Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Исбилерменлик субъектлериниң жойбарларын табыслы әмелге асырыўға жәрдемлесиў, мүлк ийелериниң өзлерине тийисли бос турған өндирислик майданларынан ақылға муўапық ҳәм мақсетли пайдаланыў бойынша жуўапкершилигин күшейтиў бағдарында көрилип атырған илажлар өз нәтийжесин бергенин атап өтиў керек.
Бурынғы меншиклестирилген кәрханалар менен ислесиўде қатнас ҳәм жумыс усылының түп-тийкарынан өзгертилгени бир ярым мыңнан аслам жумыс ислемей турған ҳәм кем қуўатлы кәрханалардың жумысын тиклеў ҳәм он еки мыңнан аслам жумыс орынларын жаратыў имканиятын берди.
Соның менен бирге, аймақларда елеге шекем мәмлекетке ҳәм мәмлекеттиң үлеси болған кәрханаларға тийисли болған, сондай-ақ, ажыратылған жер участкаларына исбилерменлик субъектлери тәрепинен қурылған және бурынғы жәмийет ҳәм ширкет хожалықларын сапластырыў дәўиринде сатып алынған үлкен муғдардағы жумыс ислемей турған ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған имаратлар менен қурылысы жуўмақланбаған объектлер сақланып қалмақта.
Бул жағдай жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятының болмаўына, өндирислик қуўатлықлардың моральлық жақтан гөнериўине ҳәм физикалық жемирилиўине алып келип атырған болып, олардан ақылға муўапық пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды көриўди талап етпекте.
Ислемей ҳәм пайдаланылмай турған объектлер мүлк ийелериниң, барлық дәрежедеги басшылардың бул объектлерден пайдаланыў бойынша жуўапкершилигин күшейтиў, сондай-ақ, кәрханаларды жедел хожалық жумысына тартыў және сол тийкарда жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң бурын меншиклестирилген объектлерди хожалық жумысына жедел тартыў бойынша әмелдеги механизмди меншик ҳуқықының жүзеге келиў тийкарлары ҳәм ийеленген майдан көлемине қарамастан, барлық дәрежедеги қурылысы жуўмақланбаған объектлер, бос турған имаратлар, турақ жай емес объектлер ҳәм пайдаланылмай турған өндирислик майданларға (кейинги орынларда пайдаланылмай атырған объектлер деп аталады) салыстырмалы енгизиў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында пайдаланылмай турған объектлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша үлги қурамдағы уйымлараралық комиссиялар (кейинги орынларда уйымлараралық комиссиялар деп аталады) 1-қосымшаға муўапық;
районлар (қалалар)да пайдаланылмай турған объектлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша үлги қурамдағы жумысшы топарлар (кейинги орынларда жумысшы топарлар деп аталады) 2-қосымшаға муўапық дүзилсин.
Уйымлараралық комиссиялардың басшылары етип Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, жумысшы топарлардың басшылары етип тийисли район (қала) ҳәкимлери белгиленсин.
- Уйымлараралық комиссияларға төмендегилердиң әмелге асырылыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў жүкленсин:
турақлы мониторинг нәтийжелерине бола тийисли аймақтағы пайдаланылмай турған объектлерди анықлаў ҳәм олардың дизимлерин қәлиплестириў;
пайдаланылмай турған объектлердиң жумысын тиклеў, өндиристи шөлкемлестириў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша «жол карталары» ҳәм инвестициялық жойбарларды мүлк ийелери менен ислеп шығыў, сондай-ақ, оларды тастыйықлаў;
пайдаланылмай турған объектлердиң жумысын тиклеў бойынша усыныслар бермеген ямаса тастыйықланған «жол карталары»ның орынланыўын тәмийинлемей атырған мүлк ийелерине нызамшылықта нәзерде тутылған тәсир етиў илажларын қолланыў ҳаққында жуўмақлар шығарыў;
мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырып барыў ҳәм жумысшы топарлар басшыларының есабатларын турақлы түрде тыңлаў;
исбилерменлик субъектлери тәрепинен инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын рухсат бериў түриндеги ҳүжжетлер ҳәм коммерциялық банклердиң кредитлерин алыўға жәрдемлесиў.
