Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Халық билимлендириў системасын басқарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў өсип киятырған жас әўладты мәнаўий-әдеп-икрамлылық ҳәм интелектуаллық раўажландырыўды сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады, сондай-ақ, оқыў-тәрбия процесинде билимлендириўдиң инновациялық түрлерин ҳәм усылларын қолланыўға көмеклеседи.
Соның менен бирге, усы тараўдағы жумыслардың жағдайын сын көзқарастан таллаў халық билимлендириў системасын басқарыўды шөлкемлестириў, мәмлекетлик улыўма билимлендириў мәкемелериниң (кейинги орынларда улыўма билимлендириў мәкемелери деп аталады) жумысын әмелий жақтан муўапықластырыў, олардың материаллық-техникалық жағдайын жақсылаў бойынша илажларды қаржыландырыўда бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги анықланды. Атап айтқанда:
бириншиден, орынларда улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, улыўма билимлендириў мәкемелериниң басшыларын таңлаў ҳәм орын-орнына қойыў мәселелерин шешиў, уйымға қараслы шөлкемлердиң мүлкинен нәтийжели пайдаланыўда халық билимлендириўин басқарыў уйымлары ролиниң жетерли дәрежеде емеслиги;
екиншиден, улыўма билимлендириў мәкемелериниң басшыларына оларға тән болмаған ўазыйпаларды ҳәм функцияларды жүклеў, мәкеме директоры ҳәм оның орынбасарлары арасында ўәкилликлердиң анық бөлистиримегенлиги, олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың анық өлшемлери ҳәм параметрлериниң жоқ екенлиги;
үшиншиден, улыўма орта билимлендириўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәм олардың нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў бойынша терең илимий изертлеўлердиң жоқ екенлиги, оқыў-тәрбия процесин методикалық тәмийинлеў мәселелеринде халық билимлендириўи бөлимлери ҳәм улыўма билимлендириў мәкемелери арасында өз-ара бирге ислесиў дәрежесиниң төменлиги;
төртиншиден, басшылар, оқытыўшылар ҳәм улыўма билимлендириў мәкемелериниң басқа да хызметкерлериниң кәсиплик жумысына тийкарсыз түрде араласыўдан қорғаў механизмлериниң нәтийжесизлиги, қадағалаўшы ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар тәрепинен мектеплерди тексериў ҳәдден тыс көбейип кеткенлиги;
бесиншиден, билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў, муғаллимлердиң билим дәрежесин ҳәм педагогикалық шеберлигин арттырыў мәселелеринде улыўма билимлендириў мәкемелериниң жумысындағы ашық-айдынлық дәрежесиниң жетерли дәрежеде емеслиги, оқыў-тәрбия процеси үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалыўдың жоқ екенлиги;
алтыншыдан, халық билимлендириўи системасының мәкемелерин қаржыландырыў ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў механизминиң толық емеслиги, олардың жумысына заманагөй архитектуралық шешимлерди, инновациялық қолланбаларды ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў дәрежесиниң төменлиги.
Оқыў-тәрбия процесине басқарыўдың жаңа механизмлерин ҳәм сапа стандартларын енгизиў, жәмийетте муғаллим кәсибиниң абырайын арттырыў, улыўма билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық жағдайын жақсылаў арқалы халық билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:
- Төмендегилер халық билимлендириў системасын реформалаўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириўди сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў, ҳәр тәреплеме жетик болған әўладты тәрбиялаў, оқыўшылардың мәнаўий-әдеп-икрамлылық ҳәм интеллектуаллық раўажланыўын тәмийинлеў;
усы тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң (кейинги орынларда-Министрлик) муўапықластырыўшы ролин ҳәм жуўапкершилигин күшейтиў, сондай-ақ, министрликлер, уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының усы бағдардағы ўазыйпаларын, функциялары менен ўәкалликлерин анық белгилеў ҳәм тәртипке салыў;
басшы ҳәм педагог хызметкерлерди таңлаў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың алдыңғы ҳәм ашық-айдын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин енгизиў жолы менен халық билимлендириў системасында кадрлар сиясатын қәлиплестириўдиң заманагөй принциплерин енгизиў;
халық билимлендириў мәкемелерин басқарыў системасына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, ашық-айдын ҳәм нәтийжели жәмийетлик қадағалаўға ерисиў, соның ишинде, барлық мәкемелердиң телекоммуникация тармақларына жалғаныўын тәмийинлеў, барлық пайдаланыўы мүмкин болған мағлыўматлар дәрегин жаратыў, олардың жумысын баҳалаўдың электрон рейтинг системасын енгизиў;
халық билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеўди ҳәм социаллық қорғаўды жақсылаў, олардың нәтийжели ислеўи ушын мүнәсип шараятларды жаратыў;
зәрүр шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм техникалық-экономикалық шараятларды жаратыў жолы менен улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў тараўында мәмлекетлик емес хызметлерди көрсетиўге байланыслы жумыс пенен шуғылланатуғын юридикалық шахслар (кейинги орынларда-мәмлекетлик емес улыўма билимлендириў шөлкемлери) тармағын буннан былай да раўажландырыў, усы тараўға мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң ҳәр қыйлы түрлерин нәтийжели енгизиў;
