Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өткен жыллар даўамында елимизде мәденият ҳәм көркем өнерди қоллап-қуўатлаў, миллий-мәдений ҳәм руўхый мийрасты сақлаў және көбейтиў, халқымызды миллий ҳәм дүнья мәдениятының ең жақсы үлгилери менен таныстырыў, материаллық-техникалық базаны жақсылаў ҳәм халықаралық мәдений байланысларды беккемлеў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, бул тараўда мәденият ҳәм көркем өнерди буннан былай да раўажландырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бар. Соның ишинде:
бириншиден, меценатлар ҳәм қәўендерлердиң жәрдемин тартыўды хошаметлейтуғын нәтийжели ҳуқықый механизмлердиң жоқ екени республикамыздағы мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң жумысын, бәринен бурын, альтернатив дәреклердиң есабынан мүнәсип тәризде қаржыландырыўды тәмийинлеў имканиятын бермей атыр, бул болса бюджет қаржыларына ҳәдден тыс бойсыныўды келтирип шығармақта;
екиншиден, хызметкерлердиң кәсипке таярлық дәрежеси және мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы заман талапларына ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес келмейди, бул болса, олардың жергиликли келиўшилер ҳәм туристлер ушын тартымлылығын төменлетпекте;
үшиншиден, жергиликли мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң дүнья мәдений мәканына пуқта интеграцияласпағаны елимиздиң унамлы келбетин қәлиплестириўде ҳәм регионның мәдений орайы сыпатындағы статусын беккемлеўде қолда бар бай мәдений-тарийхый мийрастан және мәденият ҳәм көркем өнердиң заманагөй бағдарларынан толық пайдаланыў имканиятын бермей атыр;
төртиншиден, мәдений мийрас объектлери, республиканың музей, архив, китапхана ҳәм басқа да қорларының пүтинлигин тәмийинлеўге зәрүр дәрежеде итибар қаратылмай атыр, бул болса елимиздиң мәдений-тарийхый мийрасын сақлаўға ҳәм ғалаба ен жайдырыўға комплексли қатнас жасаў имканиятын бермей атыр.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын инновациялық раўажландырыўды тәмийинлеў, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў, халықтың оларға болған қызығыўшылығын хошаметлеў, елимиздиң дүнья мәдений мәканына интеграцияласыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда Қор деп аталады), Финанс министрлиги ҳәм Инновациялық раўажландырыў министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын Музейлер реновация бағдарламасын (кейинги орынларда Реновация бағдарламасы) эксперимент тәризинде әмелге асырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
музейлер бюджетиниң кеминде 30 процентин исбилерменлик жумысынан түсетуғын қаржылардың есабынан, соның ишинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында исбилерменлик субъектлерин тартыў арқалы, сондай-ақ, музейлер бюджетиниң кеминде 15 процентин қайырқомлық қаржылары есабынан қаржыландырыўға басқышпа-басқыш өтиўди нәзерде тутатуғын өзин-өзи тәмийинлеў принципине тийкарланған музейлерди қаржыландырыў моделин енгизиў;
музейлердиң инфраструктурасын халықаралық стандартларға муўапық жетилистириў арқалы көрсетилетуғын хызметлердиң интерактивлигин арттырыў, соның ишинде«smart»-технологияларды (мәлимлеме дүканшалары, 3D визуализация ҳәм голограмма, 14-кодлар, шет тиллердеги электрон гидлер ҳәм басқаларды) енгизиў;
халыққа, бәринен бурын, жас әўладқа мөлшерленген, Интернет тармағынан пайдаланған ҳалда, музейлердиң жумысына инновациялық информация технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм музей экспонатларының цифрлы түрлерин жаратыў арқалы музей экспонатларын көриў имканиятын беретуғын инфраструктураны жаратыў;
көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын арттырыў ушын музейлердиң админстративлик структурасын жетилистириў;
хызметкерлерди, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин ең жақсы жер жүзилик әмелиятларға муўапық музейлердиң басшы лаўазымларына ашық таңлаў тийкарында тартыў әмелиятын енгизиў;
елимиздиң мәдений-тарийхый мийрасын ғалаба ен жайдырыў ҳәм танытыў мақсетинде музейлердиң социаллық орталыққа толық интеграцияласыўын тәмийинлеў;
музейлерде имканияты шекленген шахслар, кексе жастағы келиўшилер, мектепке шекемги жастағы балалар ҳәм оларға жолдаслық етип атырған шахсларға хызмет көрсетиў және қолайлылық жаратыўдың инклюзив методларынан кеңнен пайдаланыў;
музейлерде академиялық изертлеўлерди, соның ишинде, Қордың қаржылары есабынан грантлар ажыратыў арқалы жергиликли ҳәм сырт елли изертлеўшилерин тартқан ҳалда раўажландырыў.