- 2018-жылдың 15-сентябринен баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) мәмлекетлик мүлк болған пайдаланылмай турған объектлер орнатылған тәртипте сатылады, мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарында, соның ишинде, ижараға бериледи;
б) пайдаланылмай турған объектлердиң меншик ийелери – юридикалық шахсларға төмендеги тәсир шаралары қолланылады:
жеңиллетилген салыққа тартыў тәртибинен салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди улыўма белгиленген тәртипте төлеўге өткериў;
мүлк ҳәм жер салықларын еки есе муғдарында төлеў, 6 ай өткеннен соң – 5 есе, 12 ай өткеннен соң ҳәм кейин ала – орнатылған ставкаға салыстырғанда он есе муғдарда төлемге өткериў;
нызамшылыққа муўапық берилген салық жеңилликлери ҳәм преференциялардиң әмел етиўин тоқтатыў.
- Усы қарардың 4-бәнти «б» киши бәнтинде көрсетилген тәсир етиў шаралары уйымлараралық комиссияның жуўмағына тийкарланып мүлк ийесиниң уйымлараралық комиссияның жуўмағы менен танысқанынан кейинги айдан баслап қолланылатуғыны;
уйымлараралық комиссияның тәсир етиў шараларын қолланыў ҳаққындағы жуўмақты шығарыў ушын мүлк ийеси тәрепинен пайдаланылмай турған объекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар берилмеген ямаса пайдаланылмай турған объекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша тастыйықланған «жол картасы»ның орынланбағаны тийкар болатуғыны;
уйымлараралық комиссияның қарары комиссия ағзаларының көпшилик даўысы менен қабыл етилетуғыны, онда уйымлараралық комиссия мәжилисинде оның ағзаларының кеминде үштен еки бөлеги қатнасыўы шәрт екени;
пайдаланылмай турған объектлердиң мүлк ийелери Өзбекстан Республикасы меншиклестирилген кәрханаларға көлмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети аймақлық уйымларының тийисли сораўнамасы келип түскеннен соң еки ай мүддетте пайдаланылмай турған объекттен нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, өндирислик ямаса хызмет көрсетиў объектин қурыў, объектти анық ижарашыларға бериў, белгили бир инвесторлар (шериклер)ды тартыў бойынша илажларды, сондай-ақ, пайдаланылмай турған объекттиң жумысын тиклеўдиң анық мүддетлерин ҳәм қаржыландырыў дәреклерин нәзерде тутатуғын усынысларды бериўи шәрт екени;
пайдаланылмай турған объекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар жоқары туратуғын шөлкем (бар болған жағдайда) менен келисилген «жол картасы» көринисинде усынылатуғыны;
пайдаланылмай турған объекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша «жол картасы» уйымлараралық комиссия ҳәм баланста сақлаўшының жоқары туратуғын шөлкеми (бар болған жағдайда) тәрепинен ашық додалаў жолы менен, сондай-ақ, мүлк ийеси, баланста сақлаўшылардың (олардың ўәкиллери) усынысларын есапқа ала отырып ҳәм олардың қатнасыўында тастыйықланатуғыны;
усы қарардың 4-бәнти «б» киши бәнтинде нәзерде тутылған, арттырылған ставкалар бойынша салықлар уйымлараралық комиссияның қарарына тийкарланып өндирислик майданлар ҳәм жер участкаларының товарлар (ислер, хызметлер) ислеп шығарыўға тартылмаған бөлегине қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Пайдаланылмай турған объектлерди хожалық жумысына тартыў схемалары 3-4-қосымшаларға муўапық мақуллансын.
