Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 қарары

Жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң алдыңғы усылларын енгизиў, сондай-ақ, корпоративлик, жойбарлаў басқарыўы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Корпоративлик басқарыў илимий-билимлендириў орайының аты Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Әбу Райхан Беруний атындағы Бизнес ҳәм басқарыў республикалық жоқары мектеби деп өзгертилсин (кейинги орынларда Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектеби деп аталады).
  2. Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебине Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги (кейинги орынларда – Миллий агентлик) пенен келисе отырып:

усы тараўдағы жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелери менен сол мәкемелердиң оқыў бағдарламалары тийкарында Өзбекстан Республикасында тән алынатуғын мәмлекетлик үлгидеги дипломлар берген жағдайда магистратура бағдарламалары бойынша «еки диплом» (double degree) модели бойынша оқыўды шөлкемлестириў бағдарында келисимлер дүзиў;

жәҳәндеги билимлендириў жумысына байланыслы ең үлгили әмелият ҳәм мийнет базарының реал талапларын есапқа ала отырып, нормативлик ҳәм қысқартылған мүддетлерде (дәстүрий ҳәм дистанциялы технологиялар), өндиристен ажыралмаған ҳалда магистратурада оқыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектеби бағдарламалары бойынша оқыў ушын талабанларды таңлап алыў критерияларын белгилеў;

Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектеби профессор-оқытыўшыларының жумыс түрлери бойынша ўақыт критерияларын, сондай-ақ, олар ушын шекленген оқыў жүклемесин белгилеў;

Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебиниң структурасы, штатлар кестеси, хызметкерлер ҳәм тартылатуғын консультантлар (экспертлер)дың мийнетине, соның ишинде, саатбай ҳақы төлеў муғдарын ҳәм системасын белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Төмендегилер Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебиниң жумысын қаржыландырыўдың дәреклери етип белгиленсин:

төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар;

бос турған қаржыларды коммерциялық банклердиң депозитлерине орналастырыўдан алынатуғын дәраматлар;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлық қаржылары;

халықаралық финанс институтлары ҳәм финанс шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Жоқары билимлендириў мәкемелерине, жоқары оқыў орнынна кейинги билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў мәкемелерине, олардың мүлк түрине ҳәм бойсыныўына қарамастан, аралықтан оқытыўды шөлкемлестириў ҳуқықы берилсин.
  2. Миллий агентлик:

а) 2018-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелеринде, жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў мәкемелеринде аралықтан турып оқытыўды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы режени;

Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав қорында (капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан көбирек муғдарда болған юридикалық шахслар, устав қоры (капиталы)ның 50 проценти ҳәм оннан көбирек муғдарда мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан көбирек болған юридикалық шахсқа тийисли юридикалық шахсларда жумыс алып баратуғын мәмлекетлик сатып алыў тараўындағы қәнигелерди мәжбүрий сертификатластырыў ҳаққындағы режени, сол қәнигелерди мәжбүрий сертификатластырыўды 2019-жыл 1-марттан әмелге асырыўды нәзерде тутқан ҳалда;

б) 2018-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте:

Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебиниң уставы, соның ишинде, оның Қәўендерлик кеңесиниң қурамын;

Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебине оқыўға қабыл етиў ҳәм оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режени;

Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебиниң профессор-оқытыўшыларының қурамын таңлап алыў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

  1. Миллий агентликке:

жойбарлаў ҳәм корпоративлик басқарыў, баҳалаў ҳәм сатып алыў жумысында, жойбарлық қаржыландырыў, стратегиялық ҳәм қаржылық менеджмент тараўындағы мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, соның ишинде, оқыў жүклемеси көлемлери, қәнигелик талапларын, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын тастыйықлаў;

Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебиниң магистратурасына оқыўға қабыл етиў квоталарын белгилеў;

Бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектебиниң магистратурасына кириў имтиханларын өткериў түрлери, пәнлер, бағдарламалар, нәтийжелерди баҳалаў критерияларының дизимин тастыйықлаў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 30-сентябрьдеги «Корпоративлик басқарыў илимий-билимлендириў орайының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2414-санлы қарарының 8-бәнтинде нәзерде тутылған жеңилликлердиң әмел етиў мүддети 2022-жыл 1-июльге шекем создырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 30-сентябрьдеги «Корпоративлик басқарыў илимий-билимлендириў орайының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2414-санлы қарарының рус тилиндеги текстинде 4-бәнттиң төртинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Предоставить директору Высшей школы бизнеса и управления право вносить, при необходимости, по согласованию с Национальным агентством проектного управления при Президенте Республики Узбекистан изменения в организационную структуру Высшей школы бизнеса и управления».

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 27-октябрьдеги «Корпоративлик басқарыў илимий-билимлендириў орайының нәтийжели жумысын тәмийинлеўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 305-санлы қарарының 1-бәнтиниң екинши-төртинши абзацлары, сондай-ақ, қарардың 1-3-қосымшалары 2018-жыл 1-ноябрьден өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Миллий агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Д.Р.Лиге ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 5-сентябрь