Реновация бағдарламасы Өзбекстан әмелий көркем өнер музейинде (Ташкент қаласы), И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик көркем өнер музейинде (Нөкис қаласы) ҳәм Айбектиң үй-музейинде (Ташкент қаласы) әмелге асырылатуғыны;
Реновация бағдарламасы Қор, жергиликли және сырт ел донорлары ҳәм меценатлардың қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Қордың Атқарыўшы директорына Реновация бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2018-2020-жылларда Өзбекстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын инновациялық раўажландырыў «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол қартасы») қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
республикада мәденият ҳәм көркем өнерди қоллап-қуўатлаў және раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын жетилистириў;
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапа дәрежесин арттырыў;
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў.
Министрлик ҳәм уйымлардың басшылары «Жол катрасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
- Реновация бағдарламасын, «Жол картасы»н және республиканың мәденият ҳәм көркем өнер тараўын инновациялық раўажландырыўға қаратылған басқа да илажларды қаржыландырыўдың қосымша дәреклерин жаратыў мақсетинде Қорға лотореялар шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳуқықы берилсин.
Лотореялар шөлкемлестириў ҳәм өткериўден түсетуғын дәраматлар Қордың ықтиярында қалатуғыны ҳәм олардан усы бәнттиң биринши абзацында көрсетилген мақсетлер ушын пайдаланылатуғыны;
лоторея билетлерин тарқатыў ҳәм олар бойынша утысларды төлеў Қор менен дүзилген агентлик келисимлери тийкарында «Өзбекстан почтасы» АЖ ҳәм акционерлик коммерциялық Халық банки тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
лоторея билетлериниң рекламасы социаллық реклама мәлимлемеси есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қор Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги менен биргеликте Қордың қәрежетлер сметасына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин, онда лоторея шөлкемлестириў ҳәм өткериў, соның ишинде, зәрүр тираж үскенесин сатып алыў ҳәм лотореяларды шөлкемлестириўшилерге нызам ҳүжжетлерине муўапық қойылатуғын лизенция талапларын ҳәм шәртлерин қанаатландырыў ушын зәрүр болған қаржылар нәзерде тутылсын.
- Лоторея шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын технологиялар ҳәм әсбап-үскенелерди белгиленген тәртипте дүзилетуғын дизим бойынша алып кириўде Қор 2021-жыл 1-сентябрьге шекем бажыхана төлемлерин төлеўден азат етилсин (буған бажыхана рәсмийлестириўи ушын төлемлер кирмейди).
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Қор ҳәм басқа да мәпдар уйымлар, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жетекши халықаралық шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте «Меценатлық жумысы ҳәм мәдений қәўендерлик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының жойбарын ислеп шықсын ҳәм киргизсин. Нызам жойбарында басқалар қатарында төмендегилер нәзерде тутылсын:
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине, соның ишинде физикалық шахсларға жәрдем көрсететуғын меценатлар ҳәм қәўендерлерге салық жеңилликлерин (шегирмелер) бериў ушын ҳуқықый тийкарлар жаратыў;
салық жеңилликлери (шегирмелер) алыў ҳуқықын сақлап қалған ҳалда мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин қоллап-қуўатлаў түрлерин ҳәм усылларын кеңейтиў (белгили бир жумысларды атқарыў, хызметлер көрсетиў, мүлк ҳуқықын бериў ҳәм тағы басқа);
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың заманагөй усылларын енгизиў;
меценатлық ҳәм қәўендерлик жәрдемин алып атырғанлардың есап бериў системасын, сондай-ақ, олардан мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаўды жетилистириў.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Қор, Финанс министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарардың жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелеринде блокчейн технологиясынан пайдалана отырып, Билет операцияларының бирден-бир электрон системасын (кейинги орынларда – БОБЭС) енгизиў ҳәм оның ислеў тәртибин белгилеў;
БОБЭС ке жалғанған республикамыздағы мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери тәрепинен билетлерди сатыў, есапқа алыў ҳәм тастыйықлаў автомат системаларынан мәжбүрий пайдаланыў;
электрон билетлерди билет аппаратлары ҳәм автоном баспа үскенелерден пайдаланып, электрон билетлерди, соның ишинде, билет тарқататуғын юридикалық шахслар тәрепинен дәлдалшылық шәртнамалары тийкарында еркин айланысқа шығарыў ҳәм реализациялаў ушын ҳуқықый тийкарлар жаратыў;
электрон билетлер реквизитлерине, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң электрон билетлерди айланысқа шығарыў, есапқа алыў ҳәм тастыйықлаў ушын пайдаланатуғын материаллық-техникалық базасына ең аз талапларды енгизиў;
БОБЭС шеңберинде билетлерди реализациялаў бойынша операцияларды қорғаўға, билетлерди кейин ала қымбат баҳада қайта сатыў ушын бирден сатып алыныўына жол қоймаўға байланыслы илажларға ең аз талапларды енгизиў;
БОБЭС шеңберинде билетлерди сатыўдан түскен түсимнен БОБЭСти сақлаў, сондай-ақ, Реновация бағдарламасында ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын Қорға жиберилетуғын жыйым енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 26-август