халық билимлендириў системасына алдыңғы сырт ел тәжирийбесин, оқыў-тәрбия процесине заманагөй педагогикалық технологияларды, соның ишинде, билим бериўдиң инновациялық методларын енгизиў, оқыў ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлардың жаңа әўладын жаратыў, фундаменталь ҳәм әмелий илимий изертлеўлерди әмелге асырыў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
улыўма орта билимлендириў мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм мектептен тысқары билимлендириўге қойылатуғын мәмлекетлик талаплар улыўма орта билимлендириўди қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылған қаржылар есапқа алынған ҳалда Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министри тәрепинен тастыйықланады;
Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги, ўәлаятлық халық билимлендириў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық халық билимлендириў бас басқармасы басшылары, районлық (қалалық) халық билимлендириў бөлимлери, сондай-ақ, Министрликке ведомстволық бойсынатуғын басқа да шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң баслықларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен келисилместен Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министри тәрепинен әмелге асырылады;
табыслы жумыс алып барып атырған мектеплер тийкарында тармақлы мектеплерди шөлкемлестириў, усы тармаққа жүклемеси төмен коэффициентли мектеплерди киргизиў ҳаққындағы қарар Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министри тәрепинен қабыл етиледи;
2019-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен (кейинги орынларда Мәмлекетлик инспекция) районлар ҳәм қалалар кесиминде таңлаў тийкарында улыўма билимлендириў мәкемелери жумысының нәтийжелилиги бойынша рейтинги (кейинги орынларда-рейтинг) дүзиледи;
рейтинг жуўмақлары ғалаба хабар қуралларында ҳәм Мәмлекетлик инспекцияның веб-сайтында кейинги оқыў жылының басланыўынан кешиктирмей жайластырылады;
2019-жыл 1-январьдан баслап улыўма билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери болған пенсионерлерге, олардың усы мәкемелердеги жумысы тийкарғы жумыс орны есапланған жағдайда, пенсия толық муғдарда төленеди;
2019-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик улыўма билимлендириў мәкемелерине балаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив хызметлер порталы арқалы қабыл етиў тәртиби басқышпа-басқыш енгизиледи.
Министрлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте районлар ҳәм қалалар кесиминде балаларды улыўма орта билимлендириў мектеплерине қабыл етиў ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив хызметлер порталы арқалы әмелге асырылатуғын улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң дизимин қәлиплестирсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери халық билимлендириў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың инфраструктурасын раўажландырыў мәселесинде ҳәр тәреплеме жәрдемлесетуғыны, соның ишинде:
тийисли аймақта улыўма билимлендириў мәкемелерине жәрдем көрсетиўди шөлкемлестиртуғыны ҳәм муўапықластыратуғыны, соның ишинде, муғаллимлер ҳәм усы тараў хызметкерлериниң абырайын жақсылаўға ҳәм арттырыўға жәрдем беретуғыны;
халық билимлендириў мәкемелерине жәрдемлесиў мәселелери бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық бөлимлери басшыларының есабатларын белгиленген тәртипте тыңлайтуғыны;
мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлерине бериў ушын бос жер участкалары (ҳәр бир аймақта жылына 50 лотдан аз болмаған) дизимин тастыйықлайтуғыны ҳәм олардан турақлы пайдаланыў ҳуқықын «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында реализация ететуғыны;
халық билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, капитал ҳәм ағымдағы оңлаў, оларға тутас аймақларды абаданластырыў, инфраструктураны (тротуарлар, жоллар ҳәм басқалар) зәрүр жағдайда сақлаў бойынша буйыртпашы функциясын әмелге асыратуғыны;
халық билимлендириў мәкемелерин электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, зәрүр санитариялық-гигиеналық шараятлар ҳәм басқа да коммуналлық хызметлер менен үзликсиз тәмийинлейтуғыны;
районларды (қалаларды) комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшылары менен биргеликте халық билимлендириў мәкемелерин оқыў жылына ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге өз ўақтында ҳәм нәтийжели таярлаў илажларын әмелге асыратуғыны;
халық билимлендириў мәкемелериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў, соның ишинде, аймақлардың әтирапын қоршаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша инспекторларды бириктириў, видеобақлаў камералары, өртке қарсы сигнализация системаларын, кириў жолларында қағыйдабузарлықларды көрсететуғын қурылмаларды орнатыў илажларын көретуғыны;
халық билимлендириў мәкемелери аймағының ҳәм көшпес мүлкиниң пүтинлигин және қол қатылмаслығын белгиленген тәртипте тәмийинлейтуғыны;
халық билимлендириў мәкемелериндеги бар машқалаларды тез ҳәм нәтийжели шешиў бойынша басқа илажлардың көрилиўин шөлкемлестириў ушын жеке жуўап беретуғыны белгилеп қойылсын.
