЫНА ТҮСИНИК
Мектепке шекемги жастағы балаға сиңдирилген билим ҳәм қәдриятлар оның пүткил келешектеги өмирин белгилеп бериўи себепли мектепке шекемги билимлендириў үйлесикли раўажланған шахсты қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе.
Соны есапқа алған ҳалда, өткен дәўирде Өзбекистан Республикасында мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў ҳәм нәтийжели хызмет көрсетиўине қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди ҳәм комплексли илажлар әмелге асырылды.
Ҳәзирги ўақытта республикада 4 893 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жумыс адып барып атырған болып, оларды қаржыландырыўға тек 2016-жылы Мәмлекетлик бюджеттен 1,6 триллион сум ажыратылған.
Бул салада саламат ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланған өсип киятырған әўладты тәрбиялаўға салмақлы үлес қосып киятырған 57 мыңнан аслам қәнигелер мийнет етпекте.
Соның менен бирге, мектепке шекемги билимлендириў саласында мәмлекетлик сиясатты толық әмелге асырыўға айырым системалы кемшиликлер тосқынлық етпекте.
Үйрениў соны көрсетти, мектепке шекемги билимлендириўди басқарыўдың әмелдеги системасы бар машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, бул саланы буннан былай да раўажландырыў ушын инновациялық қарарларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў имканиятын бермей атыр.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң инфраструктурасы ҳәм материаллық-техникалық базасының ҳәзирги жағдайы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен толық қамтып алыўды тәмийинлеўге мүмкиншилик бермей атыр.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлерин материаллық хошаметлеўдиң төмен дәрежеси балаларды тәрбиялаў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелерин профессионал дәрежеде шешиўге уқыплы маман қәнигелер менен тәмийинлей алмайды.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалардың азық-аўқат, материаллық тәмийинлениўи ҳәм оларға медициналық хызмет көрсетиўди шөлкемлестириўде де үлкен кемшиликлер бақланбақта.
Усы мүнәсибет пенен, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2017-жыл 9-сентябрьде қабыл етилген «Мектепке шекемги билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарар менен Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мектепке шекемги билимлендириў саласындағы жумыслары қанаатландырарсыз деп табылды.
Қарарда мектепке шекемги билимлендириўди басқарыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў, тәрбия ҳәм оқыў процесин жетилистириў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң инфраструктурасын ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлениўин жақсылаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, 2018-жыл 1-январьдан баслап Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм республика ўәлаятлары орайларында эксперимент түринде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен баслама етип көтерилген мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизми заманагөй ҳәм ҳәммеге мақул болған мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў ушын инвесторларға жер участкаларын ҳәм бос турған имаратларды 50 жыл мүддетке бийғәрез ажыратыўды көзде тутады.
Инвесторлар шөлкемлестирилип атырған мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик билимлендириў талапларына, санитария-гигиена ҳәм басқа да нормаларға бойсыныў, келисим әмел етиўиниң пүткил мүддети даўамында жумыс бағдарын сақлап қалыў, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў хызметин көрсетиў баҳасының оптималлығын ҳәм арзанлығын тәмийинлеў ушын жуўапкер болыўы нәзерде тутылмақта. Онда инвесторларға кең салық жеңилликлери ҳәм басқа да преференциялар, сондай-ақ, жеңилликли кредитлер усыныс етиледи.
Сондай-ақ, Ташкент қаласындағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине исбилерменлик субъектлери менен тийисли талапларға жуўап беретуғын азық-аўқат өнимлерин ҳәм таяр аўқатларды жеткерип бериў бойынша тиккелей шәртнамалар дүзиўге эксперимент түринде руқсат берилди.
Усы экспериментлердиң жуўмақлары бойынша республиканың басқа да аймақларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде аўқатланыўды шөлкемлестириў тәртибин енгизиў мәселеси көрип шығылыўы нәзерде тутылмақта.
Қарар менен бул саладағы әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша илажларды әмелге асырыўға қаратылған Өзбекистан Республикасында мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» да тастыйықланды.
Мектепке шекемги билимлендириў системасын сын көз-қарастан үйрениў ҳәм буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў бойынша комиссия шөлкемлестирилди. Комиссия тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў саласындағы нызамшылықты ондағы бослықлар, коррупция ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықларды жүзеге келтириўши нормаларды анықлаў көз-қарасынан талқылаў, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў саласында мәмлекетлик сиясатты нәтийжели жүзеге шығарыўға тосқынлық етиўши системалы машқалаларды анықлаў ҳәм комплексли үйрениў жумыслары әмелге асырылады. Онда зәрүр инфраструктураны жаратыў ҳәм мектепке шекемги билимлендириўдиң жеке секторын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.
Соның менен бир қатарда, сапалы мектепке шекемги билимлендириўди шөлкемлестириўге мәмлекетлик талаплар, соның ишинде, мектепке шекемги жастағы балаларды үйлесикли раўажландырыў саласындағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда қайта көрип шығылады.
Сондай-ақ, миллий мәдений-тарийхый қәдриятларды сәўлелендиретуғын ҳәм балалықтан китап оқыўға қызығыўшылық оятатуғын оқыў-методикалық, дидактикалық материалларды таярлаў ҳәм де енгизиў жумыслары да заман талапларына муўапықластырылады.
Қарарда ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў есабынан мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине балаларды қабыл етиўди әпиўайыластырыў ҳәм өз ишине алған шөлкемлестириўлик илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылды.
Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў системасын кеңейтиў мақсетинде Комиссияға бар әмелиятты ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери жумысын лицензиялаўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў, олардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрлерин жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў тапсырылды.
Өткерилген үйрениўлер нәтийжесине бола, мектепке шекемги билимлендириў саласында нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириўге қаратылған комплексли илажлар ислеп шығылады.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мектепке шекемги билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының әмелге асырылыўы елимизде мектепке шекемги билимлендириў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң инфраструктурасын ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлениўин түп-тийкарынан жақсылаў имканиятын береди.