Азия раўажланыў банки Әзербайжан, Қырғызстан ҳәм Аўғанстанда қуяш энергетикасын раўажландырыўдың техникалық тәмийнаты жойбары ушын 3 миллион доллар қаржы ажыратты, деп хабар бермекте «Trend az» агентлиги.

«Жүзиўши қуяш энергиясын раўажландырыў» жойбары усы жыл 17 август күни банк басшылығы тәрепинен тастыйықланған. Жойбардың орынланыўы 3 мәмлекетте суўда ҳәрекетленетуғын қуяш электростанцияларын шөлкемлестириў арқалы халықаралық көлемде энергия дәреклериниң жетиспеўшилигин жеңиллестириў, энергетика қәўипсизлигин арттырыў арқалы және қоршаған орталыққа шығатуғын зыянлы шығындыларды азайтыўға қаратылған.

Банк рәсмийлериниң мағлыўматына қарағанда, бул региондағы бар шараят жойбарды әмелге асырыўға тийкар жаратпақта. Электростанцияларды қурыў ушын суў дәреклери ҳәм қуяштан кеңнен пайдаланыўға туўра келеди. Жойбардың әмелге асырылыўы, өз гезегинде, аймақлар инфраструктурасын жақсылаўға алып келеди.

Зуҳра Мирзабоева,

ӨзА