- Министрликтиң:
2018-жыл 1-октябрьден баслап улыўма билимлендириў мәкемелериниң қәўендерлик кеңеслерин сапластырыў;
қурамына мәкеме жумысына үлкен үлес қоса алатуғын ең белсенди ата-аналар, питкериўшилер, қәўендерлер ҳәм басқа да шахслар киргизилетуғын, юридикалық шахс статусысыз улыўма билимлендириў мәкемелериниң бақлаў кеңеслерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Төмендегилер улыўма билимлендириў мәкемеси бақлаў кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Министрлик тәрепинен усынылған талабанлардан улыўма билимлендириў мәкемеси басшысын сайлаў, сондай-ақ, белгиленген тәртипте оны ийелеп турған лаўазымынан азат етиў ҳаққында усыныслар киргизиў;
улыўма билимлендириў мәкемесин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў;
улыўма билимлендириў мәкемеси басшысының мәкемениң жумысын жетилистириў, финанс-хожалық жағдайы, дәраматлар ҳәм қәрежетлер, бюджет, бюджеттен тысқары, қәўендерлик ҳәм басқа да қаржылардан пайдаланыў бойынша көрилген илажлар ҳаққында есабатларын ўақты-ўақты менен тыңлаў;
улыўма билимлендириў мәкемеси басшысының усынысы бойынша жыллық финанслық режелерди, көрсетилип атырған төлемли хызметлер баҳасының муғдарларын ҳәм мәкеме мүлкинен пайдаланғаны ушын ижара ҳақы муғдарын, соның ишинде, аукциондағы басланғыш баҳаны көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў;
оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар үстинен системалы түрде мониторинг орнатыў; оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарының мүрәжатларын көрип шығыў, улыўма билимлендириў мәкемесиниң педагог ҳәм басшы хызметкерлериниң жумысы ҳаққында жәмийетлик сораўларды өткериў;
билимлендириў мәкемесиниң жумысын шөлкемлестириўге тийисли басқа мәселелерди шешиўде қатнасыў.
Министрлик Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен биргеликте бир ай мүддетте Улыўма билимлендириў мәкемесиниң бақлаў кеңеси ҳаққындағы режени ҳәм оның үлгидеги қурамын тастыйықласын.
- Мәмлекетлик инспекция Министрлик пенен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте:
тийисли сабақлықты оқытыў бойынша билим ҳәм көнликпе дәрежесин – педагоглардың қәнигелигин анықлаўдың тийкарғы өлшеми сыпатында белгилеп, улыўма билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларын аттестациядан өткериў тәртибин қайта көрип шықсын;
педагогикалық шеберлигин ҳәм билим дәрежесин турақлы арттырып барыўға жәрдемлесетуғын алдыңғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, халық билимлендириў системасы хызметкерлериниң билим дәрежесине байланыслы қәнигелик категорияларын ҳәм талапларын жетилистириў бойынша анық усыныслар киргизсин;
улыўма билимлендириў мәкемелериниң рейтингин дүзиў мақсетинде олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў нормалары тастыйықлансын;
оқыўшылардың билим дәрежесин баҳалаў бойынша халықаралық бағдарламаларда ҳәм изертлеўлерде (PISA, ТIMSS, PIRLS ҳәм басқалар) улыўма билимлендириў мәкемелери оқыўшыларының қатнасыўын шөлкемлестирсин.