- Усы қарардың 4-бәнти «б» киши бәнтинде көрсетилген тәсир етиў илажлары төмендеги мүлк ийелерине қолланылмайтуғыны белгиленсин:
нызам ҳүжжетлери менен исбилерменлик субъектлерине рухсат бериўши түриндеги ҳүжжетлерди бериў ўазыйпасы жүкленген мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң айыбы менен инвестициялық жойбарды әмелге асыра алмаған мүлк ийелерине;
пайдаланылмай турған объекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша «жол картасы»н (инвестициялық жойбарды) усынған ҳәм әмелге асырыўды баслағанларға – уйымлараралық комиссияның мүлк ийеси (оның келисими болған жағдайда басқа инта көрсетиўшилер, соның ишинде, ижараға алыўшылар) тәрепинен «жол картасы» (инвестициялық жойбар) усынылған, сондай-ақ, оның әмелге асырылыўы ҳаққындағы жуўмағының сәнесинен кейинги календарь шерекликтен баслап.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине уйымлараралық комиссияның жуўмағы белгиленген тәртипте жеткерилгенинен кейинги айдың 10-сәнесине шекем пайдаланылмай турған объектлердиң мүлк ийелери – салық төлеўшилер тәрепинен тийисли түрдеги салық есап-санақлары усынылмаған жағдайда уйымлараралық комиссияның жуўмағы тийкарында мүлк ҳәм жер салықларын арттырылған ставкалар бойынша есаплаў ҳәм есапланған суммаларды олардың жеке карточкаларына киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Төмендегилерге:
уйымлараралық комиссиялардың басшыларына – өз жумысында қалыслық ҳәм ашық-айдынлық принциплерине әмел етип пайдаланылмай турған объектлерди тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигине айрықша итибар қаратқан ҳалда комиссияға жүкленген ўазыйпа ҳәм функциялардың сөзсиз ҳәм сапалы орынланыўы ушын;
районлар (қалалар) секторлары басшыларына – пайдаланылмай турған объектлер тийкарында инвестициялық жойбарларды әмелге асыратуғын мүлк ийелерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға көмеклесиў, сондай-ақ, оларда жүзеге келетуғын машқалалы мәселелерди шешиў ушын;
Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине уйымлараралық комиссияның жумысшы уйымы функцияларын орынлаў ушын;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине – уйымлараралық комиссияның жуўмағы шығарылған мүлк ийелерине усы қарарда нәзерде тутылған тәсир шараларының өз ўақтында ҳәм сөзсиз қолланылыўы ушын;
уйымлараралық комиссиялар ҳәм жумысшы топарлардың ағзаларына – өзлери ўәкил болған мәмлекетлик басқарыў уйымы ҳәм шөлкемлериниң жуўап беретуғын тараўлары бойынша жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги еки ай мүддетте өзлерине тийисли болған пайдаланылмай турған объектлерди сын көз-қарастан талласын ҳәм таллаў жуўмақлары бойынша объектлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша анық илажлардан ибарат болған «жол карталары» ямаса оларды районлар (қалалар) ҳәкимликлерине бериў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик салық комитети бир ай мүддетте пайдаланылмай турған объектлер бойынша мағлыўматлар базасын қәлиплестириўди ҳәм электрон мағлыўмат алмасыўды, сондай-ақ, олардың мүлк ийелерине тәсир етиў шаралары қолланылыўын тәмиийнлесин.
- Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте жумысшы топарлардың тийисли мүрәжатынан соң бир ай даўамында пайдаланылмай турған объектлер бойынша кадастр ҳүжжетлериниң рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- 13. Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси кең сәўлелендерилиўин және халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеткериўди тәмийинлесин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәр шеректе усы қарардың орынланыўы бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелери ҳәм нәтийжелилиги ҳаққында Министрлер Кабинетине мағлыўмат киргизсин.
- 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- 16. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 4-сентябрь