30-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды кешириў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамы алдынан халқымызға тән мийрим-шәпәәт, адамгершилик, кеңпейиллик, кеширимлилик сыяқлы жақсы пазыйлетлерди және де жүзеге шығарыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине муўапық, Пәрман менен қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 261  пуқара әпиў етилди.

Пәрманға муўапық, 215 шахс жазаны өтиў мәкемелеринен азат етилип, шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарылады, сондай-ақ, 46 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.

Кеширим берилгенлердиң 5 еўин 60 жастан асқан шахслар, 135 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысына қатнасқан шахслар қурайды.

Пәрманға муўапық, әпиў етилген шахслардың жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орнын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер менен уйымларға тапсырмалар берилди.

ӨзА