- Министрлик, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң 2018-жыл 1-октябрьден баслап төмендеги тәртипти енгизиў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин:
халық билимлендириў мәкемелериниң көшпес мүлкин ижараға бериўден түскен қаржының 1 проценти Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитеттиң аймақлық бөлимлери жанындағы мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайларына, қалған бөлеги болса электрон саўда майданшасы операторына төленген төлем шегирилгеннен кейин – халық билимлендириў мәкемелерин раўажландырыўдың бюджеттен тысқары қорларына бағдарланады;
улыўма билимлендириў мәкемесиниң басшысына халық билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў бюджеттен тысқары қордың қаржыларын еркин пайдаланыў, соның ишинде, қор дәраматларының жәми суммасынан 10 процентин өз материаллық хошаметлеўи ушын жумсаў ҳуқықын усынған ҳалда халық билимлендириў мәкемелери ушын қор қаржыларынан тийкарғы түрде олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын пайдаланыў ҳаққындағы талап бийкар етиледи.
Министрлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда еки ай мүддетте халық билимлендириў мәкемелерин раўажландырыўдың бюджеттен тысқары қорларының қаржыларын қәлиплестириў ҳәм пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Мәмлекетлик инспекция Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте улыўма билимлендириў мәкемелериниң жумысын тексериўге ўәкилликли уйымлардың белгиленген дизимин, тексериў тайынлаў ҳәм өткериў нормалары және ҳуқықый тийкарларын нәзерде тутқан ҳалда тексериў тәртибин белгилейтуғын ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
Онда улыўма билимлендириў мәкемелериниң жумысын қадағалайтуғын уйымлар тәрепинен тексериў дәўири олардың рейтингинде ийелеп турған орнына байланыслы болатуғыны белгиленсин.
8.Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы айыпкер шахсларға қарата нызам ҳүжжетлерине муўапық қатаң жуўапкершилик шараларын қолланған ҳалда улыўма билимлендириў мәкемелериниң жумысын нызамсыз тексериўге жол қоймаў үстинен қадағалаўды күшейтсин.
Қадағалаўшы уйымлар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте улыўма билимлендириў мәкемелериниң жумысын тексериў даўамында анықланған нызам бузылыўы жағдайларын сапластырыў ҳәм келешекте жол қоймаў жумысларында ҳәр тәреплеме жәрдемлессин.
- Министрлик:
а) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириўди системалы, регионаллық ҳәм мақсетли раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын, сондай-ақ, оны әмелге асырыў бойынша «жол картасын» өз ишине алған ҳалда Халық билимлендириў системасын раўажландырыўдың узақ мүддетли концепциясын Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) Қурылыс министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте жетекши жойбарлаў институтларын тартқан ҳалда, улыўма билимлендириў мәкемелерин қурыўдың халықаралық тәжирийбесин үйренсин ҳәм 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Заманагөй мектеп» Мәмлекетлик бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын киргизсин;
экологиялық жақтан таза материаллар ҳәм энергияның альтернатив дәреклеринен пайдаланған ҳалда ислеп шығылған үлгидеги жойбарлар тийкарында заманагөй мектеплерди қурыў;
мектеплерди, соның ишинде, оқыў класларының ишин жаңа қолайлы мебельлер, заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық материаллар, компьютер ҳәм мультимедиа техникасы, видеобақлаў системалары менен тәмийинлеў;
в) үш ай мүддетте оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын оптималластырыў, инновациялық, соның ишинде, дистанциялық педагогикалық усыллардан кеңнен пайдаланыў, усы процесстиң нәтийжелилигин пүткиллей арттырыўды нәзерде тутқан ҳалда улыўма билимлендириў мәкемелериниң басшылары менен педагогикалық хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў тәртибин ҳәм системасын түп-тийкарынан қайта көрип шықсын.
- Мәмлекетлик инспекция, Қаржы министрлиги, Министрлик ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2018-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине билимлендириў сапасын тәмийинлеўде Мәмлекетлик инспекцияның ролин күшейтиў, оның шөлкемлестириўшилик-штатлық структурасын жетилистириў, хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғалыўын жақсылаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.
- Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М. Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А. Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 5-сентябрь